Усы жылдың 10-17-март күнлери аралығында футбол бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының кубоги ушын жарыс болып өтти.

Наўрыз байрамына бғышланып өткерилген жарыста республикамыздың қала ҳәм районларынан 10 команда қатнасты.

Финалда Балалар ҳәм жас өспиримлер футбол академиясының командасы үстинен 5Ү1 есабында жеңиске ерискен «Арал» профессионал футбол клубы командасы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының кубоги жеңимпазы болды.

Жарыс жеңимпазларына кубок ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды. Бозатаў ҳәм Шоманай районларының командалары белсене қатнасқаны ушын номинациясы менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.