Кеше Түркияда футбол бойынша Европа Лигасыныӊ 1/8 финал басқышыныӊ жуўап ушырасыўы болып өтти.
Онда Испанияныӊ «Барселона»сы жергиликли «Галатасарай» мийманы болды. Ушырасыўдыӊ 27-минутында Маркао Тейшейра мүйештен узатылған топты Түркия клубы дәрўазасына жоллап, есапты ашқан болса, арадан 10 минут өтер-өтпес Педри ортадағы есапты теӊлестириўге еристи.
Екинши таймныӊ 49-минутында болса «Барселона»ныӊ жаӊа ҳүжимшиси Пьер-Эмерик Обамеянг ойындағы жеӊис тобын түрклер дәрўазасына жоллап, өз командасын шерек финалға алып шықты.
Еслетип өтемиз, буннан алдын Каталонияда болған ойын 0:0 есабы менен жуўмақланған еди. Сондай-ақ, Лига кубогиниӊ бул басқышында Италияныӊ «Аталанта», Шотландияныӊ «Рейнжерс», Португалияныӊ «Брага» клублары еки ойын жуўмағына бола шерек финал жолламасын қолға киргизди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.