Кеше футбол бойынша Азия Чемпионлар Лигасыныӊ топар басқышына өтиў ушын плей-офф ушырасыўында Қаршыныӊ  «Насаф» клубы Абу Дабиге сапар етип, ол жерде «Банияс»қа қарсы ойынға түсти.

Ойынныӊ  27-минутында Шерзод Насруллаев есапты ашқан болса, 75-минутта  Ҳусайн Норчаев «Насаф»тыӊ екинши голын урып, өз командасын Чемпионлар Лигасыныӊ топар басқышына алып шықты.

«Е» топарынан орын алған Қаршы клубы «Ас-Садд» (Қатар), «Ал-Файсали» (Саудия Арабстаны) ҳәм «Ал-Виҳдат» (Иордания) командалары менен 7-27-апрель күнлери өз-ара күш сынасады.

«Насаф»тыӊ «Банияс» үстинен жеӊиске ерисиўи «Сўғдиёна»ға АФК кубогиниӊ топар басқышында ойнаў имканиятын берди.

Онда жиззақлылар «E» топарында Түркменстанныӊ «Алтын Аср», Тәжикистанныӊ «ЦСКА» ҳәм Қырғыз Республикасыныӊ  «Нефтчи» клублары  менен өз-ара гүрес алып барады. Бул топардағы ойынлар  24—30 июнь күнлери аралығында Тәжикстанда болып өтеди.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы