Бүгин, 19-февраль күни республикамыз бойлап қоршаған орталықты абаданластырыў, көклемзарластырыў, экологиялық жағдайды жақсылаў мақсетинде «Жасыл мәкан» акциясы өткерилмекте.

Акция шеңберинде Нөкис қаласы «Жийдели Байсын» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы таярланған 3,2 гектарлық майданға ҳәр қыйлы мийўели ҳәм декоратив терек нәллери отырғызылды.

Акцияға барлық мәкеме, шөлкемлерден, мәкан пуқаралар жыйынларынан келген адамлар менен бирге көпшилик жаслар белсене қатнасып, ана тәбиятымызды қорғаў, жасап турған аймағымызды абаданластырыўдай ийгиликли жумысларға өз үлеслерин қосты.

Акцияға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасып, илажда белсендилик көрсетип атырған барлық қатнасыўшыларға миннетдаршылық билдирди.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, быйыл республикамызда «Жасыл мәкан» акциясы шеңберинде 8 миллионнан аслам терек нәллери егилиўи жобаластырылған.

Акция шеңберинде барлық аймақларда абаданластырыў жумыслары даўам етпекте.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген фотолары.