Елимизде жас әўлад тәрбиясы ҳәм олардыӊ ҳәр тәреплеме жетик кадрлар болып жетилисиўине мәмлекетлик дәрежеде итибар қаратылмақта.

Әсиресе,  усы жылдыӊ 19-январындағы «Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы  Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары жаслар менен ислесиўдиң жаңаша басқарыў механизмлерин енгизиў, олар менен ислесиўдиң вертикал системасын жаратыў, жаслардың машқалаларын тиккелей мәҳәллелерде шешиў, билимлендириў мәкемелеринде руўхый-ағартыўшылық ҳәм тәрбиялық жумыслардың нәтийжелилигин және де арттырыўда оғада әҳмийетли ҳүжжет болып хызмет етпекте.

Атап айтқанда, Президентимиздиӊ усы қарары тийкарында республикамыздағы  ҳәр бир мәҳәлледе  жаслар жетекшиси лаўазымы енгизилип, оған өз аймақларында  «Жаслар  балансы»н қәлиплестириў, жаслар ҳаққындағы зәрүр мағлыўматларды «Жаслар дәптери» ҳәм «Жаслар порталы» электрон платформаларына киргизип барыў, олар менен нәтийжели жумыс шөлкемлестириў, мәҳәллелерде жаслардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў, миллий халық ойынларын ҳәм спорт түрлерин жаслар арасында оптималластырыў жолға қойылмақта. Бес тийкарғы  баслама жойбарлары, жаслар фестивальлары ҳәм басқа да мәдений-ағартыўшылық илажларды әмелге асырыў, жаслардың жәмийетлик белсендилигин арттырыў, таланты ҳәм басламаларын хошаметлеў ҳәм турмыста өз орнын табыўына жәрдем бериў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў және олардың интеллектуаллық жақтан кәмалға келиўин ҳәм мәнаўий раўажланыўын тәмийинлеў сыяқлы көплеген ўазыйпалар жүкленди. Соныӊ ишинде ҳуқықбузарлыққа қол урыўға итималлығы болған жаслар менен системалы ислесиў,  жазаны өтеў мәкемелеринен азат етилген, қәнигелестирилген оқыў-тәрбия мәкемелеринен қайтып келген жаслардың социаллық-педагогикалық реабилитацияланыўына ҳәм бейимлесиўине жәрдемлесиў де қамтып алынған.

Усы қарардыӊ орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, 9-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги, Миллий гвардия, Жаслар ислери агентлиги ҳәм Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеӊесиниӊ шөлкемлестириўи менен Мойнақ районындағы «Ақ кеме» балалар дем алыў орайында бүгинги күни Ишки ислер бөлимлеринде профилактикалық есапта турған жаслар ушын оқыў ҳәптелиги ашылды.

Оныӊ ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирханов, Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министри орынбасары Ҳ.Қаршиев, Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы сәркардасы орынбасары С.Мамаюсупов, Өзбекстан Жаслар аўқамы Орайлық Кеӊеси баслығыныӊ орынбасары Ш.Олимовлар шығып сөйлеп, бул орайда жаслар жети күн даўамында тийисли уйымлардыӊ тәжирийбели хызметкерлери тәрепинен психологиялық тренинглер өткерилиўи менен бирге, спорт жарыслары ҳәм ҳәр қыйлы таӊлаўлар шөлкемлестирилетуғынлығын айтып өтип, оларды бул илажларға белсене қатнасыўға шақырды.

Сондай-ақ, илажда  Өзбекстан Республикасы Ишки министрлиги жанындағы Қарақалпақ академиялық лицейи ҳәм «Темурбеклер мектеби» тәрбияланыўшылары, Миллий гвардия хызметкерлериниӊ қатнасында әскерий көргизбели спорт шынығыўлары көрсетилип, бул жыйналғанларда айрықша тәсир қалдырды. Ал, Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлигиниӊ әскерий хор оркестри ҳәм Мойнақ районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған йошлы қосық ҳәм намалар жаслардыӊ кеўиллерин көтерип, оларға руўхый күш бағышлады.

Соӊынан илаж қатнасыўшылары дем алыў орайында жаслар ушын жаратылған шараятлар менен танысып, исленген жумыслар бойынша өзлериниӊ пикир-усынысларын билдирди.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы