Ендигиден былай, МИБ уйымларына усыныс етилип атырғанда, орынлаў ҳүжжетлерине қосымша етилиўи керек болған ҳүжжетлерге Өзбекстан Республикасының 28.08.2024- жылдағы «Орынлаў жумысын жүргизиў жəне де жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымша ҳəм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы ӨРН-947-санлы Нызамы менен қосымша ҳəм өзгерислер киргизилди.
Соның ишинде, Өзбекстан Республикасының «Суд ҳүжжетлери ҳəм басқа уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында»ғы Нызамның 8-3-статьясы биринши бөлими төмендеги мазмундағы 2-1-бəнти менен толықтырылды ҳəм оған бола, пайдаланылған электр энергиясы яки тəбийғый газ ушын мəжбүрий төлемлерди өндириў ҳаққындағы арза ўәкилликли уйымға яки лаўазымлы шахсқа берилгенге шекем қарыздар физикалық тәреп энергия ресурслары тармақларынан үзилгенлигин тастыйықлайтуғын ҳүжжетлер усыныс етилиўи керек болады.
Сондай-ақ, Пуқаралық процессуал кодексиниң 173-статьясы (Суд буйрығын бериў ҳаққындағы арзаға қосымша етилетуғын ҳүжжетлер) төмендеги мазмундағы бөлим менен толықтырылды:
Пайданылған энергия ресурслары ҳәм ишимлик суўы ушын мәжбүрий төлемлерди өндириў ҳаққындағы арза ўәкилликли уйымға яки лаўазымлы шахсқа берилгенге шекем қарыздар юридикалық тәреп (буған нызамшылыққа бола, тармақлардан үзилиўине жол қойылмайтуғын пайдаланыўшылардан кирмейди) энергия ресурслары тармақларынан ҳәм суў тәмийнатынан үзилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер талап етиледи.
Буннан тысқары, нызам менен, қарыздар физикалық тәреплерден почта қәрежетлерин өндириў ҳаққындағы суд ҳүжжетлерине байланыслы орынлаў жумысын жүргизиўдиң әпиўайыластырылған тәртиби қолланылмақта,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайтында.
Қарақалпақстан хабар агентлиги