Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикери Нуриддин Исмойловтың Қытай Коммунистлик партиясы Орайлық Комитети Сиясий бюросы ағзасы, Тяньзин қалалық Қытай Коммунистлик партиясы комитети хаткери Чэн Миньэр басшылығындағы делегация ағзалары менен ушырасыўы болып өтти.
Сөйлесиўде делегация ағзаларына жаңа редакциядағы Конституция нормаларын әмелге асырыў бағдарындағы ис-ҳәрекетлер ҳәм Нызамшылық палатасы жумысының тийкарғы бағдарлары ҳаққында толық мағлыўматлар берилди.
Өз гезегинде, Чэн Миньэр Өзбекстан ҳәм Қытай өз-ара дослық ҳәм жақсы қоңсышылық тийкарында қурылған стратегиялық бирге ислесиўшилер екенин атап өтип, Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында барлық тараўларда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар үлкен нәтийжелер берилип атырғанын жоқары баҳалады. Сондай-ақ, аймақлар арасындағы байланысларды және де раўажландырыў ҳәр тәреплеме пайдалы екенин атап өтти.
Ушырасыўда еки мәмлекет басшылары арасындағы жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер себепли Өзбекстан- Қытай бирге ислесиў қатнасықлары ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгени, быйылғы жылдың январь айында Пекинде ҳәм июль айында Астана қаласында мәмлекет жетекшилери тәрепинен өткерилген сөйлесиўлерде Қытай – Өзбекстан бирге ислесиўи бойынша көплеген әҳмийетли келисимлерге ерисилгени, еки тәреплеме қатнасықларды раўажландырыўдың жаңа бағдарлары белгилеп алынғаны атап өтилди.
Усы күнниң өзинде Қытай делегациясы ағзалары Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы сиясий партиялар фракциялары басшылары менен де ушырасты.
Чэн Миньэрдиң атап өтиўинше, ҳәзирги күнде еки мәмлекет ҳүкиметлери, парламентлери, аймақлары арасындағы байланыслар жедел раўажланып бармақта.
Мийман, Қытай Коммунистлик партиясы дүньяның 130 дан аслам мәмлекетлериниң 170 тен аслам сиясий партиялары, соның ишинде, Өзбекстанның 5 сиясий партиясы менен байланысларды тығыз орнатқанын, келешекте бул байланысларды және де жақсылаўдан мәпдар екенин атап өтти.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер Қытай Коммунистлик партиясы ҳәм Өзбекстанда жумыс алып барып атырған сиясий партиялар менен байланысларды және де жеделлестириўге келисип алды.
М.Комилова, ӨзА