Интернетте «Өзгидромет»тиң мағлыўатларына тийкарланып, 2729-январь күнлери Өзбекистан аймағына Арқа Қазақстан арқалы Батыс Сибирьдеги суўық ҳаўа ағымы киятырғаны, елимизде аномал суўық температураның төменлеўи күтилип атырғаны жазылған.

Елимизде болып өтетуғын қатты суўық халықтың тәбийғый газден көп пайдаланыўына себеп болады. Нәтийжеде газ басымның азайыўы, өрт қәўипиниң артыўы, автотранспорт қураллары жанылғыларының қатып қалыўы, көликлердиң кеш, кем ҳәм қыйын ҳәрекетлениўи, электр энергиясы линияларының үзилиўи, суў трубаларының қатып қалыўы сыяқлы жағдайлар ушырасады. Көшеде узақ жүрген адамлардың, әсиресе балаларымыздың денсаўлығына суўық кери тәсир етиўи мүмкин.

Қарақалпақстан гидрометеорология бас басқарамасының мағлыўматына қарағанда, 28-30-январь аралығында Үстиртте күндиз – 8-13, түнде – 19-24,  арқа районларда күндиз – 5-10, түнде – 13-18, қубла районларда күндиз – 4-9, түнде – 11-16 дәреже суўық болыўы күтилмекте.

Бир қатар шөлкемлер менен биргеликте өрт қәўипсизлиги басқармасының хызметкерлери орынларда қәўипизлик илажларын көриў бойынша халыққа үгит-нәсиятлаў ҳәм түсиник жумысларын алып бармақта.

– Пуқараларымызға барлық ўақытта сергек болыўын уқтырыўға ҳәрекет етемиз, соның ишинде қыс айларында қәўипсизлик илажларына айрықша әҳмийет бериўи лазым, – дейди ҚРИИМ өрт қәўипсизлиги басқармасының аға инспекторы Жаңаберген Пиржанов. – Әсиресе, жай жылып турсын деп, жылытыў үскенесин жағып кетиў ҳәм қараўсыз қалдырмаў, электр ток сымларын жалғағанда электр қурылма қағыйдаларына муўапық әмелге асырыў, жылытыў үскенелеринен надурыс пайдаланыў ҳәм инсан өмири ушын қәўипи бәлент усылларды қолланбаў илажларын көриўин айтып атырмыз.

Еслетип өтемиз, бундай қысқа мүддетли суўық өткен жылы декабрь айының екинши ярымында болған еди.

  Қарақалпақстан хабар агентлиги