Өзбекстан-Қазақстан: Мийнет миграциясы тараўында сөйлести

Өзбекстан елшиси Қазақстан мийнет министри менен мийнет миграциясы тараўындағы еки тәреплеме бирге ислесиў мәселелерин додалады, деп хабар беремекте «Дунё» МА.
Ушырасыўда мийнет миграциясы тараўындағы еки тәреплеме бирге ислесиў мәселелери додаланды.
Министр мийнет миграциясы тараўындағы соңғы нызамшылық өзгерислер ҳаққында мағлыўмат берип, мийнет мигрантлары ушын рухсат алыў процесслери, жумыс бериўшилер ушын сырт елде потенциалы жоқары жумысшыларды излеў имканиятлары ҳәм тәреплер арасында мийнет шәртнамасын дүзиў бойынша және де әпиўайыластырылғанына итибар қаратты.
Сәўбет даўамында Өзбекстан Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги басшылығы менен январь айында видеоконференция тәризинде сөйлесиўлер шөлкемлестириўге келисип алынды. Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасында мийнет миграциясы бойынша биринши жумысшы топар мәжилисин өткериў, және февраль айында Өзбекстанның тийисли министрликлери менен уйымлары делегациясының Қазақстанға сапарын шөлкемлестириў додаланғаны атап өтиледи, делинеди хабарда.
Сондай-ақ, хабарда жеке меншик тасыў тараўында бәнт болған Өзбекстан пуқаралары ушын ҳуқықый шараятлар ҳәм социаллық кепилликлерин жаратыў бойынша келисимге ерисилгени атап өтилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги