Қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етпеў кеўилсиз жағдайларға себепши болады

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлиминиң баслығы Б.Матмуратов қыс мәўсимин шығынсыз өткериў бойынша Қоңырат районында дүзилген штаб ағзалары ҳәм мәҳәлле белсендилери менен ушырасты.
Тийисли уйымлар, бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте өткерилген ушырасыўда айрықша жағдайлардың алдын алыў бағдарындағы әҳмийетли ўазыйпалар атап өтилди.
Атап айтқанда, пуқаралардың газ ҳәм көмир, отын ҳәм басқа жанылғы түрлеринен пайдаланғанда қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етпеўи, стандартқа жуўап бермейтуғын яки сертификатқа ийе болмаған ысытыў үскенелеринен пайдаланыўы, морыларды надурыс орнатыў ҳәм өз ўақтында техникалық тексериўден өткермеўи кеўилсиз жағдайларға себепши болып атырғанлығы айтылды.

Бул бағдардағы жумысларды турақлы түрде алып барыў бойынша пикир-усыныслар билдирилип, тийисли көрсетпелер берилди.
Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги