Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Талантлы жаслардың логикалық билимлерин арттырыў, оларды таңлап алыў ҳәм интеллектуаллық ойынларға кеңнен тартыў, бул ойынлардың шөлкемлестирилиўин мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў ҳәм зәрүр шараятлар жаратыў, сондай-ақ, халықтың интеллектуаллық потенциалын көтериў мақсетинде:

  1. «Закаўат» интеллектуаллық ойынын халық арасында ғалаба-ағартыўшылық ҳәрекетке айландырыў ҳәм басқа да интеллектуаллық ойынларды раўажландырыў бойынша илажлар бағдарламасы 1-қосымшаға муўапық тасыйықлансын.
  2. «Закаўат» интеллектуаллық ойыны ҳәм басқа да интеллектуаллық ойынларды (кейинги орынларда ­ интеллектуаллық ойынлар) системалы түрде раўажландырыў мақсетиндеЖаслар ислери агентлиги жуўапкершилигине төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленсин:

жаслардың интеллектуал раўажланыўға болған умтылысларын қоллап-қуўатлаў ҳәм бул тараўдағы жумысларды муўапықластырып барыў;

жаслар арасында интеллектуаллық ойынлар, ораторлық жарыслары, шет тиллеринде дискуссия ҳәм ушырасыўлар өткериў;

жаслар арасында интеллектуаллық ойынларды раўажландырыў ҳәм кеңнен ен жайдырыўға қаратылған жойбарларға грантлар ажыратыў;

интеллектуаллық ойынлар ҳәм олардағы талантлы қатнасыўшылар ҳаққындағы мағлыўматлардың электрон платформаға киргизилиўин тәмийинлеў ҳәм интеллектуаллық ойынлар нәтийжелерин ғалаба хабар қуралларында жарытып барыў.

  1. «Закаўат» интеллектуаллық ойынын халық арасында ғалаба-ағартыўшылық ҳәрекетке айландырыў ҳәм басқа да интеллектуаллық ойынларды раўажландырыў бойынша республика шөлкемлестириў комитети(кейинги орынларда ­ Шөлкемлестириў комитети) дүзилсин ҳәм оның қурамы 2-қосымшаға муўапық тасыйықлансын.

Интеллектуаллық ойынларды тек жаслар емес, ал, халықтың барлық қатламлары арасында үгит-нәсиятлаў, бул ойынларды ғалаба-ағартыўшылық ҳәрекетке айландырыў бойынша илажларды белгилеў ҳәм әмелге асырыўды тәмийинлеў, сондай-ақ, миллий интеллектуаллық ойынларды қәлиплестириў, оларды кеңнен ен жайдырыў бойынша тийисли илажларды әмелге асырыў Шөлкемлестириў комитетиниң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин.

Шөлкемлестириў комитети мәжлислеринде қабыл етилген қарарлар министрлик ҳәм уйымлар, жергиликли атқарыў комитети уйымлары тәрепинен орынланыўы мәжбүрий болған баянламалар менен рәсмийлестирилетуғыны белгиленсин.

  1. Интеллектуаллық ойынларулыўма орта билим бериў мектеплери, Президент билимлендириў мәкемелери, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелери ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери, сондай-ақ,ықтыярлы жәмәәтлер арасында системалы түрде өткерип барылатуғыны;

Шөлкемлестириў комитетиниң (А.Абдувахитов) усынысына бола интеллектуаллық ойынлардың республикалық басқышында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийеси (1-3-орынлар) болған улыўма орта билим бериў мектеплери, соның ишинде, Президент билимлендириў мәкемелери оқыўшылары белгиленген тәртипте ­ орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелери ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелерине, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелери оқыўшылары ­ жоқары билимлендириў мәкемелериниң тийисли тәлим бағдарларына, жоқары билимлендириў мәкемелери студентлери ­ тәлимниң кейинги басқышына базалық төлем контракты тийкарында имтихан сынақларысыз қабыл етилетуғыны;

2022-2023-оқыў жылынан баслап интеллектуаллық ойынлардың республикалық басқышында жеңимпаз болған оқыўшы жаслар ҳәм студентлер ушын жыл даўамында ҳәр айда берилетуғын «Закаўат» стипендиясы шөлкемлестирилетуғыны ҳәм бул стипендия Мәмлекет бюджетинен Жаслар ислери агентлигине ажыратылған қәрежетлер есабынан қаржыландырылады;

билимлендириў мәкемелеринде шөлкемлестирилген «Закаўат» интеллектуаллық клубларының координаторы болған профессор-оқытыўшыларға директор фонды ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң бюджеттен тысқары фондлары есабынан бир айлық мийнетке ҳақы төлеў фондының 50 проценти муғдарында бир мәртелик үстеме төлеп берилетуғыны белгилеп қойылсын.

Шөлкемлестириў комитети (А.Абдувахитов) үш ай мүддетте интеллектуаллық ойынларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў тәртибин тастыйықласын.

Халық билимлендириўи министрлиги (Б.Саидов), Президент билимлендириў мәкемелери агентлиги (Х.Умарова), Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Тошкулов) үш ай мүддетте интеллектуаллық ойынларда жеңимпаз болған оқыўшы-жаслар ҳәм студентлер ушын «Закаўат стипендиясы»н бериў тәртиплерин ислеп шығып, тастыйықласын.

Жаслар ислери агентлиги (А.Саъдуллаев) Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов), Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Тошкулов), Президент билимлендириў мәкемелери агентлиги (Х.Умарова) менен биргеликте 2022-жылдан баслап, басқышпа-басқыш улыўма орта билим бериў мектеплери, Президент билимлендириў мәкемелери, орта арнаўлы ҳәм профессионал ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелеринде «Закаўат» интеллектуаллық клубларының жумысын жолға қойсын ҳәм аймақлардағы Жаслар орайларында интеллектуаллық ойынлар жәмәәтлери ушын өз алдына ханаларды шөлкемлестирсин.

  1. Мәмлекетимизде интеллектуаллық ойынларды буннан былай да раўажландырыў мақсетинде Жаслар ислери агентлиги арқалыМәмлекет бюджетинен «Закаўат» интеллектуаллық клубы» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемине(кейинги орынларда ­ «Закаўат» интеллектуаллық клубы) 2022-жылда 50 миллиард сум қаржы ажыратылатуғыны белгиленсин. Онда, келеси жылларда қаржылар «Закаўат» интеллектуаллық клубына тийкарланған есап-санақларға муўапық ажыратылады.

Төмендегилер белгиленсин:

бул қаржылар интеллектуаллық ойынларды шөлкемлестириў, сораў жоллаған телетамашагөйлерди материаллық хошаметлеў, экспертлер ҳәм төрешилерге мийнет ҳақы төлеў, «Закаўат» интеллектуаллық клубы ағзалары ушын ашық дизимнен өтиў электрон платформасын жаратыў ҳәм оны жүргизиў және жеңимпаз болған командалардың ағзаларын усы қарарда белгиленген тәртипте хошаметлеў, жас әўладтың интеллектуаллық потенциалын арттырыўға қаратылған компьютер ҳәм мобиль ойынларды жаратқан программистлерге грант ҳәм субсидиялар ажыратыў, сондай-ақ, бул ойынларды өткериўге байланыслы басқа да илажларды қаржыландырыўға бағдарланады;

«Закаўат» интеллектуаллық клубы ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша ажыратылған қаржылардан мақсетли пайдаланғанлық ҳаққында Қаржы министрлиги ҳәм Жаслар ислери агентлигине есабатлар киргизип барады.

Бунда, «Закаўат» интеллектуаллық клубына усы бәнтке муўапық ажыратылып атырған қаржылар бойынша қәрежетлер сметасы Шөлкемлестириў комитети(А.Абдувахитов) тәрепинен тасыйықланады.

  1. 2022-жылдан баслапҳәр жылыИнтеллектуаллық олимпиада шөлкемлестирилип барылсын.

Төмендегилер белгилеп қойылсын:

Интеллектуаллық олимпиада тәлим бағдары, тараўы, қәнигелигине қарамастан республикадағы барлық жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлери арасында өткериледи;

Интеллектуал олимпиада халықаралық тәжирийбени инабатқа алып, миллий қәдириятларымызға сай келетуғын интеллектуаллық ойынлар бойынша шөлкемлестириледи;

Интеллектуаллық олимпиаданы шөлкемлестириўде мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер (Өзбекстан шахмат федерациясы, Өзбекстан шашка федерациясы ҳәм басқалар)диң имканияты ҳәм потенциалынан кеңнен пайдаланылады;

улыўма командалық есапта биринши, екинши ҳәм үшинши орынды қолға киргизген жоқары билимлендириў мәкемесине Өзбекстан Республикасы Президенти саўғасы тапсырылады;

Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги Интеллектуаллық олимпиада жеңимпазлары менен сыйлы орын ийелерин өз қәнигелиги бойынша кадрлар резервине алыў әмелиятын жолға қояды.

Министрлер Кабинети үш ай мүддетте Интеллектуаллық олимпиаданы шөлкемлестириў тәртибин тасыйықлаўды нәзерде тутатуғын ҳүкимет қарарын қабыл етсин.

  1. Жаслар ислери агентлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Инновациялық раўажланыў министрлигиниң2022-2023-оқыў жылынан баслап ҳәр жылы апрель айында«Интеллектуаллық ҳәптелик» илажын системалы түрде өткерип барыў ҳаққындағы басламасы қоллап-қуўатлансын.

 «Интеллектуаллық ҳәптелик» жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлери арасында интеллектуаллық саламат бәсекиликти жүзеге келтириў, студент-жаслардың билимге болған умтылысларын қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў, республиканың түрли аймақларында билим алып атырған зийрек жаслар ушын пикир алысыў имканиятын жаратыў, жоқары билимлендириў мәкемелеринде интеллектуаллық дөгереклер жумысын раўажландырыў ҳәм жаслар арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў мақсетинде шөлкемлестирилетуғыны;

«Интеллектуаллық ҳәптелик» даўамында интеллектуаллық ойынлар, илимий конференциялар, илим, әдебият тараўында атақлы илимпазлар қатнасында семинарлар, мәдений-мәнаўий илажлар, түрли тараў жетекшилери (басшылар), ири компания (жумыс бериўшилер) ўәкиллери қатнасыўында ушырасыўлар өткерилетуғыны;

«Интеллектуаллық ҳәптелик»ти өткериўге байланыслы қәрежетлер тийисли жоқары билимлендириў мәкемелериниң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

Жаслар ислери агентлиги директоры А.Саъдуллаев, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри А.Тошкулов «Интеллектуаллық ҳәптелик»ти толық ҳәм нәтийжели шөлкемлестириў бойынша жеке жуўапкер етип белгиленсин.

  1. Жаслар ислери агентлиги, Ташкент қаласы ҳәкимлиги ҳәм қурылыс министрлиги тәрепинен «Закаўат» интеллектуаллық клубы ушын өз алдына имарат ҳәмИнтеллектуаллық ойынлар қалашасын(кейинги орынларда ­ объект) қурыў ушын «Жаңа Өзбекстан» бағына тутас аймақтан 3 гектар жер майданы таңлап алынғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Аўыл хожалығы министрлиги, Суў хожалығы министрлиги ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлигиниң:

Ташкент қаласы, М.Улуғбек районы, «Дослық» МПЖ аймағындағы «Жаңа Өзбекстан» бағына тутас аймақтан 3 гектар жер майданын (кейинги орынларда ­ таңланған жер участкасы) аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер категориясынан елатлы пунктлердиң қала ҳәм посёлка қурылысы жерлери категориясына өткериў;

таңланған жер участкасының аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер категориясынан шығарылыўы мүнәсибети менен аўыл хожалығы ҳәм тоғай хожалығы өндириси шығынларының орнын қаплаў бойынша компенсация төлемлерин төлеўден азат етиў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

Ташкент қаласы ҳәкимлиги (Ж.Артикходжаев) еки ай мүддетте:

таңланған жер участкасының әмелдеги жер ийелери, пайдаланыўшылары ҳәм ижарашыларынан нызамда белгиленген тәртипте мәмлекет ҳәм жәмийет зәрүрликлери ушын алып қойылыўын ҳәм мәмлекет мүлки сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин;

мәмлекетлик дизимнен өткерилген жер участкасының Жаслар ислери агентлигине объектти қурыў мақсетинде мәмлекет ҳәм жәмийет зәрүрликлери ушын турақлы пайдаланыў ҳуқықы менен ажыратылыўын;

Кадастр агентлиги менен биргеликте мәмлекетлик жер кадастры мағлыўматларына тийисли өзгерислер киргизилиўин тәмийинлесин.

  1. а) объектте қурылыс-монтажлаў жумысларын әмелге асырыў шеңберинде:

Ташкент қаласы ҳәкимлиги «Бирден-бир буйыртпашы хызмети» инжиниринг компаниясы ­ буйыртпашы функциясын атқаратуғыны;

бас жойбар ҳәм бөлип алып ислеўши шөлкемлер белгиленген тәртипте өткерилетуғын тендер (таңлаў) нәтийжелерине бола анықланатуғыны;

б) объектти қурыў ҳәм үскенелеў қәрежетлери Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Жоқары билимлендириў мәкемелерин раўакжландырыў фонды ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджети қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны;

в) объект қурып питкерилип, пайдаланыўға қабыл етилгенинен соң белгиленген тәртипте Жаслар ислери агентлигине оператив басқарыў ҳуқықы менен бийпул берилетуғыны белгилеп қойылсын.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Тошкулов) Жоқары билимлендириў мәкемелерин раўажландырыў фонды қаржылары есабынан, Ташкент қаласы ҳәкимлиги (Ж.Артикходжаев) жергиликли бюджет қаржылары есабынан объекттиң жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин ислеп шығыў ҳәм қурылыс жумысларын әмелге асырыў ушын зәрүр қаржылар ажыратылыўын тәмийинлесин.

  1. Жаслар ислери агентлиги (А.Саъдуллаев):

бир ай мүддетте Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Президент билимлендириў мәкемелери агентлиги менен биргеликте «Закаўат» интеллектуаллық клубы ағзалары ушын ашық дизимнен өтиў электрон платформасын жаратсын. Бунда, соның ишинде командалар, олардың рейтинг баллары ҳәм интеллектуаллық ойынлардың бағдарлары менен басқышлары ҳаққындағы мағлыўматлар көрсетилиўи нәзерде тутылсын;

үш ай мүддетте интеллектуаллық ойынлардың жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелери ушын Ташкент ўәлаяты, Бостанлық районындағы «Жаслар лагери»нде мәўсимлик ислейтуғын «Интеллектуаллық мектеп» жойбарын жолға қойсын.

  1. Шөлкемлестириў комитети (А.Абдувахитов) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте 2022-жылдан баслап, ҳәр жылы район (қала)лардан бирин«Интеллектуаллық аймақ» деп жәриялаўҳәм ол жерде жаслардың интеллектуаллық потенциалын раўажландырыў, идеялары менен басламаларын жүзеге шығарыў ушын зәрүр шараятларды жаратыў илажларын көрсин.
  2. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Хаджаев) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте«Ёшлар» телеканалыҳәм тийисли аймақлық телеканалларда интеллектуаллық ойынларды кеңнен жарытыў ҳәм үгит-нәсиятлаў жумысларын турақлы шөлкемлестирип барсын.
  3. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Жаслар ислери агентлиги директорыА.З.Саъдуллаев, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриА.Х.Тошкулов ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары А.А.Джурабаев белгиленсин.

Қарардың орынланыўын қадағалаў, жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың жумысын муўапықластырыў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикаси Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша 2022-жыл 1-август ҳәм 2023-жыл 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берилсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                Ш.МИРЗИЁЕВ

 

Ташкент қаласы,

2022-жыл, 20-январь