Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 8-октябрьдеги ПП-5847-санлы Пәрманы менен тастыйықланған Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын басқышпа-басқыш тәмийинлеў ҳәм Самарқанд мәмлекетлик университетин илимий-технологиялық ҳәм социаллық раўажландырыў, бәсекиге шыдамлы илимий ҳәм педагогикалық кадрлар таярлаў, флагман жоқары билимлендириў мәкемеси дәрежесине алып шығыў мақсетинде:

  1. Самарқанд мәмлекетлик университетине белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер Шараф Рашидовтың аты берилсин.
  2. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Инновациялық раўажланыў министрлигиниң Шараф Рашидов атындағы Самарқанд мәмлекетлик университетинде (кейинги орынларда – Университет) Трансформация офисин шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

Трансформация офиси төмендегилер ушын жуўапкер етип белгиленсин:

Университетти трансформациялаў ҳәм комплексли раўажландырыў бағдарламасын әмелге асырыў ҳәм 2026-жылға шекем халықаралық тән алынған шөлкемлердиң жоқары билимлендириў мәкемелери рейтингинде биринши 1000 лық дизимине киргизиў;

Университеттиң жумысын санластырыў ҳәм билимлендириў процесине заманагөй педагогикалық технологияларды енгизиў;

Университетти танытыў бойынша миллий ҳәм сырт елли ғалаба хабар қураллары, Интернет тармағы ҳәм басқа да қураллар арқалы үгит-нәсиятлаў илажларын өткериў.

Трансформация офиси баслығы лаўазымы бойынша Университет проректорына теңлестирилетуғыны белгиленсин.

  1. Төмендегилер:

2022-2025-жылларда Шараф Рашидов атындағы Самарқанд мәмлекетлик университетин комплексли раўажландырыў бағдарламасы 1-қосымшаға муўапық;

Шараф Рашидов атындағы Самарқанд мәмлекетлик университетин 2025-жылға шекем раўажландырыўдың мақсетли көрсеткишлери 2-қосымшаға муўапық;

Шараф Рашидов атындағы Самарқанд мәмлекетлик университети қәнигелик кафедраларын илимий-изертлеў мәкемелери, тармақ кәрханалары ҳәм шөлкемлерине бириктириў кестеси 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

4.Университет қурамында төмендегилер шөлкемлестирилсин:

агрономия, биотехнология ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тараўларында кадрлар таярлайтуғын Агробиотехнологиялар ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги институты (кейинги орынларда – Агробиотехнологиялар институты);

инженерлик, автоматика, мехатроника, робототехника, санлы электроника, электротехника, машина қурылысы, материалтаныў ҳәм жаңа материаллар технологиясы тараўларында кадрлар таярлайтуғын Инженерлик физикасы институты (кейинги орынларда – Инженерлик институты);

педагогика, мәлимлеме технологиялары ҳәм аймақта кадрларға талап жоқары болған басқа да тараўларда кадрлар таярлайтуғын Университеттиң Ургут филиалы (кейинги орынларда – Филиал).

  1. Төмендегилер Агробиотехнологиялар институты, Инженерлик институты ҳәм Филиалдың тийкарғы жумыс бағдарлары етип белгиленсин:

мийнет базарында бәсекиге шыдамлы, әмелий көнликпелерди ийелеген жоқары мағлыўматлы қәнигелер ҳәм илимий-педагогикалық кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў;

жетекши сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелери менен биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын ҳәм илимий жойбларды әмелге асырыў, сондай-ақ, билимлендириў процесине алдынғы педагогикалық ҳәм аралықтан билимлендириў технологияларын, илим ҳәм техниканың жаңа жетискенликлерин енгизиў;

оқыў режелерин тийисли тараўлардың раўажланыў перспективалары ҳәм тийкарғы ўазыйпаларын есапқа алған ҳалда қәлиплестириў, оқыў ҳәм илимий-изертлеў лабораторияларының заманагөй материаллық-техникалық базасын жаратыў;

оқыў процесин студентлерде еркин билим алыў, системалы таллаў, дөретиўшилик пикирлеў ҳәм әмелий, соның ишинде, исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириўге бағдарлаў;

илимий-изертлеў жумысларын жолға қойыў, өндирис шөлкемлериниң машқалаларын шешиўге қаратылған илимий, әмелий ҳәм инновациялық изертлеўлерди раўажландырыў;

билимлендириў ҳәм илимий излениўлер процесине маман қәнигелерди тартыў, республикалық ҳәм жетекши сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм илимий орайлары менен бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў;

студентлерге билим алыў ҳәм илимий жумыс пенен шуғылланыў ушын шараят жаратыў ҳәм сырт ел пуқаралары ушын билим алыў имканиятын кеңейтиў;

илимий-педагогикалық потенциалды арттырып барыў, соның ишинде, профессор-оқытыўшылар стажировкасы ҳәм маманлығын арттырыўын абырайлы республикалық ҳәм сырт ел жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелеринде шөлкемлестириў.

  1. Агробиотехнологиялар институты, Инженерлик институты ҳәм Филиалда билимлендириў ислери 2022-2023-оқыў жылынан басланатуғыны ҳәм оқыў процеси кредит-модуль системасы тийкарында алып барылатуғыны;

Университеттиң агробиотехнологиялар ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги факультети бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлеринде билим алып атырған студентлер оқыўын Агробиотехнологиялар институтында даўам еттиретуғыны;

Университеттиң физика ҳәм математика факультетлери қурамындағы әмелий бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлерде билим алып атырған студентлер оқыўын Инженерлик институтында даўам еттиретуғыны;

Филиал Ургут районындағы улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелери оқытыўшыларына илимий-методикалық жәрдем көрсетип баратуғыны;

Агробиотехнологиялар институты, Инженерлик институтының бюджет ҳәм бюджеттен тысқары қаржылары есабы Қаржы министрлиги Ғазнашылығында ашылған Университеттиң жеке ғазна есапбетлеринде жүргизилетуғыны, Филиал болса Қаржы министрлигиниң Ғазнашылығында жеке ғазна есапбетлерине ийе болатуғыны;

Агробиотехнологиялар институты, Инженерлик институты ҳәм Филиал директоры, директордың орынбасары мийнетке ҳақы төлеў шәртлери ҳәм муғдарлары бойынша тийисли тәризде жоқары билимлендириў мәкемеси филиалының директоры ҳәм филиал директоры орынбасарына, басқа хызметкерлер болса жоқары билимлендириў мәкемелери хызметкерлерине теңлестирилетуғыны;

Агробиотехнологиялар институты, Инженерлик институты ҳәм Филиалдың жумысын жолға қойыўға байланыслы қәрежетлер, соның ишинде, имарат ҳәм объектлерди оңлаў ҳәм үскенелеў – Университеттиң бюджеттен тысқары қаржылары ҳәм Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Жоқары билимлендириў мәкемелерин раўажландырыў қорының қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги:

а) Университет пенен биргеликте:

Агробиотехнологиялар институты, Инженерлик институты ҳәм Филиал структурасы ҳәм штат кестесиниң нормативлерге муўапық тастыйықланыўын тәмийинлесин;

Агробиотехнолгиялар институты, Инженерлик институты ҳәм Филиалын таңлаў тийкарында әмелий тәжирийбе ҳәм (ямаса) илимий дәрежеге ийе болған қәнигелерден ибарат жоқары маман профессор-оқытыўшылар менен толықтырыў илажларын көрсин;

Трансформация офиси баслығы лаўазымына жетекши сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелеринде басшылық жумыс тәжирийбесине ийе  болған қәнигени тартсын;

б) Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте Агробиотехнологиялар институты, Инженерлик институты ҳәм Филиалды жоқары тезликтеги Интернет жәҳән мәлимлеме тармағына жалғаў ҳәм онлайн баянат өткериў ҳәм аралықтан билимлендириў технологияларын енгизиў ушын зәрүр телекоммуникация үскенелери менен тәмийинлеў илажларын көрсин;

в) Илимлер академиясы ҳәм Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте:

Агробиотехнологиялар институты студентлериниң әмелий көнликпелерин арттырыў мақсетинде сабақ процесслерине тараў қәнигелери ҳәм илимпазларын, питкериў қәнигелик жумысларына басшылық етиў ушын илимий шөлкемлердиң қәнигелерин тартыў, зәрүр жағдайларда әмелий сабақларды өндирис ҳәм атыз шараятларында алып барыў илажларын көрсин;

Агробиотехнологиялар институты студентлериниң танысыў ҳәм маманлық әмелиятларын заманагөй технологиялар менен үскенеленген агрокластерлер, аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат санааты шөлкемлеринде шөлкемлестирсин;

Агробиотехнологиялар институты студент ҳәм профессор-оқытыўшыларына илимий-изертлеў институты ҳәм жетекши шөлкемлердиң лабораторияларынан пайдаланыўы ушын зәрүр шараят жаратсын;

г) «Өзэлтехсанаат» ассоциациясы менен биргеликте;

Инженерлик институты студентлериниң танысыў ҳәм маманлық әмелиятларын санаат кәрханаларында шөлкемлестириў илажларын көрсин;

Инженерлик институтына илимий-изертлеў жумысларын раўажландырыў, киши бизнес ҳәм санаат кәрханалары ушын инновациялық мини-технологиялар ислеп шығыў бағдарларында жәрдем берип барсын.

  1. Агробиотехнологиялар институты, Инженерлик институты ҳәм Филиалдың жумысын қаржыландырыў дәреклери етип Мәмлекетлик бюджет қаржылары, төлемли-контракт тийкарында оқытыўдан түсетуғын қаржылар, Университеттиң бюджеттен тысқары қаржылары, хожалық жумысынан ҳәм шәртнама тийкарында хызметлер көрсетиўден түсетуғын түсимлер, қәўендерлик қайырқомлықлар ҳәм грантлар және нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер белгиленсин.
  2. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәр жылғы инвестициялық бағдарламаға киргизиў ушын Агробиотехнологиялар институты, Инженерлик институты ҳәм Филиал имаратлары менен объектлерин қурыў, реконструкциялаў ҳәм капитал оңлаў жумысларын тараўға ажыратылған лимитлер шеңберинде әмелге асырыў бойынша Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигине усыныслар берип барсын.
  3. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлигиниң төмендеги усынысларына келисим берилсин:

Агробиотехнологиялар институтын Самарқанд районы, Гулабад қорғанындағы Университет жанындағы Гулабад агротехнологиялар техникумының бир бөлегине бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырыў;

Инженерлик институтын Самарқанд қаласы, Хишрав қорғанындағы Университет жанындағы Ядро физикасы лабораториясы аймағының бир бөлегине бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында ўақтынша жайластырыў;

Филиалға Самарқанд ўәлаяты, Ургут районы, Вагашти мәҳәллесинде жайласқан Ургут экономика ҳәм сервис кәсип-өнер колледжиниң имарат ҳәм объектлерин тийисли аймағы менен биргеликте оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында бийпул бериў.

  1. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзегерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри А.Ҳ.Тошкулов ҳәм Самарқанд ўәлаятының ҳәкими Э.О.Турдимов белгиленсин.

Қарардың орынланыўын қадағалаў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 13-январь