«Халықаралық шәртнамаға қосылыў ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-80-санлы, 12.01.2022-ж.) қабыл етилди.

Қарарға муўапық, Өзбекстан көзи әззи, көриўде нуқсаны болған ҳәм баспа мәлимлемени түсиниўде басқа жақтан қәбилети шекленген шахслардың басып шығарылған шығармалардан пайдаланыўын жеңиллетиў ҳаққындағы Марокаш шәртнамасына (2013-жыл 27-июнь. Марокаш) қосылды.

Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги усы халықаралық шәртнаманы әмелге асырыў бойынша жуўапкер ўәкилликли уйым етип белгиленди.

Министрлер Кабинети және тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары бул халықаралық шәртнама күшке киргеннен кейин Өзбекстанның миннетлемелери орынланыўын тәмийинлейди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги