Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң дүзилгенине 30 жыл толыўына бағышланған ушырасыў кешеси болып өтти.

Институттың жаслар менен ислесиў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша проректоры Қ.Қадиров басқарып барған ушырасыўға ветеран әскерий хызметкерлер, Арқа-батыс әскерий округиниң Нөкис гарнизоны, әскерий бөлимлердиң командирлери, мүддетли әскерий хызметти атқарып атырған ер-азаматлар, соның менен бирге, факультетлердиң декан орынбасарлары, тьюторлар ҳәм онлайн тәризде «ZOOM» платформасы арқалы белсенди студент-жаслар қатнасты.

Ушырасыўда шығып сөйлегенлер мәмлекетимиз Қураллы Күшлериниң дүзилиўи, соңғы жылларда және де раўажландырыў, оның жаўынгерлик таярлығын жетилистириў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў, халықаралық абыройын арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, тараўдағы реформалардың нәтийжелилиги ҳаққында мағлыўматлар берди.

Өткен жыллар даўамында Өзбекстан Республикасын раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳәм Қорғаныў докторинасы тийкарында әҳмийетли және тарийхый қарарлар қабыл етилди. Әсиресе, елимиз көлеминде әскерий-ҳәкимшилик секторларының дүзилгенлиги, жергиликли бюджет қаржылары есабынан әскерий хызметлерди қоллап-қуўатлаў, оларға мүнәсип жумыс ҳәм турмыс шараятларын жаратып бериўде исленип атырған жумыслар өз нәтийжелерин бермекте.

Атап айтқанда, миллий армиямыздың аймақлық, халықаралық рейтинглердеги, өткерилип атырған ҳәр қыйлы жарыслардағы көрсеткишлери жоқарыламақта. Бүгинги күнде Қураллы Күшлеримиз дүнья жүзинде 51-орын, ҒМДА мәмлекетлери арасында 4-орын, ал Орайлық Азия мәмлекетлери арасында 1-орынды ийелемекте.

Миллий, аймақлық ҳәм глобаллық қәўипсизликке қарсы ҳәр қыйлы қәўиплер жүз берип атырған бүгинги күнде халқымыздың тыныш ҳәм парахат турмыста өмир сүриўи, шегараларымыздың пүтинлигин және қолқатылмаслығын тәмийинлеў ҳәр биримиздиң алдымыздағы баслы ўазыйпалардан бири болып есапланады.

Илажда усындай үлкен мақсетлерден келип шығып, Президентимиздиң «Жаңа Өзбекстанның 2022-2026-жылларға белгиленген Раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы пәрманының жойбарында көрсетип өтилген жети баслы бағдардың бири елимиз қәўипсизлиги ҳәм қорғаныў потенциалын күшейтиў, ашық-айдын ҳәм прагматикалық, жедел сыртқы сиясат алып барыў екенлиги, сондай-ақ, олардан келип шығып әмелге асырылатуғын жобалар додаланды.

Ушырасыўда байрам мүнәсибети менен «Халық ҳәм армия – бир тән, бир жан» сүрени тийкарында студент-жаслар арасында онлайн тәризде видеороликлер, шығармалар ҳәм плакатлар таңлаўлары, ҳәр қыйлы китапқумарлық ҳәм интеллектуал турнирлер өткерилип атырғаны ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Илаж соңында студент-жаслар, тьюторлар ҳәм басқа да шығып сөйлеўшилер жыйналғанларды байрам менен қутлықлап, мақтанышлы ҳәм машақатлы жумысларында табыслар тиледи.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген фотолары.