Белгили мәмлекетлик ғайраткер Қәллибек Камаловтың өмирлик жолдасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камаловтың анасы Любовь Камалованың қайтыс болыўы мүнәсибети менен Президент Шавкат Мирзиёев марҳуманың шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларына телефон арқалы кеўил билдирди және кеўил билдириў хатын жоллады.

2022-жыл 4-январь күни Олий Мажлис Сенаты ҳәм Нызамшылық палатасы, Президент Администрациясы, Министрлер Кабинети, Өзбекстан мусылманлары шөлкеми, басқа да мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери және қарақалпақстанлы белсендилер менен биргеликте Нөкис қаласында Камаловлар шаңарағында болып, Любовь апаның шаңарағы ҳәм жақынларына кеўил билдирди, Президентимиз ҳәм халқымыздың терең қайғырыў кеўил билдириў сөзлерин жеткердик.

Қуран оқылып, марҳумаға пәтия етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги