Усы жылдың 3-январь күни билимлендириў тараўы пидайысы Любовь Семёновна Камалова 95 жасында қайтыс болды.

Л.С.Камалова 1927-жылы Самарқанд ўәлаятының Нарпай районында туўылды. Ол узақ жыллар даўамында жоқары билимлендириў мәкемелеринде нәтийжели жумыс алып барып, жасларымызды ана Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаў, оларға билим сырларын терең үйретиў жолында аянбай мийнет етти.

Халқымыз оның машақатлы мийнет жолын, турмыслық бай тәжирийбесин, келешек әўладты тәрбиялаўдағы, билимлендириў тараўын раўажландырыўдағы хызметлерин жоқары баҳалайды.

Л.С.Камалова қай жерде, қайсы лаўазымда ислесе де, өзин мийнет сүйгиш, терең билимли, истиң көзин билетуғын шебер шөлкемлестириўши сыпатында таныта билди ҳәм үлкен ҳүрмет-абыройға еристи.

Халқымыз ийгилиги ушын мийнет еткен қәдирли инсан, әдиўли устаз Любовь Семёновна Камалованың жарқын естелиги халқымыздың ядында узақ сақланып қалады.

Қ.Сариев, А.Давлетов, Т.Абдижаббаров, У.Панаев.