Жаңа жыл қарсаңында күндизги саат 13:30 лар шамасында Нөкис қаласы Таң нуры көшеси бойында жайласқан Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети имаратының алдында өз хызмет ўазыйпасын атқарып атырған ҚР ИИМ Патруль-пост ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасы ППХБ хызметкерлери – аға сержантлар Р.Нийетуллаев, Ж.Оразшаев ҳәм киши сержант А.Жүгинисовлар ВАЗ-2121 (Lada Niva) автомашинасының алдынғы тәрепи (машина кузовы) ишинен белгисиз себеплерге бола түтин шығып атырғанын көрип, жедел түрде тийисли ҳәрекетлерди алып барған.

«Тынышлық сақшысы» газетасының хабар бериўинше, бир хызметкер жақын әтираптағы пуқараларды автомобильден белгиленген қашықлыққа эвакуация еткен болса, басқа хызметкерлер автотранспорт қуралы жанына барып, машина есигин ашыўға ҳәрекет еткен. Көп узамай автомобиль ийеси ўақыя орнына жетип келип, автомашинаның есигин ашқан ҳәм транспорт басқарыўшысы орынлығының шеп қапталы өртенип атырғанын көрген. Ишки ислер уйымы хызметкерлери өртти өшириў шараларын көрип, өрттиң басқа жерлерге өтип кетпеўи ушын орынлықты алып таслаған.

Солай етип, ишки ислер уйымы хызметкерлериниң сергеклиги ҳәм жедел ҳәрекетлери менен пуқараның мүлкине зыян жетиўиниң алды алынған.

Ўақыя орнында жәбирленгенлер болмаған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.