Өзбекстан Республикасы Президенти Уллы Мәртебели мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Президент мырза!

Қытай Халық Республикасы ҳәм Өзбекстан Республикасы арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығы мүнәсибети менен Қытай ҳүкимети ҳәм халқының атынан және жеке атымнан Сизге ҳәм Сиз арқалы дос Өзбекстан халқына қызғын қутлықлаўлар ҳәм ең жақсы тилеклеримди билдириўге руқсат еткейсиз.

Дипломтиялық қатнасықлар орнатылғанынан  берли өткен 30 жылда Қытай-Өзбекстан байланыслары избе-из раўажланып, табысларға еристи  және тынышлық-татыўлық ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиў руўхындағы мәмлекетлер аралық қатнасықлардың айқын үлгисине айланды. Атап айтқанда, мәмлекетлеримиз реформалар, ашық-айдынлық, раўажланыў ҳәм қайта тиклениў бойынша бир-биринен үйренбекте ҳәм тәжирийбе алмаспақта, коронавирус пандемиясына қарсы гүресиўде ҳәрекетлерин бирлестирип, өз-ара жәрдемлеспекте, бул болса ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклигимиздиң мәнисин толық сәўлелендиреди.

Мен Қытай-Өзбекстан қатнасықларының раўажланыўына үлкен әҳмийет қаратпақтаман және дипломатиялық  қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығынан пайдаланып, Сиз бенен биргеликте мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыздың абаданлығы жолында ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларымыз тарийхында жаңа бет ашыў мақсетинде бар күш ҳәм имканиятларды иске қосыўға таяр екенимди билдиремен.

Жумысыңызға табыслар ҳәм беккем денсаўлық тилеймен.

Дос Өзбекстанға раўажланыў ҳәм күш-қүдирет, оның халқына бахыт-ығбал ҳәм абаданлық тилеймен.

Си Цзиньпин,

Қытай Халық Республикасы Баслығы