2021-жыл декабрь айында Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Қазақстан Республикасына әмелге асырған мәмлекетлик сапары даўамында еки тәреплеме бирге ислесиўдиң түрли тараўлары, атап айтқанда, бажыхана тараўына байланыслы бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылды.
Сапар етиў шеңберинде еки мәмлекеттиң бажыхана хызмети басшылары шегара-бажыхана постларындағы жумыс процесслерин биргеликте көзден өткериўге келисип алған еди.
Мине усы келисим шеңберинде Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң баслығы А.Мавлонов ҳәм Қазақстан Республикасы Қаржы министрлиги Мәмлекетлик дәраматлар комитетиниң баслығы А.Алтынбаев арасында жумыс бабындағы ушырасыў болып өтти.
Ушырасыў шеңберинде еки мәмлекеттиң бажыхана хызмети басшылары избе-из тәризде өзбек-қазақ шегарасындағы Қазақстанның «Жибек жолы» ҳәм Өзбекстанның «Ғишткўприк» шегара бажыхана постларының жумысы менен жақыннан танысты.
Бул өткериў пунктлеринен бир күнде орташа 7 мыңға шамалас жолаўшы ҳәм 150 ден аслам транспорт қураллары ҳәрекетленеди.
Улыўма есапта жуўмақланып атырған жылда «Ғишткўприк» шегара бажыхана постында 2,3 миллионнан аслам физикалық тәреплер ҳәм 48,5 мыңға шамалас транспорт қуралларының бажыхана қадағалаўы ҳәм рәсмийлестириўи әмелге асырылды.
Ушырасыў даўамында тийкарғы итибар өткериў пунктлерин қайта қурыў ҳәм модернизациялаўға қаратылды. Себеби еки мәмлекет арасында өз-ара саўда байланысларының барған сайын кеңейип атырғаны келешекте шегара-өткериў пунктлеринде ҳәр қыйлы қолайсызлықлар ҳәм автомобиль тығылысларын жүзеге келтириўи мүмкин.
Сол себепли бажыхана хызмети басшылары алдыннан жағдайды таллап, Өзбекстан – Қазақстан шегарасында жайласқан «Наўайы» (Өзбекстан) – «Қапланбек» (Қазақстан) ҳәм «Даўыт ата» (Өзбекстан) – «Тәжен» (Қазақстан) шегара-бажыхана постларында қурылыс-дөретиўшилик жумысларын әмелге асырыў, онда қурылыстың басланыўы ҳәм жуўмақланыўын имканияты болғанынша бир ўақытқа белгилеў бойынша келисимге еристи.
Ушырасыўдың және бир әҳмийетли нәтийжеси – тәреплер бажыхана шегаралары арқалы ҳәрекетленип атырған товар ҳәм транспорт қураллары ҳаққында өз-ара мағлыўматлар алмасыўына хызмет етип атырған мәлимлеме системасын буннан былай да жетилистириў бойынша гезектеги илажларды белгилеп алды.
Еки мәмлекет шегара-өткериў пунктлеринде жумыс алып барып атырған ири инспекциялық-тексериў комплекслеринен алынған рентген-сканер сүўретлерин зәрүр жағдайларда өз-ара алмасыўға келисилгени де айрықша әҳмийетке ийе.
Мәселен, бир жүк автотранспорт қуралы избе-из түрде еки мәмлекеттиң де шегара-бажыхана постларында қайтадан инспекциялық қадағалаў қурылмасынан өткерилмеўи мүмкин. Бул болса, жүк автотранспорт қуралларының автомобиль тығылысы жүзеге келмеўине өз үлесин қосатуғыны тәбийғый жағдай.
Жақында қол қойылған энергия ресурслары өзбек-қазақ бажыхана шегарасынан алып өтилиўинде биргеликте бажыхана қадағалаўынан өткериў ҳаққындағы келисимди турмысқа енгизиў мәселеси де жумыс бабындағы ушырасыўдың дыққат орайында болды.
Жуўмақлап айтқанда, өз-ара бирге ислесиў келеси жылы да жоқары пәтлерде сақланып қалады. Соның ишинде, келеси жылдың март айында Ташкент қаласында еки мәмлекет бажыхана хызметиниң қәнигелери Өзбекстан ҳәм Қазақстанның өз-ара саўдаға байланыслы бажыхана статистикасының бир қыйлылығын тәмийинлеўге қаратылған жумыс бабындағы ушырасыўын өткереди.
Келешектеги ушырасыўларда болса «С.Нажимов» (Өзбекстан) – «Қазыгурт» (Қазақстан) ҳәм «Сырдәрья» (Өзбекстан) – «Атамекен» (Қазақстан) шегара-бажыхана постларын қайта қурыў мәселелери додаланады.
Өзбекстан – Қазақстан бажыхана хызмети басшыларының келисиминде тәреплердиң өз-ара тәжирийбе алмасыўы да нәзерде тутылған еди.
Сол мақсетте 2021-жыл 20-24 декабрь күнлери бир топар өзбекстанлы бажыханашылар Қазақстанның бажыхана жумысы, әсиресе, мәлимлеме системаларын толық үйрениў, усы тийкарда бажыхана системасын жетилистириўге қаратылған жаңа усынысларды ислеп шығыў мақсетинде усы мәмлекетте болып қайтты.
Хызмет сапары даўамында Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң ўәкиллери Қазақстанның Нур-Султан аэропорты, Транспорт логистика орайы, Бас прокуратура жанындағы Ҳуқықый статистика ҳәм арнаўлы есап комитети, Мәлимлеме технологиялары жойбарлары халықаралық технопарки, Қазақстан Республикасы Финанслық мониторинг агентлигиниң жумысы менен жақыннан танысты.
Нур-Султан аэропорты бир суткада 18 мың жолаўшыға хызмет көрсетиў ҳәм 600 тонна жүклерди өткериў имканиятына ийе. Соған қарамастан, процесслерге алдынғы мәлимлеме технологияларының тартылғаны себепли бул жерде хызмет алып барып атырған бажыхана хызметкерлери бир сменада дерлик 13-14 ти қурайды. Жолаўшылардың жүклери тийкарынан рентген-сканер көринислери бажыхана тексериўинен өткериледи.
Нур-Султандағы Транспорт логистика орайы ҳәм бул жерде шөлкемлестирилген Электрон декларациялаў орайында болса жүклердиң қәўип-қәтерлерин басқарыў системасы арқалы бажыхана рәсмийлестириўинен өткериледи. Рәсмийлестирилген декларациялардың тийкарғы бөлеги «жасыл» (80 процент) ҳәм «сары» (20 процент) коридорларға бағдарланады.
Ҳәзирги ўақытта Қазақстанда бажыхана ҳәм салық тараўында жумыс жүргизиў бойынша жәми 16 мәлимлеме системасының жумысы енгизилген. Мәмлекетте жылына 1,2 миллионнан аслам бажыхана жүк декларациялары электрон түрде рәсмийлестириледи. Бажыхана бақлаўы астындағы транспорт қураллары GPS навигациялық пломбалары тийкарында қадағаланады.
Жумыс бабындағы ушырасыў даўамында Қазақстан бажыхана делегациясы пайтахтымыздағы Шайх Хованди Тоҳур ҳәм Төлебий мавзолейлерин зыяратлады.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер онда көрилген мәселелер бойынша тийисли биргеликтеги билдириўге қол қойды.
Бул жумыс бабындағы ушырасыў еки мәмлекетти байланыстырып турған шегара-бажыхана постларының өткериўшеңлигин буннан былай да арттырыў, пост арқалы ҳәрекетленип атырған физикалық тәреплер ушын және де жеңилликлер енгизиў ҳәм транспорт қураллары ҳәрекетиниң тезлигин тәмийинлеўге хызмет етеди.
Н.АБДУРАИМОВА,
ӨзАның хабаршысы