Елимизде және бир қуўанышлы хабар усы жыл 16-декабрь күни ЮНЕСКОның Материаллық емес мәдений мийрасты сақлаў ҳүкиметлераралық комитети тәрепинен бақсышылық көркем өнери Инсанияттың материаллық емес мәдений мийрасы репрезентатив дизимине киргизилди. Әлбетте, бул дүнья жәмийетшилигиниң халқымыздың бийбаҳа бақсышылық көркем өнерине болған үлкен ҳүрмет-итибарының айқын көриниси есапланады.

Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги ҳәм Ѳзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы тәрепинен “Миллий мәдений мийрасымыз жәҳән нәзеринде” атамасында илимий-әмелий семинар шөлкемлестирилди.

Семинарда тараў қәнигелери, илимпазлар, филиал профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар, сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери  қатнасты.

Илажда Өзбекстан халық бақсысы Ғ.Өтемуратов ҳәм Қарақалпақстан халық бақсысы “Халық дөретиўшилиги” кафедрасы доценти Г.Ахымбетовалар шығып сөйлеп, миллий мәдений мийрасларымыз болған бақсы, жыраўларымыздың халықаралық шөлкем тәрепинен тән алыныўы, оның дүнья бойлап танылыўында бул әҳмийетли жаңалықтың мазмунына айрықша тоқтап өтти.

Буннан соң, педагогика илимлери бойынша философия докторы (Phd) А.Ережепов «Бақсы ҳәм жыраўлардың халықаралық фестивалларда тутқан орны», “Халық дөретиўшилиги” кафедрасы оқытыўшысы, педагогика илимлери бойынша  философия докторы (Phd) Ы.Моянов “Қарақалпақстан бақсышылық көркем өнериниң және де раўажланыўының концептуаллық мәселелери” темаларында баянат жасады.

Атап өтилгениндей, бақсышылық көркем өнери ЮНЕСКОның инсанияттың материяллық емес мәдений мийрасы дизимине киргизилиўи бул халқымыздың миллий мәдениятында үлкен тарийхый қубылыс болыўы менен бир қатарда алдымызға жаңа ўазыйпаларды белгилеп берди. Бул ўазыйпа бириншиден қарақалпақ бақсышылық көркем өнерин және де раўажландырыў, оның теориялық, методологиялық тийкарларын жаңа басқышқа көтериў мәселеси менен тиккелей байланыслы екенлиги атап өтилди.

Илаждың екинши бөлими филиал профессор-профессор оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар тәрепинен таярланған сазлы намалар менен даўам етип, жыйналғанларға өзгеше заўық бағышлады.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги