«Мәплер соқлығысыўы ҳаққында»ғы нызамда белгиленген талаплар ҳәм механизмлердиң әмелиятта ислеўине байланыслы мәселелерди мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде үйрениў бойынша жумысшы топардың мәжилиси өткерилди.

Президентимиздиң 2024-жыл 5-июньда «Өзбекстан Республикасының «Мәплер соқлығысыўы ҳаққында»ғы нызамының орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилгенин атап өтиў керек.

Қарарда нызамның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў, нызам менен белгиленген талапларды мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде енгизиўде хызметкерлердиң ҳуқықлары менен мәплерине сөзсиз әмел етилиўин тәмийинлеў, нызамды әмелге киргизиўге ҳәр тәреплеме ҳәм пуқта таярлық көриў сыяқлы мәселелер қамтып алынған.

Усы тийкарда нызамның орынланыўын шөлкемлестириў жумысларын муўапықластырыў бойынша республикалық уйымлараралық комиссиясы дүзилди. Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги ҳәм Әдиллик министрлиги усы комиссияның жумысшы уйымлары етип белгиленди.

Нызамда белгиленген талаплар ҳәм механизмлердиң әмелиятта қолланыўына байланыслы мәселелерди мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде үйрениў бойынша жумысшы топарлар да дүзилди.

Әдиллик министриниң орынбасары Х.Мелиевтиң басшылығында өткерилген жумысшы топардың мәжилисинде әмелге асырылыўы зәрүр болған мәселелерге итибар қаратылды.

Жумысшы топар ағзалары тәрепинен бул нызамның мазмун-мәнисин министрликлер, уйымлар ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының басшы ҳәм жуўапкер хызметкерлерине жеткериў ҳәм келешекте орынланатуғын ўазыйпалар белгилеп алынды.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы