Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жаслар сиясатына бағышланған видеоселектор мәжилиси ҳәм жаслар менен сәўбет басланды.

Мәмлекетимиз басшысы елимизде кейинги жети жыл жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың қәбилети ҳәм потенциалын жүзеге шығарыўда «үлкен секириў дәўири» болғанын атап өтти.

Усы жети жыл ишинде жасларға байланыслы 100 ден аслам нызам ҳәм қарар қабыл етилип, 200 ден аслам жеңиллик берилди.

Тек ғана билимлендириў кредитинен 151 мың жаслар пайдаланды.   Мүтәж шаңарақтан болған және 110 мың студенттиң контрактин төлеўге 332 миллиард сум ажыратылды.

Нәтийжеде жоқары билимлендириўге қамтып алыў 9 проценттен 42 процентке, жоқары оқыў орынларының саны болса 77 ден 212 ге жетти.

 

ӨзА