Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жаслар сиясатына бағышланған видеоселектор мәжилиси ҳәм жаслар менен сәўбет даўам етпекте.

Жасларды исбилерменликке тартыў шеңберинде өткен төрт жылда:

– «Шаңарақлық исбилерменлик» бағдарламалары шеңберинде 13,5 триллион сум кредит ажыратылып, 1 миллион жас бәнт болды;

– «Жаслар дәптери»нен 107 мың ул-қызларымызға 338 миллиард сум субсидия берилди;

– 205 «Жаслар санаат зонасы»да 2,5 триллион сумлық 1,2 мың жойбар  иске түсти.

Жаратылған шараятлар есабынан, бизнесин «ноль»ден баслап, ҳәзирги ўақытта айланысын миллион доллардан асырған 1,5 мың жасларымыз бар.

– Ислесе болады екен ғо! Ең әҳмийетлиси, жасларымыздың жаңа-жаңа идеялары көп. Оларға тек итибар ҳәм шараят керек, – деди Президент.

ӨзА