«Ўздаверлойиҳа» мәмлекетлик жер дүзиў илимий-жойбарлаў институты Қарақалпақстан бөлиминиң жас қәнигеси Руслан Генжебаев жаңа инновациялық идеяны әмелге асырып, жер мониторингин жүргизиўди аңсатластыратуғын, системаны жаңа технологияларға сай әдеўир алға илгерилетиўши жер информациялық системасын – «ГИС» ти ислеп шықты.

Жас қәниге Р.Генжебаев «Ўздаверлойиҳа» институты Қарақалпақстан бөлиминиң ислеп шығарыўды автоматластырыў ҳәм геоинформатика бөлими баслығы лаўазымында жумыс ислейди. Оның тийкарғы жумысынан қол үзбеген ҳалда бир ярым жыл ишинде ислеп шыққан инновациялық технологиясы қәнигелердиң пикиринше, жер дүзиў саласында ойлап табылған үлкен сенсациялық жетискенлик болды. Руслан Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысына жаңалықты жеткере отырып, бағдарламаны ислеп шығыўдың барысы, өндиристе пайдаланылып киятырған функциясы, уқсас басқа әсбап-үскенелерден оның артықмашылығы, сондай-ақ, өз қәнигелигин ҳәм ислеп атырған тараўын келешекте және де раўажландырыўда ГИС тиң әҳмийети туўралы мағлыўматлары менен бөлисти.

– Руслан, Сиз ислеп шығарыўды автоматластырыў ҳәм геоинформатика бөлими баслығы сыпатында мәмлекетлик жер кадастрын жүргизиў процесинде мағлыўматлар менен ислесиўди технологиялық жақтан жетилистириўге жуўапкерсиз, солай ма? 

– Мәмлекетлик жер кадастры республикамыздағы жерлердиң тәбийғый, хожалық ҳәм ҳуқықый режими, олардың түрлери, сапа көрсеткишлери менен баҳасы, жайласқан мәнзили және өлшемлери, олардың жер ийелерине, жерден пайдаланыўшыларға бөлиниўи ҳаққындағы зәрүрли, исенимли мағлыўматлар ҳәм ҳүжжетлер системасынан ибарат. Мәмлекетлик жер кадастрын жүргизиўди, жерден пайдаланыўды, жер дүзиўди, жер қорынан белгиленген мақсетте ақылға уғрас пайдаланыў үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыўды, жерлерди қорғаўды мағлыўматлар менен тәмийинлеў жер мониторинги тийкарында әмелге асырылады. Ал, жер мониторинги жер қурамындағы өзгерислерди өз ўақтында анықлаў, жерлерге баҳа бериў, унамсыз процесслердиң алдын алыў ҳәм усындай процесслердиң ақыбетлерин сапластырыў ушын жер қорының жағдайын бақлап турыў системасынан ибарат. Сондай-ақ, жер мониторингин өткериўде аўыл хожалығы егинлерин егиў ҳәм агротехникалық илажлардың әмелге асырылыўы барысын бақлап барыў жумыслары үлкен әҳмийетке ийе.

Усы илажларды әмелге асырыў Өзбекистан Республикасы жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастры мәмлекетлик комитети, сондай-ақ, усы комитет қурамындағы «Ўздаверлойиҳа» мәмлекетлик жер дүзиў илимий-жойбарлаў институты ҳәм бизлердиң бөлимге жүкленеди.

– Тараўыңызды жедел раўажландырыўда ойлап тапқан технологияңыздың қәншелли нәтийжеси болады, деп ойлайсыз?

– Жер мониторингин жүргизиўде бурынғы дәстүрий әмеллер өз әҳмийетин жоғалтты. Ҳәзирги дәўирде ҳәр бир тараў жаңа технологиялық жетискенликлерге сай жумыс искерлигин қайтадан көрип шығыўға мәжбүр. Сол себепли жаңа технологияларды пайдаланыў бойынша инновациялық идеяларды әмелге асырыў ушын кең жол ашылып, жер мониторингин өткериўде ҳәзирге шекем пайдаланылып келинген жумыс усылын өзгертиў мүмкиншиликлери жаратылмақта.

Геоахборот системасы (ГИС) барлық тармақ кадастрларының мағлыўматларын жер кадастры базасында электрон түрде оператив жыйналыўын, системаластырылған тәризде жаңалап барылыўын ҳәм пайдаланылыўын тәмийинлеп береди.

Ҳәзирги күнде жер мониторинги барысында таярлық жумыслары мағлыўматлар жыйнаў, картаға түсириў, дала жумысларында тийисли масштабтағы үлкен карталарды далада ашып бағдар алыў, жағдайды оған түсириў, өлшеў жумысларын әмелге асырыў, өлшемлерди картаға түсириў, есаплаў, талқылаў жумыслары әдеўир қыйыншылықлар туўдырады ҳәм көп ўақытты алады. Ал, ГИС усы жумыслардың барлығын автомат түрде жедел әмелге асырыўға мүмкиншилик жаратады.

Дала шараятында үлкен көлемдеги картаны алып жүриўге мүтәжлик қалмайды, ориентир алыў машқаласы болмайды. Қәнигениң турған орны, жүрген жолы, жөнелиси автомат түрде навигатор тәрепинен көрсетип барылады.

Бағдарламада картаны қәлеген масштабқа келтирип пайдаланыў, егер ситуацияда өзгерислер болған жағдайда интернетке шықпастан бағдарлама ишинде орнатылған космосьемкадан пайдаланыўға болады.

Далада жүргенде өзгерислерди, атызлардың жағдайы ямаса агротехникалық илажлар, оларға егилген егинлер туўралы мағлыўматларды киргизип барыў, атызда GPS арқалы электрон түрде өлшем жумысларын алып барыў, кейин есап-санақ жумысларын ислеў, ҳәттеки аралықтан турып орайласқан базаға информацияны жыйнаў, тийисли мәнзилге жибериў, мағлыўматларды ArcGIS, Mapinfo арнаўлы бағдарламаларында қайта талқылаў мүмкиншилиги бар.

– Мағлыўматларға қарағанда, усы күнге шекем тараўда пайдаланылып киятырған сырт еллердиң әсбап-үскенелери  сизиң бағдарламаңыз орынлайтуғын функциялардың тек 30 процентин ғана әмелге асырып келген. Қәнигелердиң «қол мийнети»н жеңиллеткен технологияңыздың және қандай абзаллықлары бар?

– Ҳәзирги ўақытта өндиристе пайдаланылып киятырған жер өлшеўге арналған GPS Pro Mark-2, сондай-ақ, жақында комитет тәрепинен сатып алынған StoNEX үскенесинде космосъёмка, аўыл-хожалық карталарын жайластырыў имканияты жоқ. Олардың баҳасы анағурлым қымбатлығы, үлкен габарит өлшемге ийелиги, аўырлығы ҳәм электр энергиясы менен қуўатлаў көп ўақытты алыўы менен жумыс ислеўде қыйыншылық туўдырады.

Ал, жаңа бағдарлама басқа үскене талап етпейди. Ол ҳәзирги ўақытта ҳәр бир қәниге пайдаланып атырған Android операцион системасындағы телефон аппаратында ислей береди. Телефонлардағы басқа бағдарламалар ямаса ойынлар сыяқлы аңсат басқарылады, үйрениў де жүдә аңсат.

– ГИС тиккелей спутник арқалы бәрқулла байланыста болыў имканиятын жаратар екен, демек узақ жолға шыққан, таныс емес мәнзилге баратырған әпиўайы пуқара да оны телефонына жалғап алыўы мүмкин. Хош, бағдарлама пайдаланыўға қойылды ма, оннан бәршемиз пайдаланыўымыз мүмкин бе?

– Бул бағдарламаны тек жер дүзиў тараўында емес, тәбиятты қорғаў комитети, тоғай хожалығы, суў хожалығы, транспорт ҳәм туризм тараўларында да жемисли пайдаланыў мүмкин. Бирақ ГИС ҳәзирше тәжирийбе сыпатында үйренилмекте, толық пайдаланыўға қойылмады.

«Ергеодезкадастр» мәмлекетлик комитетиниң ҳәм «Ўздаверлойиҳа» институтының басшылары тәрепинен усы бағдарламаға айрықша баҳа берилди. Жақын арада комитет комиссиясында қарап шығылып, рәсмий қолланыўға қойыў илажлары әмелге асырылатуғыны билдирилмекте.

– Адамзат цивилизациясына дөңгелектиң ойлап табылыўы қандай тәсир көрсеткен болса, «ГИС» атамасы берилген жаңа бағдарлама да жер дүзиў тараўының қәнигелери ушын усындай үлкен жетискенлик болды, -дейди «Ўздаверлойиҳа» институты Қарақалпақстан бөлиминиң 1-жер дүзиў топары баслығы Оразбай Ережепов. – Өзбекистан көлеминде үлкен жаңалық болып атырған бағдарламаның интернетке байланыс болмайтуғын дала майданларында, теңизде хызмети бийбаҳа.

Жас қәниге Руслан Генжебаевтың  инновациялық идеяларының сырт еллерде де даңқы шығып, ақылый потенциалының мүнәсип баҳаланыўы шешимин күтип турған әҳмийетли мәселелерден саналады.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.