Кувейт фармацевтика санааты жетекши компаниясының ўәкиллери менен ушырасыў өткерилди

272

Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлигиниң директоры Абдулла Азизов Кувейт қаласында еки мәмлекеттиң жүзден аслам ири компания ҳәм қаржы институтларының қатнасыўында өткерилген Өзбекстан – Кувейт бизнес-форумына қатнасқаны ҳәм бир қатар ири компаниялардың басшылары менен бирге ислесиўди раўажландырыў, инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша сөйлесиўлер өткергени ҳаққында хабар берген едик.

Агентлик баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, Абдулла Азизов «KSPI» (Kuwait Saudi Pharmaceutical Industries) ҳәм «Gulf Care» компанияларының ўәкиллери менен ушырасты.

«Tashkent Pharma Park» инновациялық илимий-өндирислик фармацевтика кластери аймақлардағы жаңа инвестициялық жойбарлар, елимизде фармацевтика тараўында әмелге асырылып атырған имканиятлар ҳәм жеңилликлер ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берилди.

KSPI (Kuwait Saudi Pharmaceutical Industries) 1980-жылы шөлкемлестирилген болып, Кувейттиң бирден-бир фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыўшы компаниясы болып табылады. 120 дан аслам фармацевтика өнимлерин табыслы ислеп шығыў ҳәм тарқатыў бойынша үлкен тәжирийбеге ийе. Компания жергиликли ҳәм қоңсылас мәмлекетлердиң фармацевтика базарын 85 процент өним менен тәмийинлеп келмекте. «Gulf Care» болса Персия қолтығы мәмлекетлеринде медициналық әсбап-үскенелер, медициналық ҳәм лабораториялық хызметлерди жеткерип бериў бойынша тийкарғы компания болып табылады.

Моҳигул Қосимова,

ӨзАның хабаршысы