Жаңа Өзбекстанды заманагөй билимли жаслар қурады

Бүгинги күнде дерлик барлық тараўларда системалы анализ, заманагөй билим түсиниклери кирип келди. Системалы анализ, заманагөй билим мәселеси логикалық ҳәм критикалық ойлаў тәризи менен байланыслы болғанлығы ушын да бүгинги дәўирдиң ең актуаль мәселелери қатарына киреди. Президентимиз тәрепинен мәмлекетимиздиң жаслары менен ушырасыўындағы билдирилген пикирлериниң тийкарғы мазмун-мәниси жасларымыздың мийнет базарынан мүнәсип орын ийелеўге, исбилерменлик қәбилетлерин раўажландырыў бойынша қабыл етилген 3 ҳүжжетлерге, камбағаллықты билим арқалы қысқартыўға, китапқумарлық мәдениятын раўажландырыўға, шет тиллерин пуқта өзлестириўге, билимлендириў системасындағы жойбарларға, жасларымыздың санасында идеологиялық иммунитетти қәлиплестириўге, заманагөй билимлерди тереңнен өзлестириўине итибар қаратылды.
2025-жылы 14-февраль күни Көксарай резиденциясында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мәмлекетимиз жаслары менен сөйлесиўи болып өтти. Ушырасыўда жаслар менен ислесиўдиң нәтийжелилигин және де арттырыў, оларға және де кең имканиятлар жаратыў илажлары додаланды ҳәм белсенди жаслардың усыныслары тыңланды. «Уллы шайырымыз Еркин Ваҳидовтың айтқанындай, жаслық – бул жүректиң алтын сөзи. Буған қосымша етип, жаслар – халқымыздың, Ўатанымыздың алтын фонды, десек дурыс болады. Халқымыздың 60 процентин жаслар қурайтуғыны да бул пикирди тастыйықлайды. Бүгинги күнде биз мәрт ҳәм жигерли халқымызға, күш-ғайратлы жасларымызға исенгенимиз ушын өз алдымызға үлкен-үлкен мақсетлер қоймақтамыз, шеклерди бәлент алып атырмыз. Келешекте Үшинши Ренессанс тийкарын жарататуғын жаңа Хорезмийлер, Берунийлер, Ибн Синалар, Мырза Улығбек ҳәм Әлийшер Наўайылар қай жерден пайда болады? Бул үлкен ўазыйпаларды ким орынлайды? Мен қайта-қайта тәкирарлаўдан шаршамайман. Әлбетте, бул ийгиликли идеяларды сизлер – бүгинги Жаңа Өзбекстан жаслары әмелге асырасызлар» – деп атап өтти Президент.
Президентимиз тәрепинен жоқарыда билдирилген пикирлери жасларымызды заманагөй билим арқалы Жаңа Өзбекстанды қурыўға бағдарлап атырғанлығынан дерек береди. Заманагөй билим бул заман талабына жуўап бере алатуғын билим болып есапланады. Заманагөй билим дегенде ҳәр бир жаңа дәўир, заман талабынан келип шығатуғын, жәмийеттеги билимлендириў реформаларының теориялық ҳәм әмелий механизмлерин қамтып алған, раўажланыўға хызмет ететуғын, билим алыўшылар ҳәм билим бериўшилердиң мәплерин жәмлестиретуғын, инновациялық идеяларға системалы анализ ҳәм критикалық мүнәсибетти қәлиплестире алатуғын заманагөй, интеграциялық, ақыл ҳәм билимге тийкарланған билим процесин түсиниў мүмкин.
Жасларымыз ҳәр қыйлы тараўлардағы жетискенликлери менен заманласларына өрнек болып атырғаны атап өтилди. Ҳәзирги ўақытта дүньядағы «топ» жоқары оқыў орынларында 1,5 мыңнан аслам студентлеримиз билим алмақта. Бул Өзбекстан ушын тарийхта бақланбаған ўақыя. Жақында Бирлескен Араб Әмирликлеринде өткен үлкен форумда Ташкент қаласындағы Президент мектеби глобаллық дәрежеде ең абырайлы номинацияда жеңимпаз деп табылды. «Буның тийкарғы факторы неде, деп сорасаңыз, мен бәринен бурын жасларға мүнәсибет мәмлекет көлеминде пүткиллей өзгергенде, деп жуўап берген болар едим. Ул-қызларымыз жаслар мәселеси мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарына айланғанын сезинип, өзлерине шексиз күш алмақта» – деди Президент.
Заманагөй билим белгили бир зәрүрлик ҳәм талаптан келип шығады. Жасларымызда заманагөй билимге болған талап ҳәм зәрүрлик асып барғанда ғана, ол кирип келеди ҳәм билимлендириў системасының раўажланыўына тәсир етеди. Президентимиздиң басламасы менен жасларымыз ушын жаратылып атырған билимлендириў системасындағы имканиятлар жасларымыздың билимди ийелеўге болған талапларының артыўына түртки болмақта. Себеби, бүгин заманагөй билимсиз раўажланыўға ерисиў қыйын процесс болып есапланады.
Ҳәр жылы мийнет базарына 600 мыңнан аслам жаслар кирип келмекте. 2030-жылға барып бул көрсеткиш 1 миллионға жетеди. Бул мәмлекет ҳәм жәмийетке үлкен жуўапкершилик жүклейтуғыны атап өтилди. Бул бағдарда жасларды қоллап-қуўатлаў системасы жаратылды. Тек ғана «Жаслар дәптери» арқалы өткен жылы 180 мың жасқа 345 миллиард сумлық жәрдем көрсетилди. Өткен 8 жылда жас исбилерменлердиң саны 3 есеге көбейип, бүгин бизнес ўәкиллериниң дерлик 40 процентин жаслар қурамақта. Жумыссыз жаслар 2 есеге азайды. Жумыссызлықтан аўлақ мәҳәллелердиң саны 1 мың 889 ға жетти.
Алдын жоқары билимлендириўде 1 орын ушын кеминде 10 жигит-қыз бәсекилесетуғын еди. Қысқа дәўирде жоқары оқыў орынларының саны 3 есеге көбейтилди. Системада қамтып алыў 42 процентке жетти. Ҳаял-қызларға контракти мәмлекет тәрепинен қаплап берилип атырғаны есабынан студент қызлардың саны 11 есеге көбейди. «Мен бир турмыслық пикирди тәкирарлаўдан шаршамайман: бир қызды оқытсақ, пүткил шаңарақты оқытқан боламыз. Шаңарақ билимли, ағартыўшы болса, пүткил жәмийет билимли, ағартыўшы болады. Бул бағдардағы жумысларды және де жедел даўам еттиремиз,» – деди Президент. Билим бул ашық система. Барлық раўажланған мәмлекетлердиң билимлендириў системасын көрип шығатуғын болсақ, билимдеги ашықлылықтан ғана көплеген жетискенликлерге ерискениниң гүўасы боламыз.
Өткен 25 жыл ишинде мәмлекет есабынан 800 жас сырт елге оқыўға жиберилген болса, тек ғана «Эл-юрт умиди» фонды арқалы соңғы 7 жылда 3 есеге көп ул-қызларымыз бундай имканиятқа ийе болды. Енди, Жаслар агентлиги сырт елде оқып атырған ҳәр бир студентке бас болып, талапларын анықлаўы, Ўатанға қайтып, өз орнын табыўы, табыслы карьера қылыўы сыяқлы мәселелерде Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги менен теңдей жуўапкер болатуғыны белгиленди.
Және бир ибратлы мысал – «Китапқумар миллет» идеясы тийкарында жасларда китапқумарлық мәдениятын қәлиплестириў улыўма миллий ҳәрекетке айланды. Дәстүрий тәризде өткерилип атырған «Жас китапқумар» таңлаўында қатнасыўшылардың саны 6 есеге артып, 3 миллионға жетти. Бир топар белсенди жаслар тәрепинен жаратылған «Оқыў» жойбары арқалы 1 миллионнан аслам жас китапқумарлар қатарына кирди.
Жаңа бир билимлендириў реформасы кирип келгенде, бир ески билимлендириў системасын жаңасы менен алмастырыў процесин жоқарыдағы билимлендириў системасында алып барылып атырған реформалар мысал болады. Бүгинги күнде заманагөй билим системасын енгизбей турып, заман талабына сай кадрларды жетилистирип болмайды.
Ҳәзирги жедел информация алмасыў дәўиринде жас әўлад, әсиресе, балаларымыз ушын миллий контентлерди жаратыў әҳмийетли ўазыйпа болып табылады. Бундай контентти бақша ҳәм мектептеги билимлендириў процесслеринде көрсетиў арқалы және де ғалаба ен жайдырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Президент бүгин жаслар исбилерменлигинде пүткиллей жаңа дәўирди баслап беретуғын 3 үлкен ҳүжжетке қол қойғанын жәриялады. Биринши ҳүжжетке муўапық, Жаслар агентлиги жанында Жаслар исбилерменлигин раўажландырыў фонды шөлкемлестирилип, оған 100 миллион доллар қаржы ажыратылды. Енди исбилермен жасларға 2,5 миллиард сумға шекем жеңиллетилген кредитлер бериледи, басламашы жаслардың стартап жойбарларына 2 миллиард сумға шекем инвестиция киргизиледи.
Билимлендириў процеси – бул қурамалы система болып есапланады, себеби ол өз-ара структураластырылған элементлерден қуралады: мектепке шекемги билим, улыўма орта билим, орта арнаўлы кәсип-өнер билими, жоқары билим, билим бериўши, билим алыўшы ҳ.т.б. Бул элементлер өз-ара иерархиялық тәртипте бирлескен ҳәм бирден бир мақсетке қарай умтылады, усы мақсетти әмелге асырыў ушын зәрүрли функцияларды орынлайды. Билимде тек ғана жоқары билимди яки орта билимди, мектепке шекемги билимди, кәсиплик билимди реформа қылып нәтийжеге ерисип болмайды. Ҳәр қандай реформалап қолланылғанда билимниң төменги басқышынан жоқарыға шекем өз басқышына сай тәризде қолланылса ғана нәтийжеге ерисиў мүмкин. Президентимиздиң басламасы менен жоқары билимлендириў системасына көплеген заманагөй реформалар кирип келди.
Бүгинги күнде жоқары оқыў орынларын тамамлап атырған 90 мың жас қәнигелиги бойынша жумыс табыўда қыйыншылық көрмекте. Сонлықтан, екинши қарар менен жоқары оқыў орны питкериўшилериниң бәнтлигин тәмийинлеў бойынша жаңа система жаратылмақта. Буның ушын Миллий банкке 100 миллион доллар ресурс бериледи. Банк Жоқары билимлендириў министрлиги ҳәм Саўда-санаат палатасы менен биргеликте жоқары оқыў орны питкериўшилериниң баслама ҳәм идеяларын жойбарға айландырыў бойынша жаңа банк хызметлери пакетлерин енгизеди. Сондай-ақ, питкериўшилерди жумыс пенен тәмийинлеў бойынша ҳәкимлер, банк ҳәм кәрхана басшыларынан ибарат комиссия дүзиледи. Комиссия жумыс орынларын жаратыў, кадрларға мүтәжлик, бос орынларға жасларды жайластырыў мәселелерин шешеди.
Президент қол қойған үшинши ҳүжжетке муўапық, Алоқабанк жаслардың бизнес жойбарларын қоллап-қуўатлайтуғын таяныш «жаслар банки»не айландырылып, оған 200 миллион доллар ажыратылды. Банк өзин-өзи бәнт еткен жаслардың жойбарлары ушын 100 миллион сумға шекем 7 жыл мүддетке жеңиллетилген микроқарыз ажыратады. Сондай-ақ, жеке тәртиптеги исбилермен болған, кеминде 20 жасты жумысқа алып, киши кәрхана ашқан ҳәм оқыў орайын шөлкемлестирген жас исбилерменлерге 7 жыл мүддетке 5 миллиард сумға шекем жеңиллетилген кредит бериледи. Банк кредитлериниң кеминде 30 проценти ҳаял-қызлар исбилерменлиги ушын бағдарланады. Аймақларда «жаслар бизнес инкубаторы» шөлкемлестирилип, жаслардың идеялары стартапқа айландырылады, 6 айдан 3 жылға шекем қоллап-қуўатланады, таяр бизнес, кәрхана дәрежесине алып шығылады. «Алоқа венчур» фонды арқалы стартапларға 50 мыңнан 1 миллион долларға шекем инвестиция киргизилип, өним ҳәм хызметлерди ишки ҳәм халықаралық базарларда сатыў, бизнес шерик табыў, қосымша инвестициялар тартыўға жәрдемлеседи.
Инсан ушын ана тили менен бирге шет тиллерин билиў дүньяға шығыўда жүдә әҳмийетли. Әсиресе, саўдада буның орны шексиз. Енди, шет тиллерден «С1» дәрежесине ийе болған жаслар баслама көрсетип, алыс ҳәм шетки аймақларда шет тиллерге қәнигелескен оқыў орайларын ашса, оларға 120 миллион сумға шекем процентсиз ссуда бериледи. Сондай-ақ, мийнет базарына тил билетуғын жаслардың кирип келиўин хошаметлеў ушын мәмлекетлик емес оқыў орайларында шет тиллерин үйренетуғын жасларға қәрежетлери «2+6» түринде қаплап бериледи. Онда оқыў қәрежетлериниң дәслепки 2 айы оқыўшылардың өз қаржысынан, қалған 6 айы мәмлекет есабынан төлеп бериледи.
Сөйлесиўде кәмбағаллықты қысқартыўдың ең нәтийжели шешими билимлендириў екени атап өтилди. Соның ушын кем тәмийинленген шаңарақта кеминде бир перзент жоқары мағлыўматлы болыўы ушын зәрүр шараятлар жаратылады. Енди кәмбағал шаңарақтың перзентине тәлим кредити процентсиз бериледи, қосымша грант ажыратылады, контракт төлеминиң бир бөлеги қаплап бериледи. Және бир жаңалық – қәбилетли, билимге қуштар, бирақ, аўыр шаңарақлық шараяты себепли оқыў имканиятына ийе болмаған жасларды сырт елде оқытыў бойынша жаңа система – «Жарқын талант» жойбары енгизиледи. Онда ҳәр бир мәҳәлледен социаллық қорғаўға мүтәж, билимге қуштар жаслар таңлап алынып, қәбилети анықланады. Олардың потенциалына сәйкес сырт ел жоқары оқыў орны таңлап алынып, таярлаў курсларында оқытылады.
Келеси оқыў жылынан баслап оқыўшылар арасында инженерлик олимпиадалары ҳәм таңлаўларын өткериў жолға қойылады. Жеңимпаз болған питкериўши жаслар техника жоқары оқыў орынларына грант тийкарында оқыўға киреди. Бүгинги күнде идеологиялық қәўип-қәтерлер әлле қашан кибермәканға көшип өткени атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен жасларымызда интернеттен пайдаланыў мәдениятын буннан былай да арттырыў, олар жалған мағлыўматлардың қурбанына айланыўының, дүньяқарасы унамсыз идеялар тәсиринде қәлиплесиўиниң алдын алыў әҳмийетли екенлиги көрсетип өтилди. Перзентлеримиздиң руўхый тәрбиясы ҳәм идеологиялық иммунитетин күшейтиў, оларды жат идеялардан сақлаў ҳәр биримиздиң ўазыйпамызға айланыўы шәрт екенлиги атап өтилди.
Дүньяның бүгинги көриниси пүткиллей өзгермекте. Оның техникалық ҳәм технологиялық имканиятлары күн сайын раўажланып, гуманистлик жәмийетлер техноген жәмийетлерге айланып баслады. Бул инсан шахсының техногенетикалық мәплердиң теңизине батып кетиў қәўипин де туўдырмақта. Техноген жәмийетлер технократиялық басқарыўға өтип, жанлы инсанның гуманистлик идеяларын аяқ асты етиў қәўипи де жоқ емес. Бундай жағдайда инсан мәплерин миллий қәдириятларға садықлық сезими ғана қутқарып қалады.
Жуўмақластырып айтқанда, Президентимиз тәрепинен билимлендириў системасындағы жаратылған барлық имканиятлардан үнемли ҳәм нәтийжели пайдаланып атырған жаслар, соның менен бирге, Жаңа Өзбекстанды заманагөй билимли жаслар ғана қурайды.
С.Сулайманов,
Тарийх факультети деканы
тарийх илимлериниң докторы, доцент (DSc)
А.Оразбаев,
Социаллық пәнлер кафедрасы доценти PhD.
Қарақалпақстан хабар агентлиги