Жас шаңарақ жарастырылды

313

Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы Әмиўдәрья районлық бөлими хызметкерлери тәрепинен бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте алып барылған үгит-нәсиятлаў жумысларының нәтийжесинде және бир шаңарақ жарастырылды.

Пуқаралық ислери бойынша Әмиўдәрья районлық судының 2023-жыл 27-октябрьдеги буйрығы тийкарында С.Сның пайдасына оның тәрбиясындағы еки жас өспирим перзентиниң тәмийнаты ушын қарыздар К.Жның ҳәр айдағы жәми дәраматының 1|3 бөлеги муғдарында алимент өндириў белгиленген еди. Бул суд буйрығы тийкарында Мәжбүрий орынлаў бюросы Әмиўдәрья районлық бөлими мәмлекетлик атқарыўшысы тәрепинен орынлаў ҳәрекетлери алып барылды. Атап айтқанда, алимент төлеўши ҳәм алыўшы жасайтуғын мәҳәлле баслығы менен биргеликте ажырасқан шаңарақты жарастырыў бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылған.

Нәтийжеде өндириўши ҳәм қарыздар Бюроның Әмиўдәрья районлық бөлимине келип, ҳәзирги күнде бирге жасап атырғанлығын билдирди ҳәм алимент өндириў ҳаққындағы суд қарарының орынланыўын тамамлаўды сорап өтиниш хатын берди. Ҳәзирги ўақытта, жас өспирим перзентлер толық шаңарақлық орталықта камалға келмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги