Аймақларды раўажландырыўда халықаралық бирге ислесиў

192

Әмиўдәрья районының ҳәкими С.Хожаметов ҳәм район ҳәкиминиң инвестициялар, санаат ҳәм саўда мәселелери бойынша орынбасары Х.Хайтимветовлар Қытай Халық Республикасында хызмет сапарында болып турыпты, деп мағлыўмат береди район мәлимлеме хызмети бөлими.

Сапар даўамында районның экспорт потенциалын арттырыў ҳәм жаңа инвестиция жойбарларын киргизиў мақсетинде бир топар исбилерменлер менен ушырасыўлар өткерип, сөйлесиўлер алып барылмақта.

Атап айтқанда, Чанша қаласындағы Hunan Jinlong Cable Technology Co., Ltd компаниясы менен кабель өнимлерин ислеп шығыў жойбары шеңберинде баҳасы 10,0 АҚШ долларлық келисим ҳәм шәртнамаларға қол қойыўға ерисилди.

Сондай-ақ, Елликқала районының ҳәкими В.Ниязымбетов ҳәм бир топар исбилерменлер де ҳәзирги ўақытта усы мәмлекетте хызмет сапарында болып турыпты.

Сапарда Қытайдың ири компаниялары менен нәтийжели ушырасыўлар шөлкемлестирилмекте.

Буннан гөзленген тийкарғы мақсет районға инвестицияларды жедел киргизиўден ибарат.

Район ҳәкимлери ҳәм исбилерменлердиң хызмет сапары даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги