Өзбекстан делегациясы Анкарада тарекс системасы бойынша тәжирийбе алмасты

276

Тарекс – өним қәўипсизлиги концепциясы шеңберинде ислеп шығылған мәлимлеме системасы болып, өнимниң тийисли техникалық регламенти ямаса стандартларына муўапық емеслигин анықлаў ушын қәўипти таллаўды әмелге асырады.

Техникалық жақтан тәртипке салыў тараўында қадағалаў инспекциясының баслығы А.Абдураҳманов басшылығындағы делегация ағзалары Түркия Саўда министрлигиниң мирәт етиўине бола Анкара қаласына барды.


2024-жылы Өзбекстан Республикасы Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги ҳәм Түркия Саўда министрлиги арасында бирге ислесиў жолға қойылған. Бул бирге ислесиў шеңберинде делегация Түркияға кирип атырған импорт өнимлериниң қәўипти таллаў процесин үйрениў ҳәм тәжирийбе алмасыў мақсетинде тарекс мәлимлеме системасының жумыс менен танысты.

Гулноза Бобоева,

ӨзАның хабаршысы