Турақлы ҳәм мәўсимлик жумысларға жолламалар берилди

222

Халықты жумыс пенен тәмийинлеў, олардың турмыс шараятларын жақсылаў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумыслардың даўамы ретинде, Беруний районы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке жәрдемлесиў бөлими ҳәм Беруний районлық ИИБ ЖҚХ Пробация топары менен биргеликте бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилди.

Бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасында Беруний районы аймағындағы 11 кәрхана ҳәм шөлкемлерден 26 бос жумыс орынлары қойылды.

Ярмаркада 59 жумыс пенен бәнт болмаған ҳәм профилактикалық есапта туратуғын пуқаралар қатнасты. 17 пуқараға турақлы ҳәм мәўсимлик жумысқа жайласыў ушын жоллама берилди, – дейди Беруний районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети бөлими  баслығы А.Уразова.

Қарақалпақстан хабар агентлиги