Жоқары оқыў орны питкериўшилериниң жумысқа жайласыўына жәрдемлесиўши «Келешекке қәдем» бағдарламасы әмелге асырылады

Жоқары билимлендириў мәкемелериниң питкериўшилерин жумыс пенен тәмийинлеўге жәрдемлесиў мақсетинде Президенттиң 2025-жыл 14-февральдағы қарарына муўапық, «Келешекке қәдем» бағдарламасы әмелге асырылатуғыны белгиленди. Бул бағдарлама питкериўшилердиң мийнет базарына бейимлесиўшеңлигин арттырыў, оларды жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм өзиниң бизнес жойбарларын жолға қойыўы ушын зәрүр шараят жаратыўға қаратылған.
Бағдарлама шеңберинде исбилерменлик жумысын баслаў тилегинде болған жоқары билимлендириў мәкемелериниң питкериўшилери ушын арнаўлы бағдарлар ислеп шығылады. Оларға бизнес идеяларын таяр жойбар дәрежесине жеткериўде толық жәрдем бериледи. Онда, питкериўшилер ушын қолайлы қаржыландырыў механизмлери енгизилип, олардың исбилермен сыпатында қәлиплесиўи ушын барлық зәрүр шараятлар жаратылады.
Сондай-ақ, жоқары билимлендириў мәкемелериниң питкериўши ҳәм төменги басқыш студентлерине тараўға сәйкес түрде ашық таңлаўлар шөлкемлестириледи. Бул таңлаў жеңимпазлары мүнәсип жумыс орынлары менен тәмийинлениўи нәзерде тутылған. Бул арқалы питкериўшилердиң әмелий тәжирийбесин арттырыў ҳәм мийнет базарындағы талапларға сәйкес түрде қәнигелик таңлаўы қоллап-қуўатланады.
Бағдарламаға муўапық, потенциаллы жумыс бериўши шөлкемлердиң жоқары мағлыўматлы қәнигелерге болған талаплары талланып, қәнигелик бойынша талаплар қәлиплестириледи. Жумыс бериўшилердиң буйыртпаларына бола таңлаў жеңимпазлары ушын арнаўлы кәсиплик оқыў бағдарламалары ислеп шығылады. Бул бағдарламалар қаржыландырылып, питкериўшилерге өндирис объектлеринде әмелият өтеў ҳәм сырт елдеги жоқары билимлендириў мәкемелеринде қысқа мүддетли оқыў курсларында қатнасыў имканияты жаратылады.
«Келешекке қәдем» бағдарламасы қәнигелердиң жумыс табыў процесин жеңиллетиў, кәсиплик раўажланыўын қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың мийнет базарында бәсекиге шыдамлылығын арттырыўға қаратылған болып, келешекте экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында маман кадрлар жетистириўге хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги