Бирге ислесип, тәжирийбе алмаспақта

201

Билимлендириў тараўында да халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў, олар менен тәжирийбе алмасыўға үлкен итибар қаратылмақта.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Экономика факультети «Бухгалтериялық есап ҳәм аудит» кафедрасының профессор-оқытыўшылары профессор С.Байжанов ҳәм профессор К.Исмайлов Қазақстан Республикасы Х.А.Ясаўий атындағы Халықаралық қазақ-түрк университетинде сапарда болды.

Сапар даўамында университеттиң билимлендириў системасы менен жақыннан танысып шықты. Келешекте бирге ислесиў бойынша өз-ара келисип алынды.

Сапар жуўмағында «Экономика, қаржы ҳәм есап» қәнигелигинде билим алып атырған студент-жасларға мастер класс өткерилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги