Мийнетке уқыпсызлық, ҳәмиледарлық ҳәм жумыстан босатылыў напақалары қамсызландырыў менен әмелге асырылады

250

Ҳәзирги ўақытта Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтпекте.

Мәжилисте дәслеп Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Жаслар мәселелери бойынша комиссиясын дүзиў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.

Мәмлекетимизде жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың имканиятын жүзеге шығарыў тараўында алып барылып атырған реформаларда Олий Мажлис Нызамшылық палатасының қатнасын кеңейтиў, заманагөй дүньяқарас, билим ҳәм көнликпеге ийе жаслардың билимлерин ҳәм демократиялық көнликпелерин раўажландырыў мақсетинде Нызамшылық палатасының Жаслар мәселелери бойынша комиссиясын дүзиў бойынша қарар қабыл етилди.

Буннан соң депутатлар «Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў ҳаққында»ғы нызам жойбарын екинши оқыўда статьяма-статья додалады.

– Ҳәзирги күнде хызметкерлер ўақтынша мийнет қәбилетин жойытқанында ямаса жумыстан босатылғанда социаллық қоллап-қуўатлаўда бир қатар машқалаларға дусласпақта, – деди депутат Моҳира Хўжаева. – Соның ишинде, ҳәмиледарлық ҳәм туўыў соның менен бирге ўақтынша мийнетке уқыпсызлық напақалары жумыс бериўшилер ушын артықша қаржылай жүклеме болғаны себепли бул напақаларды жеке меншик секторда төлемеў ямаса ҳәмиледарларды жумысқа алмаў, оларды жумыстан босатыў жағдайлары бақланбақта.

Жоқарыдағы жағдайлардың алдын алыў мақсетинде жойбарда мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў системасы ҳәм мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў төлемлерин төлеў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыў, кеселлик себепли ўақтынша мийнетке уқыпсызлық, ҳәмиледарлық ҳәм туўыў, жумыс ямаса дәраматты жоқ етиў менен байланыслы жағдайларда төленетуғын ўақтынша мийнетке уқыпсызлық напақасы, ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасы ҳәм жумыстан босатылғанлық напақасы мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў менен әмелге асырылыўы нәзерде тутылмақта. Мәжбүрий қамсызландырыўдан өткен пуқаралардың төлемлери кепилленеди.

Сондай-ақ, мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў бойынша қамсызландырыў ҳәдийселери жүз бергенде тийисли төлемлерди тайынлаў ҳәм төлеў тәртиби, мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў бойынша төлемлерди тоқтатып турыў, қайта тиклеў ҳәм сапластырыў тийкарлары белгиленбекте.

Додалаўларда бир қатар сораўлар ортаға тасланды ҳәм тийисли жуўаплар берилди. Мәжилисте нызам жойбары екинши оқыўда қабыл етилип, Сенатқа жиберилди.

М.Комилова,

ӨзА