15-декабрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирма екинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.
Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген мәжилисте ҳүкимет ағзалары ҳәм уйымлардың басшылары, Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң ағзалары, сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.
Жалпы мәжилис «O’zbekiston» ҳәм «O’zReport» телеканаллары, Олий Мажлис Сенатының рәсмий веб-сайты ҳәм социаллық тармақлардағы бетлеринде жанлы эфирде узатылды.
Дәслеп сенаторлар тәрепинен Министрлер Кабинетиниң Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң 2021-жыл 9 айдағы орынланыўы ҳаққындағы есабаты тыңланды.
Бюджеттиң орынланыўын тәмийинлеўде тийкарғы итибар экономикалық турақлылықты сақлаў, социаллық тараўды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықты социаллық қорғаў бойынша қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрман ҳәм қарарларындағы ўазыйпаларға қаратылған.
«2021-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Нызамның 9 айдағы орынланыўы белгиленген параметрлер шеңберинде тәмийинленген.
Өз ўақтында муўапықластырылған фискаль ҳәм пул-кредит илажлары себепли есабат дәўиринде республика экономикасы 6,9 процентке өскен, ЖИӨ көлеми 519,8 триллион сумды қураған.
Экономикалық өсиў пәтлери санаатта 9,0 процентти, қурылыс тараўында 4,5 процентти, аўыл хожалығы, тоғай хожалығы ҳәм балықшылық тараўларында 4,2 процентти ҳәм хызмет көрсетиў тараўында 7,6 процентти қураған. Экономикада өсиў пәтлерин тәмийинлеўге қаратылған илажлар нәтийжесинде инфляция дәрежеси жыл басынан 5,9 процентти қураған.
Есабат дәўиринде Мәмлекетлик бюджет дәраматлары 116 триллион сумды қурап, белгиленген прогноз 108,4 процентке ямаса 9,0 триллион сумға арттырып орынланған. Дәраматлар өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 21,6 триллион сумға көбейген.
Мәмлекетлик бюджеттиң 2021-жыл 9 айлық қәрежетлери мәмлекетлик мақсетли қорларысыз 130 триллион 265,1 миллиард сумды қурап, анықланған реже көрсеткишлерине салыстырғанда 95,8 процентти ямаса ЖИӨге салыстырғанда 25,1 процентти қураған.
Есабат дәўиринде жергиликли бюджетлердиң дәраматлар бөлеги прогнозға салыстырғанда 120 процентке орынланған ямаса 25 триллион 495 миллиард сумды, қәрежетлер бөлеги болса режеге салыстырғанда 104 процентке орынланып, 46 триллион 497 миллиард сумды қураған
Жергиликли бюджетлердиң еркинлигин арттырыў бойынша ҳүкимет тәрепинен әмелге асырылған илажлар нәтийжесинде жергиликли бюджетлердиң дәрамат көрсеткиши 6 триллион 385 миллиард сумға артығы менен орынланған.
Бул болса, өз гезегинде, халықты социаллық қорғаў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў, мийнет ҳақы ҳәм оған теңлестирилген төлемлер, социаллық напақалар, материаллық жәрдем ҳәм компенсация төлемлерин өз ўақтында әмелге асырыў имканиятын берди.
Атап өтилгениндей, есабат дәўиринде социаллық тараўға Мәмлекетлик бюджеттен 64 триллион 38 миллиард сум ямаса улыўма қәрежетлердиң 49,2 проценти муғдарында қаржы ажыратылған.
Сенаторлар есабат дәўиринде бюджет қаржыларынан нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў мақсетинде бирден-бир ғазна есап бетиниң исенимли ҳәм турақлы ислеўи ҳәм инсан факторының араласыўын қысқартыўға байланыслы илажларды әмелге асырыў керек екенлигине итибар қаратты.
Қаржы министрлигине бюджеттен қаржы алыўшы министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте ажыратылған қаржылардан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў үстинен тәсиршен қадағалаў системасын орнатыў, бюджет қаржыларының нәтийжелилигин тәмийинлеўге қаратылған турақлы мониторинг системасын енгизиў мақсетке муўапық екенлиги көрсетип өтилди.
Усы мүнәсибет пенен бюджет қәрежетлери үстинен қадағалаўды күшейтиў мақсетинде министрликлер ҳәм уйымлар, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери тәрепинен рәсмий веб-сайтларда бюджет қаржыларының қәрежетлери, бюджеттиң ашық-айдынлығын тәмийинлеў бойынша тийисли мағлыўматларды жайластырыў зәрүр екенлиги билдирилди.
Буннан тысқары, халықты тәшўишке салып атырған социаллық машқалаларды сапластырыў мәселелерине айрықша итибар қаратыў, соның ишинде, «Пуқаралар басламасы қоры»ның қаржыларын қәлиплестириў, олардан нәтийжели ҳәм мақсетли пайдаланыў бойынша мағлыўматларды рәсмий веб-сайтқа, соның ишинде, «Ашық бюджет» мәлимлеме порталына жайластырыўды турақлы қадағалаў керек екенлиги атап өтилди.
Халықты социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм социаллық қорғаўдың мәнзиллилигин күшейтиў зәрүр екенлиги де атап өтилди.
Мәмлекетлик бюджеттиң 2021-жылдың тоғыз айындағы орынланыўы ҳаққындағы есабатты тастыйықлаў бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.
Кейин ала сенаторлар тәрепинен «2021-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамына өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Нызам көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, Нызамның тийкарғы мақсети 2021-жылы қабыл етилген бағдарламалар ҳәм қарарлардағы тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм олардың қаржыландырыў дәреклерин анықлаўдан ибарат.
Нызам менен бюджет қаржыларын бөлистириўшилерге ажыратылатуғын қаржылардың шекленген муғдарларына өзгерислер киргизилмекте.
Соның ишинде, Мәмлекетлик мақсетли қорларының дәраматлар прогнозы ҳәм қәрежетлери, сондай-ақ, республикалық бюджеттен биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўшилерге ажыратылатуғын қаржылардың шекленген муғдарлары арттырылмақта.
Усы мақсетте «Пуқаралар басламасы қоры»нда қәлиплескен муғдары 1 миллиард сумға шекем болған ҳәм келип түскен усыныслар саны 100 ден аслам болған районларға (қалаларға) республикалық бюджеттен қосымша 117 миллиард 400 миллион сум қаржы ажыратылмақта.
Әҳмийетли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажларын әмелге асырыў ушын Сырдәрья, Жиззақ ҳәм Наўайы ўәлаятларына қосымша 300 миллиард сум қаржы ажыратылмақта.
Сондай-ақ, Ташкент қаласы жергиликли бюджетине социаллық-экономикалық жағдайды жақсылаў, соның ишинде, инфраструктура объектлерин қурыў, ири оңлаў ҳәм үскенелеў ушын қосымша 200 миллиард сум қаржы ажыратылмақта.
Буннан тысқары, мәмлекет ҳәм жәмийет талаплары ушын жер участкаларының алып қойылыўы мүнәсибети менен физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге жеткерилген зыянларды қаплаў бойынша орайласқан қорға қосымша 50 миллиард сум трансферлер қаратылмақта.
Нызамның мақулланыўы республикалық бюджеттен қаржы ажыратыў, жергиликли бюджетлерден усы мақсетлерге жумсалыўы нәзерде тутылған қаржыларды аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыўға бағдарлаў имканиятын жаратады.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Буннан кейин жалпы мәжилисте «2022-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Нызам додаланды.
Атап өтилгениндей, бул Нызам менен 2022-жыл ушын тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлер ҳәм консолидацияласқан Мәмлекетлик бюджет дәраматлары ҳәм қәрежетлериниң прогнозлары ҳәм 2023-2024-жыллар ушын бюджет белгиленбекте.
Тийкарғы итибар макроэкономикалық турақлылықты тәмийинлеў, Мәмлекетлик бюджет қәрежетлериниң нәтийжелилигин ҳәм экономиканың бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, инвестициялар тартымлылығын ҳәм исбилерменликтиң белсендилигин хошаметлеўге бағдарланған салық сиясатын енгизиў мақсетлерине қаратылған.
Сондай-ақ, Нызамды ислеп шығыўда 2022-2026-жыллардағы салық ҳәм бюджет системасын енгизиўге ҳәм бюджет процесине қатнасыўшылардың жуўапкершилигин арттырыў принциплерине қатаң әмел етилген.
Нызамда салық сиясатына әҳмийетли өзгерислер киргизилген. Онда жалпы ишки өнимде салмақлы үлеске ийе өндирис тараўларын қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў нәзерде тутылған.
Соның ишинде, 2022-жылы мәмлекетимиз жалпы ишки өниминиң өсиў пәтлери 6,0 процентти, соның ишинде, санаатта 7,0 процентти, қурылыс тараўында 8,1 процентти, аўыл хожалығы тараўында 3,3 процентти қураўы режелестирилмекте.
Өзбекстан Республикасының консолидацияласқан бюджет жетиспеўшилигиниң шекленген муғдары 2022-жыл ушын жалпы ишки өнимниң 3 проценти муғдарында белгиленбекте.
Онда бюджет жетиспеўшилигиниң шекленген муғдарынан артып кетиўине алып келиўи мүмкин болған қосымша қәрежетлер тек ғана қосымша дәрамат дәреги бар болғанда ямаса басқа да қәрежетлерди қысқартыў есабынан әмелге асырылыўы нәзерде тутылған. Инфляция дәрежесиниң төменлеў тенденциясының даўам етиўи ҳәм келеси жылда ол 9 процент әтирапында болыўы прогноз етилмекте.
Нызам менен биринши дәрежели бюджет қаржылары бөлистириўшилер Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлеринен қаржы алыўшы төменги шөлкемлерге өзлерине ажыратылған бюджет қаржыларының шекленген муғдарларының 10 процентке шекемги бөлегин Министрлер Кабинетиниң қарарына тийкарланып бағдарлаўға ҳақылы екени белгиленбекте.
Социаллық жақтан әҳмийетке ийе мәмлекетлик бағдарламаларды ҳәм өндирислик ҳәм өндирислик емес инфраструктурасын қәлиплестириўге байланыслы жойбарларды қаржыландырыўды қоллап-қуўатлаў мақсетинде сырт ел дәреклеринен грант тийкарында ажыратылған қаржылардың биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўшилер ушын ажыратылыўы белгиленген муғдарларын усы Нызамға өзгерислер киргизбестен көбейтиў нәзерде тутылмақта.
2022-жылы консолидацияласқан бюджет дәраматлары 254,6 триллион сум ямаса жалпы ишки өнимниң 30,3 проценти дәрежесинде прогноз етилмекте. Мәмлекетлик бюджет дәраматлары 199,5 триллион сум ямаса жалпы ишки өнимниң 23,8 проценти муғдарында белгиленбекте.
Мәмлекетлик мақсетли қорлардың дәраматлары 31,9 триллион сум, қәрежетлери болса 58,7 триллион сум муғдарында режелестирилген.
Буннан тысқары, Мәмлекетлик бюджеттен социаллық тараўға, атап айтқанда, билимлендириў тараўының қәрежетлерине 46,9 триллион сум, денсаўлықты сақлаў қәрежетлерине 22,8 триллион сум, мәденият ҳәм спорт тараўы қәрежетлерине 3,4 триллион сум ҳәм илимди буннан былай да раўажландырыў илажлары ушын 1,5 триллион сум қаратыў белгиленбекте.
Нызам менен көп квартиралы турақ жай фондына тутас аймақларды оңлаў қәрежетлери ҳәм Өзбекстан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги системасына киретуғын ыссылық тәмийнаты шөлкемлериниң ыссылық тармақлары ҳәм қазанхана үскенелерин капитал оңлаў қәрежетлерин Қарақалпақстан Республикасы республикалық бюджети, ўәлаятлардың ўәлаятлық бюджетлери ҳәм Ташкент қаласының қалалық бюджетинен қаржыландырыў тәртиби енгизилмекте.
Және бир әҳмийетли тәрепи. Бюджетти қәлиплестириўде жергиликли Кеңеслер ўәкилликлериниң буннан былай да кеңейтилиўи мүнәсибети менен мәмлекетимиздиң барлық районларында (қалаларында) тийисли бюджетлер тастыйықланған улыўма қәрежетлериниң 5 проценти жәмийетшиликтиң пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларды қаржыландырыўға бағдарланады.
Буннан тысқары, районлар (қалалар) бюджетлериниң қосымша қаржыларының кеминде 30 проценти жәмийетшиликтиң пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларды қаржыландырыўға да бағдарланады.
Соның ишинде, Нызамда «Пуқаралар басламасы қоры»на 1 триллион 553 миллиард сум муғдарында қаржы ажыратыў нәзерде тутылған.
Сенаторлар атап өткениндей, Мәмлекетлик бюджет қаржыларынан әдил ҳәм мақсетли пайдаланыў үстинен парламентлик ҳәм жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў керек.
Сенат ағзалары тәрепинен бул Нызам мақулланды.
Кейин ала сенаторлар «Өзбекстан Республикасының Салық кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызамды додалады.
Атап өтилгениндей, Салық кодексине салық жүгин қысқартыў ҳәм салық ҳәкимшилигин жетилистириў бағдарындағы бир қатар жаңа нормалар киргизилмекте.
Атап айтқанда, қосымша қун салығының (ҚҚС) тутас шынжырын тәмийинлеў ҳәм өним (хызметлер)ниң өзине түсер баҳасы ҳәм пайда суммасын есаплаўда қәтеликлердиң алдын алыў мақсетинде бюджет шөлкемлеринен тысқары денетәрбия ҳәм спорт шөлкемлери тәрепинен көрсетилетуғын хызметлер де ҚҚС объекти сыпатында белгиленбекте.
Исбилерменлик субъектлерин тийкарғы қураллар ҳәм әсбап-үскенелерди турақлы жаңалаўға хошаметлеў ушын салық мақсетлеринде тийкарғы қуралларды қайта тиклеўге есапланатуғын амортизация ажыратпалары нормалары муғдарларының арттырылыўы белгиленбекте.
Буннан тысқары, инновациялық ҳәм ишки және сыртқы инвестициялық жумысты хошаметлеў мақсетинде қосымша «инвестициялық шегирме» нормасы киргизилмекте. Сондай-ақ, «илимий изертлеўлерге ҳәм (ямаса) тәжирийбе-конструкторлық қолланбаларға байланыслы қәрежетлер»ди есапқа алыў халықаралық стандартларға муўапықластырылмақта.
Жумыс түрине қарамастан салық төлеўшилердиң барлық категориялары ушын сап пайданы салыққа тартыўдың бирден-бир шараятларын жаратыў мақсетинде резидент емеслердиң республика аймағында алатуғын дивидендлери ҳәм сырт елли инвесторлар киргизген инвестициялардан дивиденд ҳәм процент көринисиндеги дәраматларынан салық төлеў тәртиби киргизилмекте.
Нызамда Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың социаллық белсендилигин буннан былай да арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы 2021-жыл 13-июльдеги Пәрманы талапларынан келип шығып, жас шаңарақ тәрепинен алынған ипотека кредитлери ҳәм олар бойынша есапланған процентлерди ерли-зайыплылар ҳәм олардан биреўиниң жасы белгиленген жастан артқанына шекем ҳәр бир салық дәўири даўамында тийисли муғдарда қаплаўға бағдарланған мийнет ҳақы ҳәм басқа да дәраматлары физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығынан азат етиў нәзерде тутылған.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жетим балалар ҳәм ата-анасы қарамағынан айырылған балаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың жаңа системасын енгизиў илажлары ҳаққында»ғы 2021-жыл 9-августтағы қарарына муўапық жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар ушын белгиленген жеңилликлер қосымша тәризде оларға мәмлекет тәрепинен ажыратылатуғын турақ жайлар бойынша олар 23 жасқа толғанға шекем әмел етиўи белгиленип, мүлк салығынан азат етилмекте.
Бюджетке салық түсимлериниң толықлығын тәмийинлеў, жергиликли бюджетлердиң дәрамат базасын арттырыў, сондай-ақ, салық ҳәкимшилигин әпиўайыластырыў мақсетинде имаратларға мүлк салығын есаплаў ушын минимал баҳа белгилеў нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, салық ҳәкимшилигиниң нәтийжелилигин арттырыў, товар ҳәм өнимди бақлаўдың толық системасын жаратыў ҳәм салық төлеўден бас тартқан жағдайларының алдын алыў мақсетинде есапбет-фактура ямаса қадағалаў-касса машинасы чеклеринде хожалық жүргизиўши субъект әмелге асыратуғын жумыс түри ҳәм өзгешелиги ямаса сатып алынған товарлар (хызметлер) номенклатурасына сәйкес келмейтуғын идентификация кодларын көрсетиў жағдайлары бойынша жәрийма белгиленбекте.
Нызам менен мүлк салығы, жер салығы ставкалары ҳәм жеңилликлери бойынша өзгерислер, пайдалы қазылманы қазып алыў (ажыратып алыў) көлеми жер астынан пайдаланғаны ушын салық, пайдалы қазылмалардың айырым түрлерине салыстырғанда салық базасын анықлаўдың өзине тән өзгешеликлери, пайдалы қазылмаларды қазып алыўда арнаўлы рента салығын есаплап шығыў ҳәм төлеў бойынша қосымшалар киргизилмекте.
Бул Нызам да мақулланды.
Буннан соң «Бюджет процесин жетилистириў мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызам да додаланды.
Атап өтилгениндей, бул Нызам менен Өзбекстан Республикасы Бюджет кодекси, «Есап палатасы ҳаққында»ғы ҳәм «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлерин сыртқы аудиттен өткериў ҳәм баҳалаў системасы енгизилип, Нызамда Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлерин қәлиплестириў ҳәм оларды орынлаў ҳаққындағы жыллық есабатларды Есап палатасы тәрепинен ҳәр жылы сыртқы аудиттен өткериў және баҳалаў системасы енгизилмекте.
Бюджет кодексинде Есап палатасының ўәкиллери де кеңейтилип, ол Мәмлекетлик бюджет ҳаққындағы нызам жойбары ҳәм орта мүддетли дәўир ушын фискал стратегия бойынша Министрлер Кабинетине, Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлериниң жойбарлары бойынша болса тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлерине жуўмақты усыныўы белгиленбекте.
Сондай-ақ, Нызам менен министрликлер ҳәм уйымлардың бюджеттен тысқары корлары консолидацияласқан бюджет қурамына киргизилиўи белгиленбекте.
Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасының консолидацияласқан бюджети қаржылары есабынан қәлиплестирилетуғын, бирақ оның қурамына кирмейтуғын қорларды шөлкемлестириўге жол қоймайтуғыны белгиленбекте.
Нызамның мақулланыўы бюджет процесиниң ашық-айдынлығы, толық екенлиги ҳәм халықаралық стандартларға сәйкес келиўин тәмийинлеўге жәрдем береди және бюджет процеси үстинен жәмийетлик қадағалаў күшейтилиўине унамлы тәсир көрсетеди.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Жалпы мәжилисте Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша белгиленген илажлардың орынланыўының барысы да көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, соңғы жылларда Аралбойы регионында инвестициялар тартыўды арттырыў, исбилерменликти раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, социаллық-экономикалық жағдайды жақсылаў, Арал теңизиниң экологиялық апатшылығы ақыбетлерин жумсартыў бағдарында мисли көрилмеген реформалар әмелге асырылмақта.
Сенаторлар Президентимиз тәрепинен соңғы бир жылы ишинде усы аймақ бойынша 5 пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилгенин, бул ҳүжжетлерде Қарақалпақстанда социаллық-экономикалық тармақларды түп-тийкарынан реформалаў, сырт ел ҳәм жергиликли инвесторларды кеңнен тартыў нәзерде тутылғанын айрықша атап өтти.
Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы 2020-жыл 11-ноябрьдеги ПҚ-4889-санлы қарарына муўапық 1 мың 359 жойбар шеңберинде 12 триллион 259,1 миллиард сум муғдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылыўы ҳәм 17 мың 259 жаңа жумыс орны жаратылыўы белгиленген.
Сенат тәрепинен қатаң парламентлик қадағалаў орнатылыўы нәтийжесинде, сондай-ақ, орынларда алып барылған ҳәрекетлер, жүзеге келген машқалаларға орнында шешим табыў бағдарында көрилген илажлар себепли баҳасы 8 мың 846,2 миллиард сум муғдарында 1 мың 65 (78 процент) жойбар иске қосылған және 8 мың 372 жаңа жумыс орны шөлкемлестирилген.
Сондай-ақ, 46 жойбар мүддетинен алдын иске қосылып, 239 жаңа жумыс орны жаратылған. Буннан тысқары жол, инженерлик-коммуникациялық инфраструктура объектлерин қурыў, оңлаў ҳәм реконструкциялаў бойынша 201,3 миллиард сум муғдарында қаржы өзлестирилген және 79 социаллық объектте 233,3 миллиард сум муғдарындағы жумыслар орынланған.
Социаллық-экономикалық шараяты аўыр категорияға киргизилген 45 мәҳәлле ҳәм аўылда хызмет көрсетиў тараўында жаңа 74 исбилерменлик субъекти шөлкемлестирилген, барлық мәҳәлле пуқаралар жыйынларында қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылған.
Сенаторлар әмелге асырылып атырған жумыслар нәтийжесинде халықтың турмыс дәрежеси артып, жаңа жумыс орынлары жаратылып атырғаны, халық дәраматлары көбейип атырғаны менен бирге айырым машқалалы мәселелер бар екенлигин де атап өтти.
Атап айтқанда, 2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламасына киргизилген 124 жойбарды иске қосыў мүддетин созыў зәрүрлиги жүзеге келген.
Қараөзек районында баҳасы 3 миллиард сум ҳәм Қоңырат районында баҳасы 5,5 миллиард сум болған автомобильлерге сығылған газ қойыў шақапшаларын шөлкемлестириў жойбарларына Энергетика министрлиги тәрепинен рухсатнама бериў мүддетти кешиктирилмекте.
Қараөзек районында вермикулит қазып алыўды кеңейтиў ҳәм оны терең қайта ислеў бойынша баҳасы 8,9 миллиард сумға тең 3 жойбар бойынша Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитетинен лицензия ушын ҳүжжетлер толық рәсмийлестирилмеген.
Аймақта әмелге асырылып атырған 555,5 миллион долларға тең болған 5 жойбар бойынша жумыслар ақырына жеткерилмеген, 280,3 миллион доллар көлеминдеги 13 жойбар бойынша жумысларды жеделлестириў зәрүр.
Соның менен бирге, «Қубла Қарақалпақстанда суў ресурсларын басқарыўды жақсылаў» жойбары бойынша быйылғы жылы режелестирилген 56,2 миллион долларға тең кредит қаржыларының тек ғана 21,32 миллион доллар өзлестирилген.
«Өзбекстанның батыс бөлегинде ишимлик суў тәмийнаты системаларын раўажландырыў» жойбары бойынша Нөкис, Беруний, Мойнақ, Қоңырат, Қараөзек ҳәм Әмиўдәрья районларындағы суў объектлерин қурыў және реконструкциялаў ушын усы жылы өзлестирилиўи режелестирилген 21,9 миллион долларға тең қаржының тек 1,7 миллион доллары өзлестирилген.
Дадалаўлардың жуўмағында Сенаттың бар машқалаларды жеделлик пенен шешиў, илажлардың орынланыўы үстинен парламентлик қадағалаўды күшейтиў нәзерде тутылған тийисли қарары қабыл етилди.
Соң сенаторлар тәрепинен «Инсан ағзалары ҳәм клеткаларының трансплантациясы ҳаққында»ғы Нызам додаланды.
Атап өтилгениндей, узақ жыллар даўамында трансплантация бағдары бойынша нызамшылық тийкарлары жаратылмағаны трансплантологияның клиникалық пән сыпатында тоқтап қалған ҳәм кеселликлерге шатылған көп санлы наўқаслардың турмысын сақлап қалыў имканияты жойытылыўына алып келди.
Бул жағдай айырым наўқасларды усы түрдеги операцияларды қымбат екенлигине қарамастан, сырт ел медицина мәкемелеринде өткериўге мәжбүрлемекте. Олар сырт еллерде емлениўде түрли машақатлар, үлкен муғдардағы финанслық қаржылар, сырт елге сапары даўамында шет тиллеринде сөйлесиўге байланыслы қыйыншылықларға дус келмекте.
Бизге белгили, инсанның жуп болмаған ағзаларын (жүрек, баўыр, асқазанасты бези ҳәм басқа да ағзалар) тек өли денеден алыў имканияты бар. Трансплантация табыслы өтиўи ушын трансплантты, яғный алыныўын мөлшерленген органды өлим констанциясы әмелге асырылған ўақытты транспланттың кейиншелик нормал жумыс ислеўине тосқынлық етиўши жағдайлар жүзеге келиўинен алдын өли денеден алыў зәрүр болады.
Усы кемшиликлерди сапластырыў, пуқараларымызға тәжирийбели медициналық жәрдем көрсетиў көлемин кеңейтиў ҳәм оғада аўыр наўқаслардың толық турмысқа қайтыўына имканият жаратыў мақсетинде бул Нызам ислеп шығылды. Оны ислеп шығыўда Германия, Польша, Россия, Беларусь, Украина, Молдова ҳәм АҚШ сыяқлы мәмлекетлердиң трансплантацияға тийисли нызамшылығы үйренилди.
Нызам трансплантацияны әмелге асырыўдың мақсет ҳәм шәртлери, трансплантация объектлери, донорлар топары (тири ҳәм өлген адамлар), донор ҳәм реципиенттиң ҳуқықлары, тири ҳәм өлген донорлардан ағза ҳәм клеткаларын алыў шәртлерин белгилеп береди.
Нызамның қабыл етилиўи тараўдың нормативлик -ҳуқықый базасын жетилистириў, халықтың ҳуқықый ҳәм социаллық-экономикалық қорғалыўына бағдарланған мәмлекетлик сиясаттың әмелдеги нызамшылық тийкарларын толықтырыўға имканият жаратады. Буннан тысқары, кеселлениў ҳәм ағзалардағы қайтарып болмайтуғын процеслер себепли өлимге алып келетуғын жағдайларды қысқартыўға хызмет етеди.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Сондай-ақ, сенаторлар жалпы мәжилисте «Жаслар менен ислесиў системасы жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызамды да додалады.
Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде жаслар менен ислеўдиң пүткиллей жаңа системасы жаратылып, Жаслар ислери агентлигиниң жумысы жолға қойылды. Жаслар менен байланыслы тараў ҳәм бағдарларда бирден-бир мәмлекетлик сиясат, стратегиялық бағдарлар ҳәм мәмлекетлик бағдарламаны ислеп шығыў және әмелге асырыў агентликтиң тийкарғы ўазыйпалары сыпатында белгиленген.
Бул ўазыйпа ҳәм ўәкилликлердиң беккем ҳуқықый тийкарларын жаратыў мақсетинде жаңа Нызам менен «Жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасы ҳаққында»ғы, «Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳаққында»ғы, «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат ҳаққында»ғы және «Балаларды олардың денсаўлығына зыян жеткериўши мәлимлемеден қорғаў ҳаққында»ғы нызамларға қосымшалар киргизилмекте.
Арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар сыпатында Жаслар ислери агентлигине жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаты ҳаққындағы нызамшылыққа әмел етилиўи үстинен қадағалаў алып барыў, жаслар арасында ҳуқықбузарлықлар профилактикасын әмелге асырыўда қатнасыў, жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат ҳаққындағы нызамшылықтың анықланған бузылыўларын сапластырыў ҳаққында мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшыларына көрип шығылыўы мәжбүрий болған усыныслар киргизиў ўәкилликлери берилмекте.
Сондай-ақ, арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым ҳәм оның аймақлық басқармалары мәмлекетлик уйымлар және шөлкемлерге жасларға байланыслы мәмлекеттиң сиясатты әмелге асырыў бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм бағдарламалардың орынланыўы ҳаққында тийкарланған түсиниклер бериў талабы менен сораўлар жибериўге ҳақылы екенлиги белгиленбекте.
Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўға тиккелей ямаса тиккелей емес тәсир көрсететуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарлары арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымы менен мәжбүрий тәртипте келисилиўи нызамлы түрде беккемленбекте.
Нызам менен Жаслар ислери агентлиги ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң ҳуқықбузарлықлар профилактикасы және балаларды олардың денсаўлығына зыян жеткериўши мәлимлемеден қорғаў тараўындағы ўәкилликлери белгиленбекте.
Додалаўда сөзге шыққан сенаторлар бүгинги күнде социаллық тармақларда жаслар тәрепинен қол урылып атырған ҳуқықбузарлықлар, атап айтқанда, бийзарылықты сәўлелендирген видео үзиндилер кеңнен тарқалып атырғанын өкиниш пенен атап өтип, бундай үзиндилерди балалардың денсаўлығына зыян жеткериўши мәлимлеме сыпатында баҳалады. Усы жағдайлардың алдын алыўда енди Жаслар ислери агентлигине бир қатар ўәкилликлер берилип атырғаны мақсетке муўапық екенлигин атап өтти.
Бир сөз бенен айтқанда Нызамның қабыл етилиўи жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат, жаслардың қадағалаўсыз екенлиги ҳәм ҳуқықбузарлығы профилактикасы, балаларды олардың денсаўлығына зыян жеткеретуғын мәлимлемеден қорғаў тараўындағы Жаслар ислери агентлигиниң ўәкилликлерин ҳуқықый жақтан белгилеўге және жасларға байланыслы сиясатты әмелге асырыў системасын жетилистириўге тийкар болады.
Бул нызам да мақулланды.
Соң жалпы мәжилисте «Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 245 ҳәм 2458 – статьяларына өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Нызам көрип шығылды.
Нызам 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылын»да әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаға муўапық ислеп шығылған.
Нызам жеке меншик мүлкке болған ҳуқықты қорғаў ҳәм мәпдар шахслар көшпес мүлкке араласыў жағдайларының алдын алыўға қаратылған.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 29-декабрьдеги Олий Мажлиске Мүрәжатында Бизнес-омбудсманға исбилерменлердиң ҳуқықларын бузған мәмлекетлик уйымның лаўазымлы шахсларын ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў бойынша ўәкиллик бериў усынысы билдирилген еди.
Жеке меншик мүлкти қорғаўға байланыслы бул машқалалы жағдайларды сапластырыў мақсетинде нызамшылықты жетилистириў, соның ишинде, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкилине исбилерменлер мәплериниң бузылыўы жағдайлары бойынша айырым ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы жумысларды көрип шығыў ўәкиллигин бериў белгиленбекте.
Нызамның қабыл етилиўи жеке меншик мүлкке қолқатылмаслығын, исбилерменлик жумысының еркинлигин тәмийинлеў, мәмлекетлик уйымлар мәпдар шахслардың ҳуқықбузарлық профилактикасын күшейтиўдиң институционаллық механизмлерин және де жетилистириўге хызмет етеди.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Кейин ала сенаторлар тәрепинен «Исбилерменлер күнин белгилеў ҳаққында»ғы Нызам көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, республикамыз экономикасының тийкарғы локомотиви, мәмлекеттиң экономикасын раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмиийнлеў ҳәм түрли социаллық мәселелерди шешиўде айрықша орын тутқан исбилерменлердиң кәсиплик байрамының белгилениўи үлкен әҳмийетке ийе.
Президентимиз мәмлекет исбилерменлери менен 2021-жыл 20-август күни ашық сөйлесиў түринде өткерилген ушырасыўда 20 –августты мәмлекетимизде Исбилерменлер күни деп жәриялап, оны ҳәр жылы елимизде кеңнен белгилеў басламасын алға қойған еди.
Әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде исбилерменлик субъектлериниң саны жылдан-жалға көбейип, олардың жалпы ишки өнимдеги үлеси барған сайын артып бармақта.
Республикамызда салық системасында түпкиликли реформалар әмелге асырылмақта. Руқсат бериўши ҳүжжетлерди алыў тәртиби әпиўайыластырылып, исбилерменлик субъектлериниң финанслық-хожалық жумысы менен байланыслы қадағалаў илажларын өткериў де тәртипке салынбақта.
Нызамда Өзбекстан Республикасында 20-август Исбилерменлер күни сыпатында белгиленбекте.
Исбилерменлердиң кәсиплик байрамының белгилениўи Жаңа Өзбекстанның қурылыўында исбилерменликтиң социаллық, экономикалық ҳәм сиясий әҳмийетин және де арттырыў, жәмийетимизде исбилерменликти және де оптималластырыў ҳәм инсаплы исбилерменликти системалы хошаметлеў имканиятын береди.
Сенат ағзалары бул Нызамды мақуллады.
Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирма екинши жалпы мәжилисиниң биринши жумыс күни жуўмақланды.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси Сенатының
Мәлимлеме хызмети