15-декабрь күни ерте таңда Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Қашқынлар ислери бойынша Жоқары комиссары Басқармасының гуманитарлық жүк артылған еки арнаўлы автомобили Термиз арқалы Аўғанстанның Мозори Шариф қаласына жиберилди.
Сурхандәрья ўәлаятындағы «Termez Cargo Centre»де Өзбекстан ҳүкиметиниң жәрдеминде шөлкемлестирилген гуманитарлық орайдан жүкленип, қоңсы мәмлекетке жиберилген бул гуманитарлық жәрдем жойбары БМШ Қашқынлар ислери бойынша Жоқары комиссары Басқармасының Аўғанстанды қоллап-қуўатлаў жолындағы ҳәрекетиниң бир бөлеги болып, аўған халқына турмыслық жәрдем көрсетиўге қаратылғаны менен әҳмийетли болып есапланады.
Өзбекстан-Аўғанстан шегарасынан еки километр аралықта жайласқан бул заманагөй терминалда жүкти сақлаў ҳәм жибериў ушын жетерли шараят жаратылған.
Аўғанстанға жиберилген дәслепки қырқ тоннаға шамалас жүк асхана үскенелери, пластмасса қаплама ҳәм басқа да зәрүр турмыслық қураллардан ибарат. Гуманитарлық жәрдем быйыл октябрь-ноябрь айларында ҳаўа ҳәм қурғақшылық жолы арқалы Термизге жеткерилген.
– Биз Өзбекстан ҳүкимети ҳәм Термиздеги шериклеримиз аўған халқына жүдә зәрүр болған гуманитарлық жәрдем көрсетиў жойбарын бәрқулла қоллап-қуўатлап атырғанын қәдирлеймиз,-деди БМШ Қашқынлар ислери бойынша Жоқары комиссары Басқармасының үлкен мәсләҳәтшиси Франк Ремус. – Ҳәзир ызғырық суўық алдынан миллионлаған аўғанлар азық-аўқат жетиспеўшилигине ушырап атырған бир ўақытта олардың өмирин сақлап қалыў, кеўилсизликлердиң алдын алыў ушын қыстаўлы жәрдем бериўимиз керек. Жүкти Аўғанстанның Мозори Шариф қаласындағы қоймаханамызға алып барып, жайластырамыз. Ол жерден мүтәжлерге тарқатылады. Келешекте де қыста пайдаланыў ушын ыссы көрпе-төсек ҳәм басқа да зәрүр затлар жеткерип бериўди мөлшерлеп атырмыз.
БМШ Қашқынлар ислери бойынша Жоқары комиссарлығы Басқармасы Термизге гуманитарлық жүклерди алдыннан жайластырып, орайдан орталық пункт сыпатында пайдаланбақта.
– Биз жақын қоңсымыз Аўғанстанда тынышлық, турақлы турмыс орнатылыўын қәлеймиз,-дейди «Аўған-Умид транс» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң айдаўшысы Баҳодир Бўриев. – Өзбекстан ҳәм Аўғанстанды Әмиўдәрья ажыратып турады. Өтмиште де бул еки халық тығыз қатнаста болып, өз-ара саўда-сатық раўажланған. Мен дерлик жигирма жылдан берли жүк машинасында Аўғанстанға қатнайман. Ҳәзир гуманитарлық жүкти алып кетип баратырғанымнан қуўанышлыман.
БМШ Қашқынлар ислери бойынша Жоқары комиссарлығы Басқармасы өзиниң жумысы шеңберинде Аўғанстандағы айрықша жағдайды жумсартыў ушын мөлшерленген барлық түрдеги гуманитарлық жәрдем жүклерин Термиз арқалы жибереди.
Холмўмин МАМАТРАЙИМОВ,
ӨзА