Ҳүрметли Гурбангули Мяликгулиевич!

Ҳүрметли делегациялар басшылары!

Бәринен бурын, гөззал Ашхабад қаласында Экономикалық бирге ислесиў шөлкемимиз күнинде Сизлер менен ушырасып турғанымнан оғада қуўанышлыман.

Қәдирли достым Гурбангули Мяликгулиевич Бердимухамедовқа бүгинги әнжуманды жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ҳәм шын кеўилден миймандослығы ушын билдирилген миннетдаршылық сөзлерине қосыламан.

Түркменстанның Шөлкемге нәтийжели басшылығы ҳәм көп тәреплеме әмелий байланысларды кеңейтиўге үлкен үлес қосып атырғанын айрықша атап өтпекшимен.

Атап айтқанда, быйыл сентябрь айында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми менен шериклик ҳаққында қабыл етилген Резолюциясы бул жолдағы әҳмийетли қәдем болды.

Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!

Тарийхы, дини, үрп-әдет ҳәм дәстүрлери жақын болған дос халықларымыз әзел-әзелден саўда-сатық ҳәм мәдений байланыслар менен тығыз байланысқан.

Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми өткен дәўир даўамында мәмлекетлеримиздиң улыўмалық мәплерин билдиретуғын, үлкен экономикалық потенциалға ийе ири регионаллық структураға айланды.

Бүгин ҳүрметли кәсиплеслерим билдирген барлық пикир-усыныслар Шөлкемимиздиң халықаралық майдандағы орны ҳәм әҳмийетиниң артып баратырғанын, өз-ара дослық ҳәм бирге ислесиўди беккемлеў, турақлылықты тәмийинлеўге қаратылған умтылысларымыздың исенимли екенин тастыйықламақта.

Өз гезегинде, биз Шөлкемимиз шеңберинде кең қамтыўлы байланысларды және де раўажландырыў тәрепдарымыз ҳәм болажақ басшылық етиў ўазыйпасын нәтийжели әмелге асырыў нийетиндемиз.

Ҳүрметли мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары!

Ҳәзирги күнде ҳәммемиз глобал ҳәм регионаллық жағдайдың күн сайын қурамаласып баратырғанына гүўа болып турмыз.

Даўам етип атырған пандемия тәсиринде жәҳән экономикасының раўажланыўында қандай тенденциялар бақланады, халықаралық жәмийетшилик және қандай жаңа қәўип-қәтерлерге ушырайды, деген сораўларға еле анық жуўап жоқ.

Бундай өзгериўшең шараятта төмендеги тийкарғы бағдарлар бойынша улыўмалық ҳәрекетлеримизди бирлестириў зәрүр, деп есаплаймыз.

Биринши бағдар – 500 миллионнан артық халық жасайтуғын, үлкен базарға ийе болған еллеримиздиң саўда ҳәм инвестиция тараўларындағы үлкен имканиятларынан толық пайдаланыўымыз зәрүр.

Қабыл етилген «Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми перспективалары – 2025» бағдарламасы тийкарында мәмлекетлеримиз арасында саўда-экономикалық ҳәм инвестиция байланысларын және де кеңейтиў ҳәм әҳмийетлиси, әмелий нәтийжелиликке ерисиў мақсетке муўапық.

Соның ушын Шөлкемимиз шеңберинде жаңаланған ҳәм кең қамтыўлы Саўда келисимин ислеп шығыў ҳәм қабыл етиўдиң ўақты келди, деп есаплаймыз.

Бул ҳүжжетте саўда тосқынлықларын сапластырыў, бажыхана тәртиплерин санластырыў және ҳәзирги ўақытта әҳмийетлилиги күн сайын артып атырған электрон саўданы кеңнен үгит-нәсиятлаў мәселелери өзиниң көринисин табыўы зәрүр.

Сондай-ақ, еллеримизде өз-ара инвестициялар ағымын көбейтиў ҳәм оларды исенимли қорғаў, санаат кооперациясын күшейтиўге қаратылған Қоспа ҳәрекетлер бағдарламасын қабыл етиў – бүгинги күн талабы болып есапланады.

Соның менен бирге, өз-ара саўда көлемлерин арттырыў, регионаллық әҳмийетке ийе жойбарларды ислеп шығыў ҳәм жәҳән базарында улыўма бәсекиге шыдамлылығымызды  күшейтиўимиз зәрүр.

Усы мақсетте Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Санаатты раўажландырыў шөлкеми ЮНИДО ҳәм Орайлық Азия экономикасы ушын СПЕКА Арнаўлы бағдарламасы менен бирге ислесиўде Шөлкемимиз шеңберинде Саўда, инвестициялар ҳәм инновациялар орайын шөлкемлестириў және оның резиденциясын Ташкент қаласында жайластырыўды усыныс етемиз.

Екинши бағдар – регионымыздағы бар болған ҳәм жаңа транспорт жолларынан үнемли пайдаланыў.

Бул бойынша регионлараралық транзит хабларын шөлкемлестириў, заманагөй транспорт ҳәм жол инфраструктураларын раўажландырыў, транспорт ҳәм транзит тарифлерин оптималластырыў және қосымша шегирмелерди бериў, халықаралық жүк ҳәм жолаўшы тасыў шәртлерин жеңиллестириў, транспорт тараўын санластырыў мәселелерине анық шешимлер табыўымыз зәрүр.

Бул режелерди жүзеге шығарыў ушын еллеримиздиң транспорт-коммуникация байланысларын раўажландырыў ҳәм транзит потенциалын кеңейтиўге қаратылған Регионаллық стратегияны ислеп шығыў мақсетке муўапық.

Үшинши бағдар – «жасыл раўажланыў»ға ерисиў ушын әмелий ҳәрекетлеримизди қаратыўымыз зәрүр.

Экологиялық машқалалар ҳәм климат өзгериўи кескин түс алып атырған ҳәзирги дәўирде мәмлекетлеримизде топланған ҳәм сырт еллердиң алдыңғы тәжирийбесинен нәтийжели пайдаланыў, «жасыл экономика»ны биргеликте жедел раўажландырыў, санаат тармақларына ресурс үнемлеўши технологияларды кеңнен үгит-нәсиятлаў, углерод нейтраллығына ерисиў күн тәртибиндеги ең әҳмийетли ўазыйпалардан бири.

Буның ушын халықаралық эколог илимпазлар ҳәм экспертлер қатнасыўда жоқары дәрежедеги турақлы Сөйлесиў кеңесин дүзиўди усыныс етемиз.

Төртинши бағдар – туристлик алмасыўларды қайта тиклеў мәселеси болып есапланады.

Бухара қаласында 2022-жылы болып өтетуғын туризм министрлериниң гезектеги ушырасыўында пандемиядан кейинги дәўирде Қәўипсиз туризмди раўажландырыў улыўма регионаллық Бағдарламасын қабыл етиў басламасын билдирмекшимен.

Сол тийкарда «зыярат туризми» ҳәм басқа да биргеликтеги туристлик өнимлерин ислеп шығыў, авиақатнаўлар географиясын кеңейтиў, туризм инфраструктурасын раўажландырыўға беккем итибар қаратылған болар еди.

Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

Және бир әҳмийетли мәселеге айрықша тоқтап өтпекшимен.

Шөлкемимиздиң халықаралық абырайын арттырыў, басқа регионаллық шөлкемлерден парқланатуғын ҳәм өзине тән күн тәртибине ийе болыў, жетекши халықаралық структуралар менен байланысларды беккемлеў, бирге ислесиўимиздиң институционаллық механизмлерин раўажландырыўды ҳәзирги дәўирдиң өзи талап етпекте.

Шөлкемниң жумысын және де раўажландырыў бойынша анық пикир-усыныслар таярлаў ушын жоқары дәрежедеги Экспертлер топарын дүзиў басламасын алға қоямыз.

Соның менен бирге, бирге ислесиўимиздиң тийкарғы бағдарлараы ҳәм әҳмийетли ўазыйпаларынан келип шығып, ҳәр жылға атама бериў дәстүрин енгизиў, орынлы болады деп ойлайман.

Биз Өзбекстан Шөлкемге басшылық ететуғын дәўирде мәмлекетлеримизде Өз-ара избе-из байланыслылықты беккемлеў жылы, деп жәриялаўды усыныс етемиз.

Қәдирли кәсиплеслер!

Биз бүгинги илажымыздың жуўмақлаўшы ҳүжжети – ҳәрекетлер ушын Ашхабад консенсусының қабыл етилиўин қоллап-қуўатлаймыз.

Пурсаттан пайдаланып, Шөлкемимиздиң жаңа Бас хаткери Ҳусрав Нозирий мырзаны жуўапкершиликли жумысының басланыўы мүнәсибети менен қызғын қутлықлап, келешектеги жумысларында табыслар тилеймиз.

Сөзимниң жуўмағында улыўма умтылыс ҳәм ҳәрекетлеримиз нәтийжесинде Шөлкемимиз шеңбериндеги көп қырлы ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўимизди жақын келешекте сапа жағынан жаңа басқышқа көтере алатуғынымызға исенемен.

Барлығыңызды үлкен қуўаныш пенен гезектеги саммитимизде қатнасыў ушын Өзбекстанға мирәт етемен.

Итибарларыңыз ушын рахмет.