Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде «2022-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджет ҳаққында»ғы нызам жойбары, сондай-ақ, усы ҳүжжет пенен бирге усынылған 2022-2024-жылларда мәмлекетти социаллық-экономикалық раўажландырыўдың тийкар бағдарлары көрип шығылды.
Мәжилисте қаржы министри Т.Ишметов ҳәм Бюджет ҳәм экономикалық реформалар комитетиниң баслығы Ш.Назаровтың күн тәртибиндеги мәселелер бойынша баянатлар тыңланды.
Мәмлекетимиз басшысы жанында 2022-жыл ушын салық түсимлери ҳәм бюджет параметрлери бойынша өткерилген мәжилисте Президентимиз мәмлекетимизде инсан қәдирин улығлаў, адамлардың турмысын жақсылаў баслы мақсет етип белгиленгени, бул принциплер бюджетти қәлиплестириўде де баслы өлшем болыўы зәрүр екенлигин айрықша атап өткен еди.
Парламентте усынылған нызам жойбары макроэкономикалық сиясаттың 2022-жыл ушын тийкарғы бағдар ҳәм көрсеткишлер пандемия дәўиринен кейин экономиканың тиклениўи ҳәм пүткил дүнья жүзинде пандемияның даўам етиў итималы бар екенлигинен келип шығып қәлиплестирилген.
Бундай тийкарғы итибар макроэкономикалық турақлылықты сақлап қалыўға, яғный ишки өнимниң өсиўи соңғы жылларда оның унамлы динамикасын сақлап қалған ҳалда, 839,9 триллион сумды қураўы ҳәм 6 процентке өсиўи нәзерде тутылмақта. Атап айтқанда, санаат өндирисиниң көлеми 7 процент, қурылыста 8,1 процент усақлап сатыў товар айланысының өсиў пәти 9,3 процентке көбейиўи прогноз етилмекте.
2022-жылы консолидацияласқан бюджет дәраматлары 254,6 триллион сумды, қәрежетлери 280,1 триллион сумды ҳәм консолидацияласқан бюджет жетиспеўшилигиниң шекленген муғдарын жалпы ишки өнимниң 3 проценти муғдарында белгилеў усыныс етилмекте.
Мәмлекетлик бюджеттиң қәрежетлери болса 188,9 триллион сумды, мәмлекетлик мақсетли қорлардың қәрежетлери 188,9 триллион сумды қурайды. 2022-жылы да Мәмлекетлик бюджет қәрежетлериниң ярымы социаллық тараўларға бағдарланатуғыны белгиленбекте.
Нызам жойбарында бюджет тараўына байланыслы бир қатар өзгерислер нәзерде тутылмақта. Атап айтқанда, социаллық өсиў процесинде тармақлардың ишиндеги мәселелерди жеделлик пенен әмелге асырыў ҳәм биринши дәрежели бюджет қаржылары бөлистириўшилердиң өзлерине ажыратылған бюджет қаржыларының шекленген муғдарларын 10 процентке шекем Министрлер Кабинетиниң қарарына тийкарланып бағдарлаў ҳуқықы берилмекте.
Сондай-ақ, мәҳәлле кесиминде жумыс ислеўдиң жаңа системасы ушын 2,5 триллион сум қаржы нәзерде тутылып атырған болып, усы қаржылар тиккелей ҳәким жәрдемшилери тәрепинен қарамағына алыныўы белгиленбекте.
Соның менен бирге, шаңарақлық шыпакер пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникаларда «медициналық бригадалар»дың жумысын жолға қойыў ушын қосымша 20 мыңнан аслам орта медициналық хызметкерлердиң штатларын сақлаў ушын 451 миллиард сум, Республикалық қәнигелестирилген медициналық орайлар ҳәм басқа да мәмлекетлик ҳәм жеке меншик медициналық мәкемелерде жеңиллетилген категорияға киретуғын шахсларды бийпул емлениў (медициналық жолланба) қәрежетлери ушын 589 миллиард сумнан аслам қаржы ажыратыў нәзерде тутылған.
Мәжилисте атап өтилгениндей, улыўма билимлендириў мәкемелерин, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин, денсаўлықты сақлаў мәкемелерин қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў-тиклеў қәрежетлерин тийисли жергиликли бюджетлерден әмелге асырыў белгиленбекте.
Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жуўапкершилиги ҳәм мәпдарлығын күшейтиў, ўәкилликлерин кеңейтиў мақсетинде адвокатлар тәрепинен көрсетилген юридикалық жәрдем ушын ҳақы төлеў, көп квартиралы турақ жай фондына тутас аймақларды оңлаў қәрежетлери ҳәм Турақ жай коммунал хызмет көрсетиў министрлиги системасына киретуғын ыссылық тәмийнаты шөлкемлериниң ыссылық тармақлары ҳәм қазанхана үскенелерин капитал оңлаў қәрежетлери жергиликли бюджетлерге өткерилмекте.
Соның менен бирге, аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм көп жылларда бери халықты қыйнап киятырған машқалаларды жедел шешиў мақсетинде 2022-жыл 1-январьдан баслап республиканың барлық район (қала)ларында тийисли бюджетлердиң тастыйықланған улыўма қәрежетлердиң 5 проценти, район (қала)лар бюджетлери қосымша қаржыларының кеминде 30 процентин жәмийетлик пикир тийкарында қәлиплестирилген илажларды қаржыландырыўға бағдарлаў нызам менен беккемленбекте.
Мәлимлемеде атап өтилгениндей, халық ўәкиллери тәрепинен өткен дәўирлер даўамында мәмлекетлик бюджет ҳаққындағы нызамларды қабыл етиў ҳәм олардың орынланыўы бойынша есабатларды көрип шығыў процесинде билдирилген усыныслар да 2022-жылғы бюджетте өз көринисин таппақта.
Атап айтқанда, жергиликли бюджетлердиң дәраматларын арттырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасының республикалық бюджетке, ўәлаятлардың ўәлаятлық бюджетлерге ҳәм Ташкент қаласының қалалық бюджетине өктерилетуғын түсимлерге қосымша тәризде темеки өнимлери ушын акциз салығы бойынша түсимлер толық көлемде өткерилиўи белгиленбекте. Консолидацияласқан бюджет қурамында бюджеттен тысқары қорлар да киргизилмекте.
Депутатлар усынылған мәлимлемеден келип шығып, өз усыныс-пикирлерин билдирди. Қызғын пикир-таласлардан кейин «Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджет ҳаққында»ғы нызам жойбары биринши оқыўда қабыл етилди.
Жуўмақта жуўапкер комитетке нызам жойбарын екинши оқыўға таярлаў процесинде билдирилген пикир-талас ҳәм усыныслар тийкарында жойбарды қәнигелер ҳәм экспертлердиң қатнасыўында додалап, ақырына жеткериў тапсырылды.
Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы