Ҳүрметли кәсиплеслер!
Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!
Глобал ҳәм регионаллық қәўиплер, экономикадағы турақлылық ҳәм дүнья базарындағы өзгериўшеңликтиң күшейиўи мәмлекетлеримиз арасындағы шерикликти кеңейтиўдиң жаңа жолларын және де жедел излеўди талап етпекте.
Соңғы бир неше жыл ишинде Өзбекстан бақлаўшы мәмлекет сыпатында ЕАЭА менен 22 бағдарда нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойғанлығын атап өтиў керек. Быйылғы жылы Аўқам мәмлекетлери менен товар алмасыўымыз 11 процент өсти.
Октябрь айында Евроазия экономикалық комиссиясы менен Жаңа үш жыллық режени қабыл еттик, оған саўда, санаат, қаржы секторы, агрокомплекс, транспорт ҳәм басқа тараўларда қырыққа шамалас илажлар киргизилди.
Сондай-ақ, биз саўда ҳәм жүк тасыўды санластырыў, электрон коммерцияны енгизиў, климат өзгериўине қарсы гүресиў тараўындағы тармақ бағдарламаларында жедел қатнасыў нийетиндемиз.
Буннан тысқары, Өзбекстан Ҳүкимети биргеликтеги Жумысшы топарының гезектеги, төртинши мәжилисине пуқта таярлық көрмекте. Бул ушырасыўды келеси жылы март айында Өзбекстанда өткериўди усыныс етемиз.
Ҳүрметли кәсиплеслер!
Өзбекстан менен Евроазия экономикалық аўқамы арасындағы бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әҳмийетли бағдарлары бойынша көзқарасларымызды қысқаша билдирмекшимен.
Биринши. Бул саўда тосықларын басқыша-басқыш сапластырыў бойынша муўапықластырылған илажларды әмелге асырыў болып табылады.
Өзбекстан ҳәм ЕАЭА арасында саўдада тариф ҳәм тариф емес шеклеўлерди өз-ара қолланбаў ҳаққындағы келисимге қол қойыў мәселесин экспертлер дәрежесинде ислеп шығыўды усыныс етемиз.
Жақын ўақыт ишинде әмелий ҳәрекетлер режесин қабыл еткен ҳалда техникалық жақтан тәртипке салыў сисемаларын жақынластырыў бойынша мәсләҳәтлесиўлер өткериўге таярмыз.
Екинши. Өзбекстанның қол қойылып атырған Бирден-бир бажыхана транзит системасы ҳаққындағы келисимде қатнасыўы ҳәм саўда әмелиятларын кеңейтиўге хызмет етеди, деп есаплайман.
Мәмлекетлеримиздиң бажыхана шегаралары арқалы алып өтилип атырған товарлар ҳәм транспорт қураллары ҳаққындағы мағлыўматларды электрон алмасыў бойынша келисимлерди келисиўди жеделлестириў үлкен әҳмийетке ийе.
Үшинши. Бирлеспе шеңберинде басланған санаат кооперациясын ҳәм өндиристи локализациялаў бағдарламаларын қоллап-қуўатлаў механизмлери ҳәм қуралларына қосылыўдан мәпдармыз.
Буннан тысқары, биргеликтеги жойбарларды алға қойыў ушын исенимли қаржы дереклерин қәлиплестириў мақсетинде келеси жылдың басында тәртип-қағыйдаларды жуўмақластырып, Евроазия раўажланыў банкине ағза болыўды режелестирмектемиз.
Төртиншиси. Санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллект тараўында системалы бирге ислесиўди күшейтиў нийетиндемиз.
Өзбекстанды ЕАЭАның интеграцияласқан мәлимлеме системасына ҳәм “Санлы аўқам” жойбарына жалғаў мәселелелирн биргеликте ислеп шығыўға таярмыз.
Бесинши. Аграр тараўда кооперация бағдарламасын таярлаў тәрепдарымыз. Гәп аўыл хожалығы өнимлериниң базарларымызға өз-ара кирип барыўын жеңиллестириў, инновациялық агросанаат жойбарларын әмелге асырыў, алдынғы илимий қолланбаларды енгизиў илажлары ҳаққында бармақта.
Атыншы. Туристлик алмасыўларды хошаметлеў мақсетинде Бирлеспе мәмлекетлери пуқараларына мәмлекетимизге ишки ҳүжжетлер менен кириў имканиятын беретуғын тәртипти енгизиў нийетиндемиз.
Ҳүрметли кәсиплеслер!
Өзбекстан потенциалдан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде ЕАЭА бойынша шериклер менен тығыз ҳәм нәтийжели бирге ислесиўди раўажландырыў тәрептары.
Пурсаттан пайдаланып, ҳүрметли Александр Григорьевич Лукашенконы шөлкемге басшылық Беларусьқа өтиўи мүнәсибети менен қутлықлайман ҳәм оған табыслар тилеймен.
Бәршеңизди, туўысқан халықларымызды кирип киятырған Жаңа жыл байрамы менен және бир мәрте қызғын қутлықлап, абаданлық ҳәм раўажланыў тилеймен.
Итибарыңыз ушын рахмет.
ӨзА