Соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында барлық тараўлар сыяқлы, денсаўлықты сақлаў тараўында да көплеген унамлы ислер әмелге асырылып, медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, оларды терең билимге ийе жетик қәнигелер менен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта.

Усындай социаллық объектлердиң қатарында Төрткүл районында жаңадан қурып питкерилген районлық медицина бирлеспесине қараслы туўыў комплексин айтып өтсек болады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл  25-декабрьдеги «2024-2026-жыларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында 13 млрд. сум қаржы ажыратылып,   туўыў комплексине қосымша 70 орынлық жаңа имарат қурылды ҳәм бул имарат жаңа жыл алдында халық ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылды.

Комплекстиң тапсырылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев илаж қатнасыўшыларын жаңа жыл байрамы ҳәм туўыў комплексиниң пайдаланыўға тапсырылыўы менен қызғын қутлықлап, соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң итибары ҳәм ғамқорлығы менен социаллық ҳәм инфраструктура объектлеринде оғада көлемли қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылып атырғанын атап өтти.

Ҳақыйқатында да, жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы халық ийгилиги жолындағы әмелий жумыслардың және бир айқын көриниси болды десек алжаспаған боламыз. Комплекстиң тапсырылыўы менен аймақ халқы, соның ишинде, аналар ҳәм балалар ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги