Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 26-декабрь күни Санкт-Петербург қаласында Жоқары Евроазия экономикалық кеңесиниң гезектеги мәжилисинде бақлаўшы статусында қатнасты.
Армения Республикасының Бас министри Никол Пашинянның басшылығында (онлайн форматта) өткен бул гезектеги ушырасыўда Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, сондай-ақ, ЕАЭА жанындағы бақлаўшы мәмлекет – Иран Ислам Республикасы санаат, кәнлер ҳәм саўда министри Саид Муҳаммад Отабак та қатнасты. Куба Республикасы Президенти Мигель Диас-Канель қатнасыўшыларға видеомүрәжат жоллады.
Күн тәртибинен көп тәреплеме саўда-экономикалық бирге ислесиўди қоллап-қуўатлаў, бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларында биргеликтеги бағдарламаларды әмелге асырыў мәселелери орын алды.
Өзбекстан Президенти шығып сөйлеген сөзиниң басында соңғы жылларда мәмлекетимиз бақлаўшы сыпатында Евроазия экономикалық аўқамы менен 22 бағдарда нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойғанын атап өтти.
2024-жылы Өзбекстанның аўқам мәмлекетлери менен товар алмасыў көлеми 11 процентке артты. Октябрь айында Евроазия экономикалық комиссиясы менен саўда, санаат, қаржы, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм басқа тараўларда 40қа шамалас илажларды өз ишине алған Жаңа үш жыллық бирге ислесиў режеси қабыл етилди.
Өзбекстан, сондай-ақ, ЕАЭАның саўда ҳәм жүк тасыўды санластырыў, электрон коммерцияны енгизиў, климат өзгериўине қарсы гүресиў тараўындағы бир қатар тармақ бағдарламаларында белсене қатнаспақта.
Келеси жылдың март айында биргеликтеги Жумысшы топарының төртинши мәжилисине таярлық көрилмекте.
Мәмлекетимиз басшысы Евроазия экономикалық аўқамы менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларына айрықша тоқтап өтти. Атап айтқанда, Президентимиз өз-ара саўдадағы саўда тосқынлықларын басқышпа-басқыш сапластырыўға шақырды. Усы көзқарастан, Өзбекстан ҳәм ЕАЭА мәмлекетлери арасындағы саўдада тариф ҳәм тариф емес шеклеўлерди қолланбаў мәселесин экспертлер дәрежесинде ислеп шығыў усыныс етилди.
Әмелий ҳәрекетлердиң режесин қабыл еткен ҳалда, жақын келешекте техникалық жақтан тәртипке салыў системаларын жақынластырыў бойынша мәсләҳәтлесиўлер өткериўге таярлық билдирилди.
Өзбекстан жетекшиси илаж жуўмағында қол қойылып атырған Бирден-бир бажыхана транзити системасы ҳаққындағы келисимде мәмлекетимиздиң қатнасыўы, сондай-ақ, бажыхана шегаралары арқалы алып өтилип атырған товарлар ҳәм транспорт қураллары ҳаққындағы электрон мағлыўматлардың алмасыўын тез пурсатта енгизиў тәрепдары екенин атап өтти.
Санаат кооперациясы ҳәм локализациялаў бағдарламаларын қоллап-қуўатлаў механизмлери ҳәм қуралларына қосылыўдан мәпдар екени билдирилди.
-Биргеликтеги жойбарларды алға қойыў ушын исенимли қаржылай дереклерди қәлиплестириў мақсетинде келеси жылдың басында тәртип-қағыйдаларды жуўмақластырып, Евроазия раўажланыў банкине ағза болыўды режелестирмектемиз, – деди Президентимиз.
Бизнести және де жедел тартыў ҳәм исбилерменлик қатнасықларын беккемлеў ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде ЕАЭА Исбилерменлер кеңесиниң мәжилисин 2025-жылы апрель айында Ташкент қаласында өткериў усыныс етилди.
Санлы техкологиялар ҳәм жасалма интеллект тараўында системалы бирге ислесиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Мәмлекетимизди ЕАЭАның интеграцияласқан мәлимлеме системасына ҳәм “Санлы аўқам” жойбарына жалғаў басламасы алға қойылды.
Аграр тараўда аўыл хожалығы өнимлерин өз-ара жеткерип бериўди жеңиллестириў, инновациялық агросанаат жойбарларын әмелге асырыў ҳәм илимий қолланбаларды енгизиўге қаратылған кооперация бағдарламасын таярлаў усыныс етилди.
Туристлик алмасыўларды хошаметлеў мақсетинде мәмлекетимиз басшысы ЕАЭА мәмлекетлери пуқараларына Өзбекстанға ишки ҳүжжетлер менен кириў имканиятын беретуғын тәртипти енгизиўге таяр екенлигин билдирди.
Соның менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Санкт-Петербург қаласына әмелий сапары жуўмақланды.
“Пулково” халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Санкт-Петербург қаласының губернаторы Александр Беглов ҳәм басқа рәсмий шахслар шығарып салды.
ӨзА