Россия Федерациясының Москва қаласында спорттың қол урысы бойынша VIII Жәҳән турнири өткерилди.
Турнирге дүньяның 32 мәмлекетинен 300 ден аслам спортшылары қатнасып, өз-ара күш сынасты.
Оған Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Сапура Қайыпназарова ҳәм Батырбек Хожабековлар табыслы қатнасып үшинши орынды ийеледи.
17-ноябрь күни спортшыны Нөкис темир жол вокзалында салтанатлы жағдайда күтип алды.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирханов, Өзбекстан Миллий Олимпия комитетиниң Қарақалпақстандағы ўәкили С.Сапарниязов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, спортшыларды ерискен жетискенлиги менен қутлықлады.
– Жарысқа 65 килограмм салмақ котегориясында қатнастым. Жарыста қарсыласларым молдовалы, иранлы ҳәм россиялы спортшылар болды. Келешекте өзимниң үстимде тынымсыз ислеп, жоқары нәтийжелерге ерисемен, – дейди С.Қайыпназарова .
Қарақалпақстан хабар агентлиги