Усы жылдың февраль ҳәм апрель айларында ҳаўаның кескин суўып кетиўи себепли ерте егилген геширдиң писиўи 20-25 күнге созылды.

Сол себепли геширдиң мәўсимлик толық жетисиў ҳәм жыйнап алыў мүддети июнь айының ақырына туўра келди. Нәтийжеде гешир экспортының көлеми сырт мәмлекетлерде усы аўыл хожалығы өнимине болған талап ҳәм сатып алыў баҳаларының өсиўи ақыбетинде сезилерли дәрежеде артты. 2021-жыл 1-ноябрь жағдайына бола, жәми 50,5 мың тонна ямаса өткен жылға салыстырғанда 17 процент көп гешир экспорт етилди. Экспорт етилген геширдиң 65 проценти апрель-июнь айлары, яғный ерте писетуғын гешир мәўсимине туўра келди.

Мәмлекетимиздиң қолайлы климат шараяты себепли геширден жылына 4 мәрте өним алыў мүмкин. Тараў қәнигелериниң мағлыўматларына бола, 2021-жылы 124,4 мың гектарға (өткен жылға салыстырғанда 18,2 мың гектарға көп) гешир егиў ҳәм жәми 2,3 миллион тонна өним алыў режелестирилген.

Халықтың жыллық талабы 800 мың тоннаны қурайды. Медициналық нормаларға бола, бир инсанның жыллық талабы шама менен 20 килограмм. Тутыныў себетшесиндеги гешир өниминиң үлеси 0,4 процент есапланады. Жетистирилген геширдиң қалған бөлеги экспорт етиледи ҳәм қайта исленеди.

Ҳәзирги ўақытта өнимниң тийкарғы бөлеги ишки базар талапларын қанаатландырыўға бағдарланбақта. Халық ушын «атыздан тутыныўшыға шекем» принципи тийкарында арзанластырылған ярмаркалар иске қосылды. Оларда гешир ҳәм басқа да тийкарғы аўыл хожалығы өнимлери атыздың өзинен базарға алып келингени себепли төмен баҳаларда сатылыўына ерисилди. Геширдиң баҳасын турақлыластырыўға қаратылған тийисли илажлар нәтийжесинде ҳәзир ўақыттағы өнимниң баҳасы июнь айы менен салыстырғанда 4-5 есеге шекем төменлеўи бақланды. Аўыл хожалығы министрлиги прогнозларына бола, 2022-жылдың бәҳәринде күтилетуғын жаңа өнимге шекем баҳалар усы дәрежеде сақланып қалады.

Халықтың азық-аўқатқа болған талабын қаплаў ҳәм экспорт көлемин арттырыў ушын егислик майданлар кеңейтилип, жоқары өнимдеги сортларды егиўге итибар қаратылмақта. Сондай-ақ, суўғарыў технологияларынан үнемли пайдаланылып, кеселлик ҳәм зыянкеслерге қарсы өз ўақтында гүресиў илажлары әмелге асырылды. Бундай илажлар усы жылы геширдиң орташа өнимдарлығын гектарынан 20-25 тоннадан 30-40 тоннаға шекем арттырыў имканиятын берди. Усы тәризде 1 килограмм геширдиң өзине түсер баҳасы фермер хожалықларында 700-800 сумға шекем арзанласты.

 

Муҳайё Тошқораева, ӨзА