Австрия Республикасы Европа ҳәм сыртқы ислер министри М.Линхард басшылығындағы делегация 7-8-ноябрь күнлери мәмлекетимизде болды.
Сапар етиўдиң биринши күни делегация ағзалары Самарқанд қаласында болып, тарийхый-архитектуралық орынлар менен танысты.
8-ноябрь күни Өзбекстан сыртқы ислер министри А.Комилов М.Линхард басшылығындағы Австрия делегациясы менен ушырасты.
Сөйлесиўде кейинги жылларда Өзбекстан менен Австрия арасындағы конструктивлик бирге ислесиў жаңа басқышқа шыққаны атап өтилди. Тәреплер сиясий, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўлардағы байланысларды жеделлестириўге таяр екенин билдирди. Сондай-ақ, Аўғанстанда жүзеге келип атырған жағдай, оның регионаллық ҳәм халықаралық турақлылыққа тәсири бойынша пикир алысылды.
Илаж шеңберинде Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги ҳәм Австрия Республикасы Европа ҳәм сыртқы ислер министрлиги арасында 2022-2023-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасына қол қойылды.
Сөйлесиў жуўмағында ғалаба хабар қураллары ўәкиллерине ушырасыў тәсирлери ҳаққында қысқаша мағлыўмат берилди.
– Өзбекстан менен бирге ислесиў пәтинен қанаатланамыз. Оны буннан былай да арттырыў ушын потенциал жетерли, деп ойлайман. Мәмлекетиңизге Австрияның жетекши исбилерменлери менен келдик. А.Комилов пенен ушырасыўда барлық тараўдағы мәселелерди додаладық. Аўғанстаннан пуқараларды эвакуациялаўда берилген жәрдем ушын Өзбекстанға миннетдаршылық билдиремиз, – деди Европа ҳәм сыртқы ислер министри М.Линхард.
Сол күни пайтахтымызда Өзбекстан – Австрия бизнес форумы болып өтти. Форумда мәмлекетимиздиң өндирис ҳәм инвестициялық потенциалы, сырт елли инвесторларға жаратылған шараятлар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри С.Умурзоқов австриялы исбилерменлик топарының ўәкиллери менен бир қатар бағдарларда бирге ислесиў кеңейип атырғанын атап өтти.
Мәмлекетлеримиз арасында товар алмасыў көлеми 2017-жылға салыстырғанда 40 процентке артып, қоспа кәрханалардың саны бираз көбейген. Форумда Австрия тәрепи энергетика, химия ҳәм нефть-газ тараўларында бирге ислесиўди кеңейтиўге қызығыўшылық билдирди.
Форум 12-ноябрьге шекем даўам етеди. Онда Австрияның 30 дан аслам компаниясы қатнаспақта. Илажда жеке меншик секторды раўажландырыў мәселелери додаланады, тренинг ҳәм сөйлесиўлер өткериледи. Жуўмағында биргеликтеги инвестициялық жойбарлар ҳәм келисимлерге қол қойылады.
Австрия делегациясы Өзбекстан халықаралық ислам академиясында да болып, мәкемениң жумысы, бул жердеги сийрек ушырасатуғын қолжазбалар менен танысты.
Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,
ӨзАның хабаршысы