Мәмлекетимизде  2021-жыл  24-октябрь күни болып өткен сайлаўда Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Республикасы Президенти лаўазымына қайта сайланғаны мүнәсибети менен оның атына сырт мәмлекетлер ҳәм ҳүкиметлер, абырайлы халықаралық шөлкемлердиң басшылары, белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлерден  қызғын тилеклер билдирилген қутлықлаўлар келмекте.

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Уллы Мәртебели Мырза!

Сизди Өзбекстан Республикасы Президенти лаўазымына екинши мүддетке қайта сайланғаныңыз бенен шын жүректен қутлықлаўға руқсат еткейсиз.

Сиз бенен, соның ишинде, БМШтың мәмлекетиңиздеги топары және Орайлық Азия ушын превентив дипломатиялық регионаллық орайы арқалы бизлерди қызықтырған мәселелерде тығыз бирге ислесиўимизден үмит етемен.

БМШ глобал қәўип-қәтерлерди биргеликте сапластырыўда, соның ишинде, халықаралық тынышлық ҳәм қәўипсизлик, инсан ҳуқықлары ҳәм турақлы раўажланыў мәселелеринде Өзбекстанның жәрдемине ҳәм исенимли умтылысына сүйениўди даўам етеди.

Сизге болған жоқары ҳүрметимди қабыл еткейсиз.

Антониу Гутерриш,

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери

* * *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Уллы Мәртебели Мырза!

Өзбекстан Республикасы халқының белсене қоллап-қуўатлаўы себепли Президент лаўазымына табыслы қайта сайланғаныңыз бенен Сизди қызғын қутлықлаўға рухсат еткейсиз. Сизиң шебер басшылығыңызда Өзбекстан өз раўажланыў жолын даўам еттиретуғынына исенемен.

Президент сыпатында жумысыңыздың екинши мүддети даўамында Сиз бенен тығыз бирге ислесиў арқалы мәмлекетлеримиз арасындағы айрықша стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеўимизге үмит етемен.

Сиз ҳәм өмирлик жолдасыңыз бенен быйылғы жыл декабрь айында Кореяда ушырасыўымызды күтпектемен.

Сизге беккем денсаўлық, Өзбекстан Республикасына болса мәңги раўажланыў тилеймен.

Мун Чжэ Ин,

Корея Республикасы Президенти

* * *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Уллы Мәртебели Мырза!

Япония ҳүкимети ҳәм халқы атынан Сизди Өзбекстан Республикасы Президенти лаўазымына қайта сайланғаныңыз бенен шын жүрегимнен қутлықлайман.

Нызам үстинлигине тийкарланған еркин ҳәм ашық-айдын халықаралық мәканды қурыў шеңберинде Япония биз ушын әҳмийетли стратегиялық шерик болған Өзбекстан менен шерикликти раўажландырыўға үлкен итибар қаратпақта.

Япония Өзбекстанның мәмлекетти раўажландырыў бағдарындағы ҳәрекетлерин ҳәм Сиз, Уллы Мәртебели Мырзаның басшылығында алып барылып атырған реформаларды избе-из қоллап-қуўатлап келмекте.

2019-жылдың декабрь айында Японияға әмелге асырылған рәсмий сапарыңыз даўамында ерисилген барлық келисимлер ҳәм биргеликтеги жойбарларды буннан былай да биргеликте әмелге асырыўымызға үмит билдиремен.

Келеси жылда дипломатиялық қатнасықларымыз орнатылғанының 30 жыллығын кеңнен белгилеймиз. Япония ҳәм Өзбекстан арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиў барлық бағдарларда және де раўажланады деп үмит етемен.

Бул имканияттан пайдаланып, Сизге беккем денсаўлық ҳәм табыслар, Өзбекстан халқына болса даўамлы раўажланыў тилеймен.

Фумио Кисида,

Япония Бас министри

 * * *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзёевқа

Ҳүрметли Президент Мырза!

Сизге Өзбекстан Республикасы Президенти лаўазымына қайта сайланғаныңыз мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўларымды жолламақтаман.

Бул лаўазымдағы жумысыңыздың екинши мүддетине де Өзбекстан Сиз таңлаған кең көлемли реформалар ҳәм жәмийеттиң ашық-айдынлығын тәмийинлеў жолынан баратуғынына және демократия ҳәм нызам үстинлиги бағдарында жаңа табысларға ерисетуғынына үмит билдиремен. Жақсы қоңсышылық қатнасықларына қаратылған сыртқы сиясат себепли Өзбекстан Орайлық Азияны турақластырыўға буннан былай да әҳмийетли үлес қосатуғынына исенемен. Бул Аўғанстанда болып атырған бүгинги ўақыялар көзқарасынан да айрықша үлкен әҳмийетке ийе.

Әсиресе, екеўимиздиң 2019-жылғы өз-ара сапарларымыз нәтийжесинде Өзбекстан ҳәм Германия арасындағы еки тәреплеме қатнасықлар беккемленип, сезилерли жеделлескенин унамлы баҳалайман. Германия келешекте де Өзбекстанға ашық-айдынлық жолындағы ҳәрекетинде шериклик жәрдемин көрсетиўге ҳәм еки тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеўге таяр. Сиз бенен арамыздағы пикир алысыўды жоқары қәдирлеймен ҳәм келешекте  оны даўам еттириўден қанаатланаман.

Алдыңызда турған әҳмийетли ўазыйпаларды орынлаўда және Сиз өзбек халқын разы етиўдей мақсетти өз алдыңызға қойғаныңызды есапқа алып, Сизге күш-ғайрат, табыс ҳәм бәрқулла әўмет тилеймен.

Франк Вальтер-Штайнмайер,

Германия Федератив Республикасының

Федерал Президенти

   *   *   *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзёевқа

Ҳүрметли Президент Мырза!

Сиз Өзбекстан Президенти жоқары лаўазымына қайта сайланған күнниң ертеңине үлкен қанаатланыўшылық пенен қызғын қутлықлаўларымды жолламақтаман. Бул лаўазымдағы жумысыңызды Францияның досты есапланған өзбек халқының мәплери жолында әмелге асырыўда Сизге ең жақсы тилеклеримди билдиремен.

Қайта сайланғаныңыз кейинги бес жылда Сизиң басшылығыңызда жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында басланған әҳмийетли реформалардың нәтийжеси және де жоқарылаўына үмит етемен.

2018-жылы Францияға әмелге асырған сапарыңыз себепли бирге ислесиўимизге бағышланған пәт сақланып қалып, Президент лаўазымындағы жумысыңыздың екинши мүддети еки тәреплеме қатнасықлардың барлық-сиясий, мәдений ҳәм экономикалық бағдарларында және де раўажланатуғынына исенимим кәмил.

Аўғанстандағы жағдайдан келип шығып, мәмлекетлеримиз арасындағы қәўипсизлик мәселелери бойынша сөйлесиўди 30-август күни өткен сәўбетлесиўимизде бақланған өз-ара келисим ҳәм бирге ислесиў руўхында даўам еттириў айрықша әҳмийетли болып есапланады.

Сондай-ақ, Франция ҳәм Өзбекстан глобал климат, саламатлық ҳәм экономикалық раўажланыў сыяқлы барған сайын әҳмийетли түрге енип атырған мәселелерге халықаралық жәмийетшиликтиң өз-ара муўапықластырылған шешимлерди ислеп шығыўға жәрдем бериў мақсетинде бул бағдардағы ҳәрекетлерин муўапықластырыўды даўам еттиретуғынына үмит етемен.

Ең жақсы тилеклерим арқалы, Сиз, Президент Мырзаға болған жоқары ҳүрметимди билдиремен.

Ҳүрмет пенен,

Эммануэль Макрон,

Франция Республикасы Президенти

Сондай-ақ, төмендегилер өз қутлықлаўларын жоллаған:

Армения Республикасы Президенти  Армен Саркисян

Армения Республикасы Бас министри Никол Пашинян

Грузия Президенти Саломе Зурабишвили

Нидерландия Патшасы Виллем-Александр

Австрия Республикасы Федерал Президенти Александр Ван дер Беллен

Болгария Республикасы Президенти Румен Радев

Греция Республикасы Президенти Катерина Сакелларопулу

Латвия Республикасы Президенти Эгилтс Левитс

Венгрия Бас министри Виктор Орбан

Еки муқаддес мешит хызметкери, Саудия Арабстаны патшасы Салмон бин Абдулазиз Ол Сауд

Саудия Арабстаны Патшалығы шахзадасы, Бас министриниң орынбасары, қорғаныў министри Муҳаммад бин Салмон бин Абдулазиз Ол Сауд

Иран Ислам Республикасы Президенти Иброҳим Раисий

Пакистан Ислам Республикасы Президенти Ориф Алвий

Бангладеш Халық Республикасы Президенти Абдул Ҳамид

Қатар Мәмлекетиниң Әмири Тамим бин Ҳамад Ол Соний

Қатар Мәмлекети Әмириниң орынбасары Абдулла бин Ҳамад Ол Соний

Қатар Мәмлекети Бас министри, ишки ислер министри Ҳолид бин Халифа бин Абдулазиз Ол Соний

Кувейт Мәмлекетиниң Әмири Навоф ал-Аҳмад ал-Жобир ас-Сабоҳ

Кувейт Мәмлекети Бас министри Сабоҳ Ҳолид ал-Ҳамад ас-Сабоҳ

Кувейт Мәмлекети шаҳзадасы Мишъал ал-Аҳмад ал-Жобир ас-Сабоҳ

Монголия Президенти Ухнаагийн Хурэлсух

Вьетнам Социалистлик Республикасы Президенти Нгуен Суан Фук

Куба Республикасы Президенти Мигель Диас-канель Бермудес

Россия Федерациясы Федерал Мажлиси Федерация Кеңеси Баслығы Валентина Матвиенко

ЮНЕСКО бас директоры Одри Азуле

Жәҳән бажыхана шөлкеминиң бас хаткери Кунио Микурия

Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Атқарыў комитетиниң баслығы – Атқарыўшы хаткери Сергей Лебедев

Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў кеңесиниң бас хаткери Бағдод Амреев

Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң бас хаткери Ҳусрав Нозирий

Парламентлераралық аўқамның бас хаткери Мартин Чунгонг

БМШтың Женевадағы бөлими директоры Татьяна Валовая.

Қутлықлаўлардың келиўи даўам етпекте.