Жаңадан сайланған Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң лаўазымға кирисиў салтанатлы мәресимине бағышланған Олий Мажлис палаталарының қоспа мәжилисиндеги сөзи

Ассалаўма әлейкум, ҳүрметли ўатанласлар!

Ҳүрметли Сенат ағзалары!

Ҳүрметли Нызамшылық палатасының депутатлары!

Сырт ел дипломатиялық корпусы ўәкиллери!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Алды менен, маған үлкен исеним билдирип, Өзбекстан Республикасы Президенти етип қайта сайлаған бәрше ўатанласларыма шын кеўлимнен миннетдаршылық билдирип, мийнеткеш ҳәм кеңпейил халқымызға перзентлик меҳри ҳәм садықлығы менен тәжим етемен.

Сиз, әзизлерге, сизлер арқалы пүткил елимизге тынышлық ҳәм саламатлық, шаңарақлық бахыт-ығбал ҳәм абаданлық тилеймен.

Жанажан Ўатанымыздың тымсалы ҳәм ғәрезсизлигимиздиң символы болған мәмлекетлик байрағымыз, гимнимиз ҳәм гербимизге, маған тапсырылған Президентлик Жоқары нышаны ҳәм байрағына жоқары ҳүрмет көрсетемен.

Өзбекстан Республикасы Президенти лаўазымына сайланыўымды Жаңа Өзбекстанды қурыў жолында алып барып атырған сиясатымыздың жоқары белгиси сыпатында қабыл етемен.

Ҳүрметли салтанатлы мәжилис қатнасыўшылары!

Болып өткен сайлаўларда көп миллетли халқымыз белсене қатнасып, өзиниң еркин қәлеўин, ерк-ықрарын, жоқары ҳуқықый санасы ҳәм сиясий мәдениятын айқын көрсетти.

Халқымыз бенен биргеликте таңлаған ҳәм әмелге асырып атырған раўажланыў жолымыздың қаншелли дурыслығын сайлаў нәтийжелери және бир мәрте тастыйықлады. Бул болса бәршемизге жаңа күш, бәлент руўх ҳәм исеним бағышлайды.

Сайлаўдың еркин ҳәм демократиялық, ашық-айдын, саламат бәсекилик ҳәм сиясий гүрес орталығында өткенин халықаралық ҳәм сырт елли бақлаўшылар да тән алды.

Президент сайлаўында Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми ҳәм Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамының узақ мүддетли миссиялары пүткил сайлаў процесслерин тиккелей бақлап барды. Әсиресе, Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бюросы ҳәм Парламент Ассамблеясы қатарында биринши мәрте Европа парламентинен де бақлаўшылар қатнасты.

Улыўма, сайлаўда 18 халықаралық шөлкем ҳәм 45 сырт мәмлекеттиң мыңға шамалас ўәкиллери халықаралық бақлаўшы сыпатында қатнасты. Соның менен бирге, 1 мың 700 ге шамалас жергиликли ҳәм сырт елли журналистлер сайлаў процесслерин тиккелей сәўлелендирип барды. Олардың барлығы, сайлаў миллий нызамшылығымыз ҳәм улыўма тән алынған халықаралық принциплер тийкарында, жоқары дәрежеде өткенин айрықша атап өтти.

Әзиз ўатанласлар!

Сайлаўда маған билдирилген исеним ­ жоқары мәртебе, муқаддес миннет екенин, соның менен бирге бул исеним маған қандай үлкен жуўапкершилик жүклейтуғынын да терең сезинип турман.

Кандидатурамды алға қойған ҳәм сайлаў кампаниясында қоллап-қуўатлаған Исбилерменлер ҳәрекети ­ Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясының ағзалары менен белсендилерине, барлық тәрепдарларым ҳәм исенимли ўәкиллериме рахмет айтаман.

Сайлаўда белсене қатнасқан Өзбекстан Халық демократиялық партиясынан талабан ­ Мақсуда Ворисоваға, «Миллий тикланиш» демократиялық партиясынан ­ Алишер Қодировқа, Өзбекстан Экологиялық партиясынан ­ Нарзулло Обломуродовқа, «Адолат» социал-демократиялық партиясынан ­ Баҳром Абдуҳалимовқа айрықша миннетдаршылық билдиремен. Оларға алдағы жумысларында әўметлер тилеймен.

Биз сайлаў процесинде өз-ара бәсекилескен болсақ, енди барлық арзыў-нийетлеримиз бенен ҳәрекетлеримизди бирлестирип, сиясий партиялар менен белсене бирге ислесемиз. Олардың сайлаўалды бағдарламаларындағы әҳмийетли әмелий идеялар ҳәм усыныслар алдағы жумысларымызда итибарымыздан шетте қалмайды.

Барлық күш ҳәм потенциалымызды бирден-бир уллы мақсетимиз ­ Жаңа Өзбекстанды қурыўға қаратамыз.

Бүгин усы жоқары минберде турып, барлық аймақларымыз ­ Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы халқына;

елимизде тынышлық ҳәм дослық орталығын беккемлеў жолында шын кеўилден хызмет етип атырған мәҳәлле белсендилери, пуқаралық жәмийети институтлары ўәкиллери ҳәм дин ғайраткерлерине;

ийгиликли дуўалары, турмыслық мәсләҳәтлери менен бизиң жумысымызға нәтийже ҳәм берекет берип атырған әдиўли нураныйларымызға;

жәмийетимиз турмысында шексиз орынға ийе болған ҳүрметли ҳаялларымызға;

экономика, санаат, аграр ҳәм социаллық тараўларда пидәкерлик пенен мийнет етип атырған жумысшы-хызметкерлерге, исбилермен ҳәм фермерлерге, қурылысшы-дөретиўшилерге;

пүткил барлығын илим ҳәм мәнаўиятты раўажландырыў, нәўқыран әўлад тәрбиясына бағышлаған устаз ҳәм муғаллимлерге, илимий ҳәм дөретиўши зиялыларға, мәденият ҳәм көркем өнер ўәкиллерине;

елимиз денсаўлығын сақлаў сыяқлы ийгиликли мақсет жолында өзин аямастан, мәртлик пенен мийнет етип атырған медицина хызметкерлерине;

Жалолиддин Мангуберди, Сахыпқыран Әмир Темур, Бабур Мырза сыяқлы уллы бабаларымыз дәстүрлерин мүнәсип даўам еттирип атырған мәрт ҳәм баҳадыр әскерий хызметкерлеримизге;

жәҳән майданларында Ўатанымыз байрағын бәлент көтерип атырған мәрт спортшыларымызға;

Орайлық сайлаў комиссиясы, округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссиялары ағзаларына, сырт еллердеги дипломатиялық ўәкилханаларымыз ҳәм жергиликли ҳәкимликлер хызметкерлерине;

сайлаў процесслерин кең ҳәм қалыс сәўлелендирген ғалаба хабар қураллары ўәкиллерине, журналист ҳәм блогерлерге шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Жас әўладымызға ­ мениң ул-қызларыма қарата айтпақшыман: тамырларында уллы бабаларымыздың күш-ғайраты тасып турған әзиз перзентлерим, сизлер Жаңа Өзбекстанды жаратыўда бәрқулла алдынғы қатарда боласызлар, деп исенемен.

Өзбекстан Республикасы Президенти етип сайланыўым мүнәсибети менен шын жүректен қутлықлаўларын жоллаған мәмлекетимиздиң барлық пуқараларына, сырт еллер ҳәм халықаралық шөлкемлердиң басшыларына, сиясий ҳәм жәмийетлик ғайраткерлерге терең ҳүрметимди билдиремен.

Пурсаттан пайдаланып, сайлаўда қатнасқан барлық халықаралық бақлаўшыларға өз атымнан, халқымыздың атынан рахмет айтаман.

Ҳүрметли салтанатлы мәресим қатнасыўшылары!

Бүгинги салтанатлы мәресим пайтахтымыз орайында қурылған, барлық заманагөй шараятларға ийе болған саўлатлы Сенат имаратында өтип атырғанында да терең рәмзий мәни бар, әлбетте.

Бул қутлы орын мәмлекетимиздиң раўажланыўы жолында әҳмийетли нызам ҳәм қарарлар қабыл етилетуғын абырайлы дәргайға, заманагөй миллий мәмлекетшилигимиз айнасы ҳәм демократия мектебине айланады, деп исенемен.

Жаңа Өзбекстан тымсалларынан бири болған Сенат имараты бәршемизге мүбәрек болсын!

Қәдирли дослар!

Бәршеңиз хабардарсыз, буннан бес жыл бурын халқымыз бенен мәсләҳәтлесип Ҳәрекетлер стратегиясын қабыл еткен едик. Өткен дәўир даўамында усы Стратегия тийкарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.

Жаңа мүддетке лаўазымға кирисип атырған Президент сыпатында жанажан Ўатанымыздың бүгинги күни ҳәм келешеги ушын барлық жуўапкершиликти терең сезинген ҳалда айтпақшыман:

Халқымыз бенен баслаған демократиялық реформалар жолын және де исенимли даўам еттиремиз ҳәм бул жолдан ҳеш қашан изге қайтпаймыз!

Жаңа Өзбекстанды биргеликте әлбетте қурамыз!

Тийкарғы энциклопедиямыздың кепили сыпатында Конституция ҳәм нызамларымыз талапларын сөзсиз орынлаў, «Инсан қәдири ушын» деген тийкарғы принципти толық әмелге асырыў буннан былай да жумысымның баслы өлшеми болып қалады.

Әлбетте, инсан қәдири биз ушын қандай да бир абстракт, бәлентпәрўаз түсиник емес. Инсан қәдири дегенде, биз, бәринен бурын, ҳәр бир пуқараның тыныш ҳәм қәўипсиз турмыста жасаўын, оның фундаменталлық ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеўди нәзерде тутамыз.

Инсан қәдири дегенде, биз ҳәр бир пуқара ушын мүнәсип турмыс шараяты ҳәм заманагөй инфраструктура дүзиўди, жоқары медициналық хызмет көрсетиў, сапалы билимлендириў, социаллық қорғаў системасы, саламат экологиялық орталық жаратып бериўди түсинемиз.

Ҳүрметли салтанатлы мәресим қатнасыўшылары!

Бүгин арамызда мәмлекетимизде жумыс алып барып атырған халықаралық шөлкемлер ўәкиллери ҳәм сырт мәмлекетлердиң елшилери қатнасып атырғаны бәршемизге үлкен қанаатланыўшылық бағышлайды.

Соңғы жылларда елимизде демократиялық реформаларды әмелге асырыў, атап айтқанда, инсан ҳуқықлары менен еркинликлери ҳәм  нызам үстинлигин тәмийинлеў бағдарында алып барып атырған жумысларымыздан, сиз, ҳүрметли дипломатлар да хабардарсыз, деп ойлайман.

Бул тараўдағы әмелий жумысларымыздың тән алыныўы сыпатында Өзбекстан биринши мәрте Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Инсан ҳуқықлары кеңеси ағзалығына сайланғанын айтып өтиў жеткиликли.

Соның менен бирге биз инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў ҳәм тәмийинлеўде әмелге асырған жумысларымызға қарағанда, алдымызда турған ўазыйпалар көп екенин де жақсы түсинемиз.

Бизге белгили, бул жоқары қәдириятты шын мәнисинде енгизиў ­ қандай да бир мәнзилге жетип барып тоқтаў, дегени емес. Инсан ҳуқықларын қорғаў үзликсиз даўам ететуғын процесс екенин бәршемиз терең аңлаймыз. Жәҳән тарийхы ҳәм демократиялық мәмлекетлер тәжирийбеси де буннан дәрек береди.

Усы мүнәсибет пенен бул тараўдағы ўазыйпаларды әмелге асырыўда биз халықаралық жәмийетшилик, атап айтқанда, Сиз, ҳүрметли дипломатиялық корпус ўәкиллериниң тығыз бирге ислесетуғынына исенемиз.

Қәдирли сенатор ҳәм депутатлар!

Елимиз биз баслаған халықшыл реформаларға бүгин тилеклеслик ҳәм қатаң исеним менен қарап, олардың жемиси ҳәм нәтийжесин тезирек көриўди қәлемекте. Мине усы ҳақылы талапты есапқа алған ҳалда, биз Жаңа Өзбекстан раўажланыў стратегиясын ислеп шығып, сайлаў процесинде оны өзине тән улыўмахалықлық додалаўдан өткердик.

Бул әҳмийетли концептуаллық ҳүжжетте реформаларымыздың үзликсизлиги ҳәм даўамлылығын тәмийинлеў мақсетинде «Ҳәрекетлер стратегиясынан ­ Раўажланыў стратегиясына қарай» деген принцип тийкарғы идея ҳәм баслы өлшем сыпатында күн тәртибине қойылды.

Биз бул стратегияда елимизде жасап атырған ҳәр бир пуқараның ҳуқық ҳәм еркинликлери, нызамлы мәплерин ең жоқары қәдирият етип белгиледик.

Жаңа Өзбекстан раўажланыў стратегиясы миллий раўажланыўымыздың жаңа басқышын баслап беретуғынын атап өтиў керек. Биз буннан былай жумысларымызды «инсан ­ жәмийет ­ мәмлекет» деген жаңа принцип тийкарында шөлкемлестиремиз.

Сайлаўшылар менен сөйлесиўлер ўақтында билдирилген пикир-усыныслар, әмелий усыныслар менен басламалар тийкарында биз Раўажланыў стратегиямызды буннан былай да жетилистириў үстинде жумыс алып бармақтамыз ҳәм бул процесс және даўам етеди. Себеби, Ўатанымыздың тәғдири ҳәм келешеги менен байланыслы тийкарғы мәселелерди шешиўде кең жәмийетшилик, ҳәр бир пуқараның пикири биз ушын оғада әҳмийетли.

Бул бойынша және бир әҳмийетли мәселеге итибарыңызды қаратпақшыман.

Келеси бес жыл ушын тийкарғы бағдарларды белгилеп алар екенбиз, өткен дәўирде ерискен табысларымыз бенен бирге, жол қойылған қәте ҳәм кемшиликлерди де сын көзқарастан терең талқылаўымыз керек. Неге дегенде, өз келешегин өз қолы, өз күши менен жаратыўға бел байлаған халық ҳәм миллет кешеги күннен дурыс жуўмақ шығарып, алға умтылып жасайды.

Сайлаўалды ушырасыўларында мәмлекетимиздеги ҳәр бир қала ҳәм районды социаллық-экономикалық, мәдений ҳәм ағартыўшылық раўажландырыў бойынша жаңа режелер дүздик. Ҳәзирги күнде мине усы усынысларды улыўмаластырып, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы бойынша бөлек-бөлек бағдарламаларды ислеп шықпақтамыз ҳәм оларды жыллар кесиминде әмелге асырамыз.

Мен буннан бес жыл бурын, яғный, Президентлик жумысымды баслаған биринши күнлерде айтқан пикиримди және тәкирарлайман: маған жасалма ҳәм бәлентпәрўаз гәплердиң кереги жоқ. Қурғақ ҳәм жалған гәплер, тийкары жоқ санлар ­ бул тек ғана өзимизди алдаў болады. Бул тек жумысымызға зыян жеткереди.

Биз ушын улыўма жумысымыз ҳәм ҳәрекетимизге пайда беретуғын идея ҳәм пикирлер, әмелий усыныслар менен басламалар, анық нәтийжелер керек. Буннан басқа жолды мен пүткиллей қабыл етпеймен.

Ҳүрметли дослар!

Бәршемиз көрип-билип турмыз: бүгинги күнде инсаният өз тарийхындағы оғада қурамалы дәўирди басынан өткермекте. Биз бурын көрмеген, билмеген шексиз қәўип-қәтер ҳәм қыйыншылықларға дус келмектемиз.

Жер жүзинде миллионлаған адамларды өмирден алып кеткен коронавирус пандемиясы ҳәм оның ақыбетинде келип шыққан глобал экономикалық кризис еле даўам етпекте. Пандемия қашан тамамланады ҳәм оннан кейинги турмыс қандай болады ­ буны ҳеш ким алдыннан болжай алмайды.

Тилекке қарсы, пандемияның кери тәсиринен Өзбекстан да шетте қалып атырғаны жоқ. Бул қәўипли кеселликке қарсы гүрес, бундай аўыр шараятта жасаў ҳәм мийнет етиў бизден үлкен күш ҳәм қаржы, жоқары ерк-ықрар ҳәм қатаң тәртипти талап етпекте.

Қаншелли ҳәрекет етиўимизге қарамастан, пандемия себепли көплеген ўатанласларымыз, соның ишинде, бир қанша сенатор ҳәм депутатларымыз, басшы заманласларымыздан айырылдық. Бүгин олардың бәршесиниң естелигин және бир мәрте еске алып, ақыретлери абат болсын, деймиз.

Ҳәзирги ўақытта дүньяда түрли күшлер арасында қарама-қарсылық ҳәм қыйыншылықлар күшеймекте, ресурслар ушын аяўсыз гүрес кетпекте. Регионымыздағы тынышлық ҳәм қәўипсизликке жаңадан-жаңа қәўиплер пайда болмақта.

Глобалласыў ҳәм кескин бәсеки заманы, жеделлик пенен өзгерип атырған турмыс бизиң алдымызға кешиктирип болмайтуғын, оғада әҳмийетли ўазыйпаларды қойып атырғанлығы өз-өзинен анық болмақта.

Мине усындай қурамалы ҳәм қәўипли жағдайда бәршемиз тыныш ҳәм парахат өмиримизди сақлаў, миллий ғәрезсизлигимизди беккемлеў ушын және де бирлесип, қырағы ҳәм сергек болып, аўызбиршиликли ҳәм исенимли ҳәрекет етиўимиз зәрүр.

Усы мақсетте ҳәр бир шаңарақ ҳәм мәҳәлледе, пүткил елимизде тынышлық ҳәм турақлылықты сақлаў, халықтың турмыс дәрежеси менен сапасын арттырыў, жәҳән жәмийетшилиги менен дослық ҳәм бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылған стратегиялық жолымызды буннан былай да избе-из даўам еттиремиз.

Қәдирли ўатанласлар!

Жаңа Өзбекстан раўажланыў стратегиясы жети бағдардан ибарат етип белгиленди. Бул ­ тосыннан емес. Неге дегенде, ата-бабаларымыз жети санын бахыт-ығбал ҳәм әўмет келтиретуғын, ийгиликли нийетти жүзеге шығаратуғын қәсийетли тымсал, деп билген.

Рухсатыңыз бенен, Раўажланыў стратегиясы шеңберинде әмелге асырылатуғын ең тийкарғы ўазыйпаларға қысқаша тоқтап өтпекшимен.

Бириншиден, еркин пуқаралық жәмийетин раўажландырыў арқалы халықшыл мәмлекет жаратыў, инсан қәдир-қымбаты ҳәм оның нызамлы мәплерин тәмийинлеўге қаратылған кең көлемли реформаларымыз жаңа басқышқа көтериледи.

Бул бағдарда, миллети, тили ҳәм динине қарамастан, елимизде жасап атырған ҳәр бир пуқараның, пүткил халқымыздың абаданлығын тәмийинлеўге хызмет ететуғын «Жаңа Өзбекстан ­ халықшыл ҳәм инсансүйиўши мәмлекет» идеясын әмелге асырыўға айрықша итибар қаратамыз. Усы тийкарда жергиликли басқарыў уйымларының орынларда машқалаларды шешиўдеги роли ҳәм жуўапкершилигин және де күшейтемиз. Буның ушын келешекте мәмлекет функцияларының үлкен бөлеги орайдан аймақларға өткериледи.

Жәмийетлик басқарыўдың таяныш буўыны болған, реформалар нәтийжеси тиккелей көринетуғын мәҳәлле системасын ҳәкимликлер менен байланыстырыў мақсетинде ҳәр бир мәҳәлледе ҳәким жәрдемшиси лаўазымы енгизиледи. Ҳәким жәрдемшиси жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыўға жуўапкер болады. Мәҳәлле баслығы болса руўхый-ағартыўшылық жумысларды әмелге асырыў, шаңарақ ҳәм мәҳәлледе саламат орталықты қәлиплестириўге жуўап береди.

Соның менен бирге, мәҳәллелерде жаслар мәселелери менен турақлы шуғылланатуғын Жаслар ислери агентлигиниң ўәкили де болады.

Буннан тысқары, ҳәкимликлер ҳәм мәҳәллелердиң финанслық имканиятын кеңейтиў мақсетинде район бюджети қосымша дәреклер бенен тәмийинленип, мәҳәллениң айрықша қоры қәлиплестириледи.

Гезектеги әҳмийетли ўазыйпамыз ­ орайлық уйымларды трансформациялаў арқалы пуқараларға хызмет ететуғын оптимал ҳәм нәтийжели басқарыў системасын жаратыўдан ибарат. Буның ушын, ең дәслеп, министрлик ҳәм уйымларды шөлкемлестириў ҳәм сапластырыў тәртиби, оларды бир-биринен ажыратып туратуғын өлшемлер, қурамлық структура ҳәм штатларды белгилеўге байланыслы анық талаплар ислеп шығылады. Усы тийкарда бирдей бағдардағы ўазыйпаларды әмелге асырып атырған уйымлар оптималластырылады.

Орайлық уйымлардың аймақлық структуралар менен ислесиў процесине жаңаша қатнасларды енгизип, ескирген бюрократиялық усыллардан ўаз кешемиз. Бунда аймақлардағы социаллық-экономикалық мәселелерди жеделлик пенен бийғәрез шешиў бойынша министрлик ҳәм уйымлардың ўәкилликлери және де кеңейтиледи.

Ҳәр бир тармақ ҳәм аймақ бойынша қабыл етилген бағдарламалардың орынланыўы бойынша басшылардың есап бериў системасы жолға қойылады.

Соның менен бирге, Халық қабыллаўханалары шын мәнисинде халық даўысын, жәмийетшилик пикирин аңлататуғын структураға айланыўы ушын қосымша ҳуқықый тийкарлар жаратылады.

Соның менен бирге кадрларды таңлаў ҳәм орны-орнына қойыў процесине жаңаша, заманагөй қатнаслар енгизиледи. Кадрлар мәмлекетлик хызметке таңлаў тийкарында қабыл етиледи, олар ушын үзликсиз маманлығын арттырыў, нәтийжелиликти баҳалаў ҳәм лаўазым бойынша көтерилиў нормалары белгиленеди.

Буннан былай ҳәр бир аймақ, тараў ҳәм тармақ жумысына оларда пуқаралардың ҳақ-ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплери қалай тәмийинленип атырғанына қарап баҳа бериледи.

Усы мүнәсибет пенен «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек», деген шақырыққа қосымша етип айтпақшыман: «Басшылар тек мәмлекетке емес, дәслеп, инсан ҳәм шаңараққа, олардың нызамлы мәплерин тәмийинлеўге хызмет етиўи керек». Соның ушын ҳәр бир жуўапкер қәниге мәҳәлле ҳәм район турмысын ийнесинен сабағына шекем билиўи шәрт.

Уллы бабаларымыз айтқанындай, басшы халыққа жүк болмаслығы, керисинше, халықтың жүгин мойнына алыўы керек. Егер қайсы басшы дәўирдиң бул өткир талабын түсинбесе, оларды енди халқымыз да, турмыстың өзи де қабыл етпейди.

Жаңа Өзбекстан раўажланыў стратегиясын әмелге асырыўда халық ўәкиллери болған сенатор ҳәм депутатлар айрықша әҳмийетли орын тутады.

Олий Мажлис жумысын және де жетилистириў, халқымыз күтип атырған, Жаңа Өзбекстанның раўажланыўын тезлестириўге хызмет ететуғын нызамшылық концепциясын ислеп шығыў ҳәм турмысқа енгизиў, нызам дөретиўшилиги жумысын демократияластырыў ҳәм олардың орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған парламентлик қадағалаўды күшейтиўге тийкарғы әҳмийет бериледи.

Бул бағдарда парламент тәрепинен мәмлекетимиз бойынша мүрәжатлар менен ислесиў жағдайы қадағалаўға алынады. Орынлардағы атқарыў мәкемеси басшыларының есабатын тыңлаў ҳәм оның нәтийжесине муўапық, оларға тәсиршең илажлар көриў әмелге асырылады.

Раўажланған демократиялық мәмлекетлер тәжирийбесинен келип шығып, жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик басқарыў системасы айырым басшылардың субъектив көзқарасына, әпиўайы етип айтқанда, олардың қас-қабағына қарап емес, керисинше, беккем ҳуқықый нормаларға ийе болған институтлар жумысы арқалы әмелге асырылыўы зәрүр.

Бул бағдарда алдымызда турған және бир әҳмийетли мәселе ­ Халық депутатлары жергиликли кеңеслери ҳәм ҳәкимлердиң ўәкилликлерин анық белгилеўге байланыслы нызамлы тийкарларды жаратыў ўақты келди, деп ойлайман.

Пуқаралық жәмийети институтларының еркин жумыс алып барыўы, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда белсене қатнасыўы ушын зәрүр шараятлар жаратыў, оларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў механизмлерин буннан былай да жетилистириў итибарымыз орайында болады. Усы мақсетте Жәмийетшилик палатасын шөлкемлестириў жумыслары жеделлестириледи.

Жәмийетлик қадағалаў, мәмлекетлик басқарыў ҳәм социаллық жойбарларды турмысқа енгизиўде пуқаралық жәмийети институтларының қатнасын күшейтиўге байланыслы әҳмийетли ўазыйпалар әмелге асырылады.

Мәмлекетимизде демократиялық жаңаланыў процесслерин буннан былай да тереңлестириў ушын сөз ҳәм баспасөз еркинлигин, пуқаралардың мәлимлеме алыў ҳәм оны тарқатыў, өз пикир ҳәм көзқарасларын еркин билдириў ҳуқықын тәмийинлеў бағдарында әҳмийетли илажлар турмысқа енгизилмекте.

Әлбетте, бундай ашықлық ҳәм жәриялылық шараятында ислеў, өз жумысына байланыслы билдирилип атырған сын пикирлерди дурыс қабыл етиў ескише қәлиплер менен жасап атырған айырым ҳәмелдарларға жақпаўы да мүмкин. Лекин, соған қарамастан, биз бул жолды мәмлекетлик сиясаттың ең әҳмийетли бағдарларынан бири деп билемиз ҳәм оны избе-из даўам еттиремиз.

Усы мақсетте ҳәрекеттеги нызамшылықта мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң лаўазымлы шахслары тәрепинен ғалаба хабар қураллары жумысына тосқынлық етиў, цензура орнатыў, редакция хызметкерлерине басым ҳәм қысым өткериў, материаллар ҳәм техникалық қуралларды олардан нызамсыз түрде алып қойыў ҳәрекетлери исленгени ушын жуўапкершиликти күшейтиў нәзерде тутылмақта.

Бир сөз бенен айтқанда, нызамлы жумыс алып барып атырған барлық журналист ҳәм блогерлер буннан былай да нызам ҳәм Президент қорғаўында болады.

Екиншиден, әдиллик ҳәм нызам үстинлиги ­ халықшыл мәмлекет қурыў, инсан қәдир-қымбатын тәмийинлеўдиң ең тийкарғы ҳәм зәрүр шәрти.

Өткен дәўирде Өзбекстанда бул бағдарда үлкен жумыслар әмелге әмелге асырылды.

Ҳәзирги ўақытта әдил судлаў системасының ҳақыйқый бийғәрезлиги ҳәм ашықлығын тәмийинлеў, ҳуқық-тәртип уйымлары жумысын жетилистириў, адвокатура институтын күшейтиў, бул тараўлар жумысын санластырыў бойынша алдымызда көп ғана ўазыйпалар тур.

Келешекте ҳәкимшилик судлары жумысын халықаралық стандартлар тийкарында жетилистириў бойынша тийисли илажлар әмелге асырылады.

Суд жеке мүлкти қорғай отырып, пуқара ҳәм исбилерменлердиң ҳуқықларын тиклеў арқалы атқарыў мәкемелерин нызам шеңберинде ислеўге мәжбүр ететуғын системаны жаратыўымыз зәрүр. Бул болса жәмийеттиң раўажланыўына, биринши гезекте, оның экономикалық раўажланыўына хызмет етеди.

Биз мәмлекетимиздиң раўажланыўын, халықтың абаданлығын тәмийинлеўде шешиўши орын ийелейтуғын исбилермен ҳәм мүлк ийелери ҳуқықларын ҳәр тәреплеме қорғаймыз. Бул бағдардағы нызам бузылыўын пүткиллей жол қойып болмайтуғын айрықша жағдай деп баҳалаймыз.

Усы мүнәсибет пенен жеке мүлк үстинлиги нызамларымызда тийкарғы принцип сыпатында белгиленди. Мәмлекетлик мәкеме мағлыўматына исенип мүлк сатып алған шахстың ҳуқықының бузылмаўы тәмийинленеди.

Және бир әҳмийетли мәселе ­ соңғы бес жылда коррупцияға қарсы гүрести мәмлекетлик сиясат дәрежесине алып шықтық. Усы мақсетте Сенат Баслығы басшылығында Коррупцияға қарсы гүресиў Миллий кеңеси дүзилди. Буннан тысқары, Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги де белсене жумыс алып бармақта.

Буннан былай да раўажланыў зыянкеси болған бул иллетке шек қойыўға мәмлекет ҳәм жәмийеттиң барлық күш ҳәм қуралларын мобилизациялаймыз.

Бул бағдарда айыпкерлерди ҳуқықый жуўапкершиликке тартыў менен шекленип қалмастан, системалы превентив илажларды көриў зәрүр. Усы тийкарда коррупцияның тек ақыбетлерин емес, ал, себеплерин алдыннан сапластырыў бойынша тәсиршең илажлар әмелге асырылады.

Бирақ, ҳәммемиз жақсы түсинемиз, коррупция бәлесине қарсы тек мәмлекетлик-ҳуқықый илажлар менен ғана гүресип болмайды. Буның ушын пүткил жәмийетимизде, дәслеп, жаслар санасында бул иллетке қарсы маўасасыз мүнәсибетти қәлиплестириў, барлық саламат күшлерди бирлестириў шешиўши әҳмийетке ийе.

Халықшыл мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийетин қурыўда халықтың ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятын көтериў, қабыл етилип атырған нызам ҳәм қарарлардың мазмун-мәнисин кең халық қатламына жеткериў айрықша әҳмийетке ийе.

Соның ушын пуқаралар арасында нызамға ҳүрмет ҳәм әмел етиў сезимин қәлиплестириў ­ бақша ҳәм мектептен баслап жоқары оқыў орнына шекем, барлық билимлендириў мәкемелериниң, ҳәр бир шаңарақтың биринши гезектеги ўазыйпасы болыўы керек.

Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

Барлық талабанлардың сайлаўалды ушырасыўларында электорат ўәкиллери тәрепинен бүгинги күнде турмыстың өзи, реформаларымыз логикасы талап етип атырған және бир әҳмийетли усыныс алға қойылды. Ол да болса, мәмлекетимизде конституциялық реформаларды әмелге асырыўдан ибарат.

Егер дүнья тәжирийбесине нәзер таслайтуғын болсақ, түпкиликли бурылыс дәўиринде көп ғана мәмлекетлерде конституциялық реформалар әмелге асырылғанын көремиз. Сол себепли, дәслеп, сенатор ҳәм депутатларымыз, кең жәмийетшилигимиз, халқымыз бенен және бир мәрте кеңесип, жәҳән конституциялық тәжирийбесин үйренип, пуқта ойлаған ҳалда бүгинги ҳәм алдағы раўажланыўымызды белгилеп беретуғын Тийкарғы Нызамымызды жетилистириў мәселесин де көрип шығыўымыз керек.

Үшиншиден, миллий экономиканы, оның өсиў пәтлерин заман талаплары дәрежесинде раўажландырыў тийкарғы ўазыйпаларымыздан бири.

Мәмлекетимиздеги бар ресурс ҳәм имканиятларды мобилизациялаған ҳалда, халықтың жан басына туўра келетуғын жалпы ишки өним көлемин буннан былай да арттырыўды мақсет еткенбиз.

Несип етсе, 2030-жылға барып, Өзбекстан жан басына есаплағанда, халық дәраматлары орташа көрсеткиштен жоқары болған мәмлекетлер қатарынан орын ийелейди. Буған, бәринен бурын, жеке секторды хошаметлеў ҳәм оның үлесин арттырыў ҳәм тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў есабынан ерисиў нәзерде тутылмақта. Атап айтқанда, «шийки заттан ­ таяр өнимге шекем» деген принцип тийкарында драйвер тараўларда кластер системасын раўажландырамыз.

Экономикада жоқары өсим пәтлерине ерисиў ушын, дәслеп, макроэкономикалық турақлылықты тәмийинлеп, инфляция дәрежесин белгиленген 5 процентке шекем төменлетиў илажлары әмелге асырылады.

Сондай-ақ, бюджет ҳәм сыртқы қарыз турақлылығын тәмийинлеў, жергиликли бюджетлердиң имканиятларын кеңейтиўге биринши дәрежели итибар қаратылады.

Исбилерменлик жумысын буннан былай да қоллап-қуўатлаў, салық жүгин азайтыў, ҳәммеге тең болған бизнес орталығын ҳәм зәрүр инфраструктура жаратыў бойынша баслаған реформаларымызды қатаң даўам еттиремиз.

Мәмлекетлик кәрханаларды трансформациялаў ҳәм меншиклестириў процесслерин тезлестириў экономиканы реформалаўдың тийкарғы ўазыйпаларынан бири болып қалады.

Еркин бәсекиге тийкарланған базарды жаратыў есабынан халық ҳәм исбилерменлер энергия ресурслары менен кепилликли тәмийинленеди.

Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, жаслар ҳәм жумыссыз пуқараларды мәмлекет есабынан квалификациялы кәсип-өнерге оқытыў, шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў, мүтәж халықты мәнзилли қоллап-қуўатлаў арқалы 2026-жылға шекем кәмбағаллықты еки есеге қысқартыў нәзерде тутылмақта.

Соның менен бирге, социаллық қорғаў тараўында басқарыў системасы реформаланып, социаллық хызметлердиң сапасы жақсыланады ҳәм көлеми кеңейтиледи.

Ең әҳмийетли мәселелерден бири сыпатында турақ жай мәселесин шешиў, халыққа қолайлы жасаў шараятларын жаратыў турақлы итибарымыз орайында болады. Бул бағдарда қабыл еткен бағдарламаларымыз, атап айтқанда, арзан турақ жайлар бағдарламасы тийкарында соңғы бес жылда 140 мыңнан аслам жаңа квартира ҳәм жеке тәртиптеги турақ жайлар қурылды. Бул ­ алдынғы бес жылға салыстырғанда 10 есе көп турақ жай қурылды, дегени.

Мине усындай жумысларымыздың көлемин және де кеңейтип, келешекте аймақларымызда 1 миллионнан артық халық ушын барлық қолайлылық ҳәм социаллық инфраструктураға ийе болған «Жаңа Өзбекстан» массивлерин жаратамыз. «Абат мәҳәлле», «Абат аўыл» бағдарламалары избе-из даўам еттириледи.

Халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў, заманагөй жол ҳәм коммуникация тармақларын қурыў, жәмийетлик транспорт ҳәм аймақлар аралық турақлы автомобиль, темир жол ҳәм ҳаўа қатнаўын жақсылаў бойынша да ири жойбарлар әмелге асырылады.

Биз ушын стратегиялық тармақ болған аўыл хожалығының нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырыў ҳәм оны диверсификациялаў оғада шешиўши әҳмийетке ийе. Әсиресе, аграр тараўды раўажландырыў, аўыл хожалығы өнимлерин кластер тийкарында қайта ислеў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў әҳмийетли ўазыйпамыз болып қалады.

Аўыллық жерлерде жасап атырған халықтың турмыс дәрежеси ҳәм сапасын арттырыў реформаларымыздың тийкарғы бағдарын қурайды. Усы мақсетте фермер ҳәм дийқанлардың дәраматын 2 есеге көбейтиў ушын зәрүр шараятларды жаратамыз, аўыл хожалығының жыллық өсиў пәтин кеминде 5 процентке жеткеремиз.

Төртиншиден, әдалатлы социаллық сиясат жүргизиў, инсан капиталын раўажландырыўдың ең әҳмийетли факторы есапланған сапалы тәлим-тәрбия мәселеси буннан былай да бәрқулла итибарымыз орайында болады.

Елимизде Үшинши Ренессанс тийкарын жаратыў ушын бизге заманагөй илим ҳәм және бир мәрте илим, тәрбия ҳәм және бир мәрте тәрбия керек. Бүгинги ҳәм ертеңги күнимизди, жасларымыз тәғдирин шешетуғын жоқары квалификациялы муғаллим ҳәм устазлар, профессор-оқытыўшылар, ҳақыйқый зиялылар керек.

Ашық айтыў зәрүр, биз бул мийнеткеш, пидайы инсанлар алдында еле қарыздармыз. Сонлықтан да, қаншелли қыйын болмасын, оқытыўшылардың мийнетин мүнәсип хошаметлеў ушын бар күш ҳәм имканиятларымызды жумсаймыз. 2025-жылға барып, жоқары категориялы оқытыўшылардың айлық мийнет ҳақысын эквивалент есабында 1 мың долларға жеткериў илажлары көриледи.

Бул бағдарда, дәслеп, бақша системасын мектеп билимлендириўи менен үйлестириў арқалы балаларымызды мектепке таярлаў сапасын және де жақсылаймыз. Мәмлекетимиздиң ҳәмме аймақларында онлаған жаңадан-жаңа мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери қурылады. Барлық бақшалар ҳәр жылы 2 миллион нусқадағы заманагөй оқыў әдебиятлары менен тәмийинленип барылады.

Бақша хызметкерлериниң профессионаллық таярлығы ҳәм шеберлигин арттырып барыў оғада айрықша әҳмийетке ийе. Усы мақсетте системадағы 160 мыңнан зыят педагог кадрлардың қәнигелиги арттырылады.

Балалар саны өсип баратырғанын инабатқа алып, жаңа мектеплер қурыў, барларының материаллық-техникалық базасын беккемлеўге, тараўдың барлық басқышлары арасында байланысты тәмийинлеўге қаратылған Миллий билимлендириў бағдарламасы ислеп шығылады.

Мектепке шекемги билимлендириўдеги қамтыў дәрежесин ҳәзирги 62 проценттен кеминде 80 процентке, жоқары билимлендириў системасында болса 50 процентке жеткериў, мектеплерде тәлим-тәрбия сапасы ҳәм дәрежесин арттырыўға бирлемши ўазыйпа деп қараймыз.

Жаңа жоқары билимлендириў мәкемелерин шөлкемлестириў менен бирге, студентлерди турақ жай менен тәмийинлеў бойынша баслаған жумысларымызды жедел даўам еттиремиз.

Раўажланыў стратегиямызда халқымыздың саламатлығын тәмийинлеў буннан былай да бас ўазыйпа болып қалады. Бул тараўға бағдарланатуғын қаржыларды 2 есеге арттырыў, атап айтқанда, келеси бес жылда жоқары категориялы шыпакерлердиң мийнет ҳақысын эквивалент есабында 1 мың долларға жеткериў мөлшерленбекте.

Тийкарғы мақсет ­ медицина тараўын шын мәнисинде халық дәртине дәрман болатуғын, жоқары нәтийже менен ислейтуғын системаға айландырыўдан ибарат.

Медицинаның басланғыш буўыны арқалы медициналық профилактикаға, шаңарақлық шыпакерлердиң ролин арттырыўға айрықша итибар қаратылады. Атап айтқанда, халық арасында ең көп тарқалған ҳәм ерте өлимниң тийкарғы себеби болған кеселликлерди алдыннан анықлаў, мақсетли скрининг илажларын әмелге асырыў, профилактикалық арнаўлы препаратлар менен бийпул тәмийинлеў ҳәм саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў илажлары көриледи.

Бунда мәлимлеме технологияларын енгизиў есабынан коррупция жағдайларының алдын алыў, ең әҳмийетлиси, халықты разы етиў тийкарғы ўазыйпамыз болады.

Ўәлаят, район ҳәм қалаларда қәнигелескен медициналық хызметлер көлеми кеңейтиледи. Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў системасы иске түсирилип, қаржы анық наўқасқа байланыстырылған ҳалда ажыратылады.

Денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыў, саламат турмыс тәризин раўажландырыў ­ биз ушын әҳмийетли бағдар болып қалады. Бунда биз бәринен бурын халықтың саламатлығын беккемлеўге хызмет ететуғын халықшыл спорт системасын түсинемиз.

Усы мақсетте барлық қала ҳәм районларда ғалаба спортты раўажландырыўға, атап айтқанда, спорт майданшалары, пиядалар ҳәм велосипедшилер ушын тротуарлар, экопарклер, билимлендириў дәргайларындағы спорт залларынан ибарат спорт инфраструктурасын жаратыўға айрықша итибар қаратылады. Сондай-ақ, Олимпиада ҳәм Паралимпия ҳәрекетин раўажландырыў ушын спорт мектеплерин көбейтемиз ҳәм жаңа спорт объектлерин қурамыз. Бул бағдарда Олимпиада ойынларына киргизилген ҳәр бир спорт түрин раўажландырыў ҳәм ғалабала ен жайдырыў  бойынша комплексли бағдарламалар әмелге асырылады.

Әзиз дослар!

Кексе әўлад ўәкиллерине итибар ҳәм ғамқорлық көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме ҳүрметлеў ­ халқымыздың әзелий қәдирияты. Мине усындай сийрек ушырасатуғын пазыйлетти қәстерлеп сақлаў, перзентлеримизди усы руўхта тәрбиялаў ­ бәршемиздиң муқаддес миннетимиз.

Бүгинги глобалласыў дәўиринде, пандемия ҳәм экономикалық кризис ҳүким сүрип атырған аўыр бир шараятта дүньяның айырым аймақларында кекселер өз машқалалары ийриминде жалғыз қалып кетип атырғаны да сыр емес. Соның ушын ҳүрметли ата ҳәм аналарымыз, мийнет нуранийларының өмирин мазмунлы ҳәм пайызлы етиў, олар ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў, денсаўлығын беккемлеў бойынша баслаған жумысларымызды және де күшейтиўимиз зәрүр. Бул ҳүрметли инсанлар өзлериниң шаңарақ ҳәм жәмийетлик  турмыста мүнәсип орны барлығын бәрқулла сезинип жасасын.

Усы мақсетте өткерилип атырған, нуранийларымыздың руўхы ҳәм кейпиятын көтеретуғын «Үш әўлад ушырасыўы», «Кекселер ҳәптелиги» сыяқлы руўхый-ағартыўшылық илажларды көбейтиў, улыўма, ҳәр бир районда нуранийларымызды қоллап-қуўатлаў жумысларын кеңейтиў ушын айрықша бағдарламалар дүзип, әмелге асырсақ, әйне мақсетке муўапық болады.

Жәмийетимизде мийрим-шәпәәт, мүриўбет ҳәм сақаўат принциплерин буннан былай да беккемлеў мақсетинде майыплығы болған пуқаралардың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылады. Ең әҳмийетлиси, бул система әмелде ислеўи ҳәм бул категориядағы инсанлар өзлерин жәмийеттиң толық ҳуқықлы ағзасы, деп сезиниўи зәрүр.

Жәҳән тәжирийбесинен келип шығып, майыплығы болған пуқараларды кепилликли жумыс орны ҳәм дәрамат дәреги менен тәмийинлеў ушын оларға анық квоталар белгилеў бойынша әмелдеги нызамшылығымызға тийисли өзгерислер киргизиледи.

Бизге белгили, елимизде ата-анасынан айырылған, меҳирге мүтәж балаларды қоллап-қуўатлаў, оларға тәлим-тәрбия бериў, кәсип-өнерге оқытыў ҳәм турақ жай менен тәмийинлеўге, жәмийетте мүнәсип орын ийелеўине айрықша итибар қаратылмақта.

«Меҳрибанлық үйлери» ҳәм арнаўлы мектеп-интернатларда жасап атырған балаларды шаңараққа жақын орталықта, билимли ҳәм кәсип-өнерли етип тәрбиялаў ушын «Меҳир дәптери» шеңберинде баслаған жумысларды избе-из даўам еттириў бәршемиздиң миннетимиз.

Бул бойынша алып барып атырған жумысларымыздың әмелий нәтийжеси сыпатында бир мысал келтирмекшимен. Кейинги үш ай даўамында адамгершиликли инсанлар тәрепинен мине усындай дәргайларда тәрбияланып атырған онлаған балалар перзентликке қабыл етилди. Сол себепли 3 «Меҳрибанлық үйи», 1 «Балалар қалашасы» өз жумысын тоқтатқаны, айрықша, итибарлы.

Өзбек халқының жоқары адамгершилик пазыйлетлерин көрсетип атырған мине усындай мийрим-шәпәәтли, балажанлы ҳәм кеңпейил ўатанласларымызға, балалар үйлерин аталыққа алып, қайырлы ислерди әмелге асырып атырған сақаўатлы исбилермен ҳәм зыялыларға, Миллий гвардия хызметкерлерине өз атымнан, халқымыздың атынан терең миннетдаршылық билдиремен.

Ҳәзирги ўақытта шаңарақларымыздың пайыз-периштеси болған, перзентлеримизди бәркамал инсанлар етип тәрбиялаўға мүнәсип үлес қосып атырған ҳаял-қызларымыз барлық реформаларымызда белсене қатнаспақта. Ҳүрметли аналарымыз, апа-қарындасларымызға бәрқулла итибар ҳәм ғамқорлық көрсетиў Өзбекстанда алып барылып атырған мәмлекетлик сиясаттың ажыралмас бөлеги болып киятырғаны сизлерге жақсы белгили. Сонлықтан ҳаял-қызларымыздың бәнтлигин тәмийинлеў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўдағы орны менен абырайын буннан былай да арттырыў, олардың өз потенциалын көрсетиўи ушын шараятларды кеңейтиў, гендер теңлик, шаңарақ, аналық ҳәм балалықты қорғаў бағдарындағы жумысларымызды жаңа басқышқа көтериў мақсетинде Миллий бағдарлама қабыл етемиз.

Нәўқыран жасларымызды, әсиресе, қызларымызды саламат ҳәм жетик етип тәрбиялаў, олардың қәбилети менен талантын жүзеге шығарыў, Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятлар руўхында тәрбиялаў буннан былай да итибарымыз орайында болады.

Биз сырт мәмлекетлерде билим алып, мийнет етип, дәрамат таўып атырған ўатанласларымызды, олардың мәмлекетимизде жасап атырған шаңарақ ағзаларын қоллап-қуўатлаў, социаллық қорғаў бойынша қосымша илажларды қабыл етемиз. Атап айтқанда, «Ватандошлар» жәмийетлик фонды арқалы сырт еллерде жасап атырған пуқараларымыз ҳәм олардың шаңарақлары менен байланыслар кеңейтиледи. Ўатанласларымызды ана тилимиз, мәденият ҳәм үрп-әдетлеримиз тийкарында бирлестириў, олардың билим ҳәм потенциалын мәмлекетимиздиң раўажланыўына нәтийжели бағдарлаў бойынша жумыслар даўам еттириледи.

Бесиншиден, Жаңа Өзбекстан раўажланыў стратегиясында социаллық, экономикалық ҳәм сиясий факторлар менен бирге, руўхый ҳәм ағартыўшылық тараўларда әмелге асырылып атырған реформалар да оғада үлкен әҳмийетке ийе.

Ҳәммемиз жақсы түсинемиз, егер жәмийетлик турмыстың денеси экономика болса, оның жаны ҳәм руўхы ­ мәнаўият. Биз жаңа Өзбекстанды қурыўда, мине, усы еки беккем үстинге, яғный, базар принциплерине тийкарланған күшли экономикаға ҳәм ата-бабаларымыздың бай мийрасы, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық идеяларды жәмлестиретуғын күшли мәнаўиятқа сүйенемиз. Усы мақсетте «Жаңа Өзбекстан ­ мәрипатлы жәмийет» концепциясын әмелге асырамыз.

Миллий қәдириятларымызды буннан былай да раўажландырыў, өзбек тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы орны менен абырайын арттырыў, мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыўға байланыслы ўазыйпалар бәрқулла күн тәртибимизде турады.

Муқаддес ислам динимиздиң инсансүйиўшилик идеяларын үгит-нәсиятлаў, «жаўызлыққа қарсы ­ ағартыўшылық» принципи тийкарында өнип-өсип киятырған жасларымызды саламат исеним руўхында тәрбиялаўға айрықша әҳмийет беремиз.

Сизлерге белгили, Өзбекстан ­ үлкен имканият ҳәм байықларға ийе мәмлекет. Лекин, бизиң ең үлкен байлығымыз ­ түрли миллет ҳәм халықлар, диний конфессиялардың ўәкиллери арасындағы тынышлық ҳәм турақлылық, өз-ара ҳүрмет ҳәм аўызбиршилик, десем, бәршеңиз бул пикирге қосыласыз, деп ойлайман.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде 130 дан зыят миллет ҳәм халық ўәкиллери бир ҳәм татыў шаңарақ болып жасап атырғаны, пидәкерлик мийнети менен жанажан Өзбекстанымыздың раўажланыўына мүнәсип үлес қосып атырғаны айрықша қуўанарлы.

Биз бундай бийбаҳа байлық пенен ҳақылы түрде мақтанамыз және мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиздиң бар күш ҳәм имканиятларын, мәмлекетимиздеги дослық ҳәм аўызбиршилик орталығын және де беккемлеўге бағдарлаймыз.

Өзбекстан Республикасының Президенти сыпатында соны айрықша атап айтаман: бизиң мәмлекетлик сиясатымызда буннан былай да барлық миллет ҳәм халық ўәкиллериниң миллий өзлигин, ана тили ҳәм мәдениятын, дини, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин сақлап қалыў ҳәм раўажландырыўға тийкарғы әҳмийет бериледи.

Алтыншыдан, бүгинги күнде инсаният көплеген улыўмаинсаныйлық машқалаларға дус келмекте ҳәм оларға шешим табыў оғада актуал болып қалмақта.

Биз глобалласыў ҳәр тәреплеме ҳәўиж алып, кескин өзгерислер жүз берип атырған қурамалы заманда жасап атырмыз. Бүгинги күнде климат өзгерислери, экологиялық машқалалар, радикализм, экстремизм ҳәм терроризм, адам саўдасы, наркотрафик сыяқлы қәўиплер бизиң мәмлекетимизде де шешилиўи зәрүр болған актуал ўазыйпалар есапланады.

Бундай машқалаларды шешиўде күш ҳәм имканиятларды бирлестириў, бул бағдардағы барлық ҳәрекетлерди үйлестириў лазым. Бул болса, өз гезегинде, келешегимиз көринисин белгилейтуғын глобал машқалалардың миллий ҳәм регионаллық дәрежедеги шешимлерин табыў зәрүрлигин аңлатады.

Елимизде экологиялық қәўиплердиң унамсыз тәсири артып бармақта. Буны күни кеше жүз берген қум боранлары да және бир мәрте тастыйықлады.

Арал теңизиниң қурыўы менен байланыслы жағдай барған сайын кескин түс алмақта. Бул бағдарда биз Аралбойын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы сыпатында жәриялаў бойынша Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының резолюциясын турмысқа енгизиўге байланыслы системалы ҳәм комплексли илажларды әмелге асырыўымыз зәрүр. Сондай-ақ, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң жаңа экологиялық сиясаты тийкарларын шөлкемлестириўге қаратылған Пүткил жәҳән экология хартиясын ислеп шығыў бағдарындағы жумысларымызды жеделлестириў керек.

Усы жыл август айында мәмлекетимизде болып өткен «Орайлық ҳәм Қубла Азия: регионаллық өз-ара байланыслылық. Қәўиплер ҳәм имканиятлар» атамасындағы конференцияда қабыл етилген қарар ҳәм ҳүжжетлердиң избе-из орынланыўы ушын халықаралық шериклеримиз бенен зәрүр илажларды әмелге асырамыз.

Жетиншиден, мәмлекетимизде тынышлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўдиң исенимли кепили болған Қураллы Күшлеримиз қүдиретин буннан былай да арттырыў тийкарғы мақсетимиз болып қалады.

Дүньяда ҳәм регионымызда жүзеге келип атырған бүгинги қурамалы ҳәм қәўетерли жағдайда өз өмирин Ўатанды қорғаўдай даңқлы иске бағышлаған, халқымыз мақтанышына айланған мәрт әскерлеримиздиң жаўынгерлик таярлығы, физикалық ҳәм мәнаўий таярлығын күшейтиў ­ әҳмийетли ўазыйпамыз.

Әскерий хызметкерлер ҳәм тараў нураныйларын, олардың шаңарақ ағзаларын қоллап-қуўатлаў, материаллық тәмийнатын және де жақсылаў, турақ жай менен тәмийинлеў, перзентлериниң заманагөй билим ҳәм кәсип-өнерлерди ийелеўи ушын биз барлық зәрүр илажларды көремиз.

Биз прагматик ҳәм терең ойланған сыртқы сиясат ҳәм экономикалық дипломатия бағдарындағы қатнасықларымызды және де раўажландырамыз.

Ең дәслеп, Орайлық Азия регионындағы барлық мәмлекетлер менен жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын кем-кемнен күшейтиў буннан былай да тийкарғы мақсетимиз болады.

Регионымыздың ажыралмас бөлеги, жақын қоңсымыз болған Аўғанстанда тыныш ҳәм парахат турмысты тиклеў, бул мәмлекетте экономикалық ҳәм гуманитарлық кризиске жол қоймаў ушын аўған халқына қолымыздан келген барлық жәрдемди көрсетемиз. Биз Аўғанстан менен биргеликте ири транспорт-коммуникация жойбарларын әмелге асырыўдан мәпдармыз.

Россия, Қытай, Америка Қурама Штатлары, Түркия, Ҳиндстан, Пакистан, Германия, Франция, Қубла Корея, Япония, Бирлескен Араб Әмирликлери ҳәм дүньяның барлық регионларындағы шериклеримиз бенен өз-ара пайдалы ҳәм көп қырлы байланысларды кеңейтиўге айрықша итибар беремиз.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми ҳәм оның қәнигелескен структуралары, Парламентлераралық аўқам, халықаралық қаржы институтлары ҳәм регионаллық шөлкемлер, атап айтқанда, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, Түркий Кеңес, Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми менен көп тәреплеме қатнасықларды жаңа, әмелий мәнис-мазмун менен байытамыз.

Биз ­ дүньяға, дүнья ­ бизге ашық болыўы керек. Бүгинги турмыс, бүгинги раўажланыўдың талабы да негизинде усы. Биз мине усы шешиўши принципти әлбетте турмысымыз қағыйдасына айландырамыз.

Әзиз ҳәм қәдирли ўатанласларым!

Биз өткен бес жыл даўамында, оғада қыйын ҳәм қурамалы сынақлар дәўиринде үлкен тәжирийбе арттырдық. Қаншелли аўыр болмасын, шекти бәлент алып жасаў ҳәм ислеўге үйрендик. Тәбийғый түрде, шекти үлкен алған халықтың қәдемлери де, ерисетуғын нәтийжелери де салмақлы болады.

Миллий раўажланыў жолында арттырған тәжирийбемизден келип шығып, Жаңа Өзбекстан раўажланыў стратегиясында барлық тараў ҳәм тармақлар, регион ҳәм аймақлар, атап айтқанда, ҳәр бир мәҳәлле бойынша өз алдымызға және де жоқары ўазыйпалар қоймақтамыз.

Ҳәммемиз көрип турмыз ­ бүгин заман оғада тез, шексиз кескинлик пенен өзгермекте. Соның ушын биз реформаларымыздың пәтин ҳасла төменлетпестен, тек алдыға барыўымыз, ҳәр бир саат, ҳәр бир күннен өнимли пайдаланыўымыз керек. Себеби, Баҳаўддин Нақшбанд ҳәзиретлери айтқанындай, «Ким ўақтын зая өткерсе, ўақыт оның душпанына айланады».

Мине усы дана ҳикметти ҳеш қашан умытпаўымыз керек.

Мине усы жуўапкерли демлерде бир пикирди айрықша атап өтиўди қәлер едим: Президент сыпатында мен мәмлекетимиздиң тынышлығы, ел-журт абаданлығы, Ўатанның раўажланыўы жолында пүткил барлығымды бағышлап, халқыма садықлық пенен хызмет етиўди өмиримниң мәнис-мазмуны деп билемен. Мен ушын буннан басқа жоқары мақсет, бахыт-ығбал жоқ.

Сиз, қәдирли ўатанласларымның шын жүректен қоллап-қуўатлаўыңыз, нураний ата-аналарымыздың дуўалары, әзиз жасларымыздың исеними маған үлкен күш-ғайрат береди. Сонлықтан сизлер менен, халқымыз бенен бирге мийнет етиўден ҳеш қашан шаршамайман.

Сөзимниң соңында қәлбимде, жүрегимде болған ийгиликли тилеклеримди билдирип, айтпақшыман.

Әзиз ҳәм әдиўли Ўатанымыз ҳәмийше аман болсын!

Халқымыздың бахыт-ығбалын, әўметин берсин!

Бәршемизге беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт, жаңа жеңис ҳәм табыслар яр болсын!

Уллы ҳәм пәк нийетлеримизди әмелге асырыўда Жаратқанның өзи мәдаткар болсын!

Итибарыңыз ушын рахмет.