Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 5-ноябрь күни Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳом Алиев пенен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиў алдынан Әзербайжан Президенти мәмлекетимиз басшысын мәмлекетимизде өткен Президент сайлаўында исенимли жеңиске ерискени менен қызғын қутлықлап, Өзбекстан халқының абаданлығы ҳәм раўажланыўын тәмийинлеў бағдарындағы жумысына үлкен табыслар тиледи.

Өзбекстан жетекшиси, өз гезегинде, Әзербайжан басшысы ҳәм дос халқын жақынласып киятырған миллий байрам – Жеңис күни менен қызғын қутлықлап, тынышлық-парахатшылық ҳәм турақлы раўажланыў тилеклерин билдирди.

Өзбекстан – Әзербайжан стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеў ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.

Жетекшилер өз-ара саўда көрсеткишлери турақлы пәт пенен өсип атырғаны, экономиканың  түрли тармақларында биргеликте жойбарлар санының артып атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Усы жылы Хожиқабул қаласында автомобильлер ислеп шығарыў жолға қойылғаны, аўыл хожалығы ҳәм пиллешиликте әмелге асырылып атырған биргеликтеги жойбарлар табыслы кооперацияға мысал екени атап өтилди.

Келеси айда Баку қаласында Өзбекстанның миллий санаат көргизбеси өткериледи. Ҳүкиметлераралық комиссия ҳәм Исбилерменлер кеңесиниң гезектеги мәжилислерине таярлық көрилмекте.

Транспорт-коммуникация тараўындағы бирге ислесиў, соның ишинде, пайтахтлар арасындағы авиақатнаўларды тиклеў мәселелери көрип шығылды.

Өзбекстан ҳәм Әзербайжан аймағында биргеликтеги мәдений-гуманитарлық илажларды турақлы өткерип турыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Президентлер регионаллық бирге ислесиўдиң ең әҳмийетли тәреплери, соның ишинде, Түркий кеңестиң болажақ саммити күн тәртиби бойынша пикир алысты. Жоқары дәрежедеги ушырасыўлардың режеси көрип шығылды.

 

ӨзА