Президентликке сайланған Шавкат Мирзиёевтиң инаугурация мәресими 6-ноябрь күни болып өтиўи режелестирилген, деп хабар бермекте Интерфакс.

Мәлим етиўинше, инаугурация Ташкентте Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаттың қоспа мәжилисинде болып өтеди.

Хабарда айтылыўынша, сайланған президент бир ўақыттың өзинде қолын Конституция ҳәм Қуранға қойып ант бериўи керек болады. Ант қабыл етилгеннен кейин Президентке усы жылы октябрь айында шөлкемлестирилген президентлик ҳәкимиятының өзине тән белгилери – көкирек белгиси ҳәм байрағы да тапсырылады.

Мағлыўмат ушын, усы жыл 24-октябрь күни өткерилген Өзбекстан Президенти сайлаўының нәтийжелерине бола, ӨзЛиДеП талабаны Шавкат Мирзиёев 80,1 процент даўыс пенен жеңиске ерискен.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги