Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 2-ноябрь күни халықты турақ жай менен тәмийинлеў ҳәм жасыл майданларды кеңейтиў илажларын додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Бул еки мәселе де Шавкат Мирзиёевтиң сайлаўалды бағдарламасында белгиленген әҳмийетли ўазыйпалардан. Халық пенен ушырасыўларда мәмлекетимиз басшысы инсан қәдирин улығлаў, мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў тийкарғы мақсет болатуғынын айтқан еди. Булардың бас факторы болса, бәринен бурын, жайлы болыў, абат ҳәм берекетли жасаў болып есапланады.

Кейинги жыллары елимизде ипотека бағдарламалары шеңберинде 140 мыңнан артық квартиралы  турақ жайлар қурылды. Бул оннан алдыңғы жылларға қарағанда 10 мәртеден де көп.

Соның менен бирге, бул жумысларды даўам еттириў зәрүр. Елимизде ҳәр жылы 300 мыңға шамалас некелер дизимге алынбақта. Келеси бес жылда халық санының 38 миллионға жетиўи күтилмекте.

Турақ жайлар қурылысының көлеми соған муўапық кеңейтип барылады. Ҳәр бир аймақта қурылатуғын «Жаңа Өзбекстан» массивлери онда әҳмийетли орын ийелейди. Келеси бес жылда оларда 250 мыңнан аслам шаңарақ жай менен тәмийинленеди.

Мәжилисте усы бағдардағы дөретиўшилик жумысларының шөлкемлестириўшилик, финанслық тәреплери додаланды.

Президентимиз «Жаңа Өзбекстан» массивлериниң комплексли раўажланыў принципи тийкарында қурылыўы керек екенлигин атап өтти. Яғный, ҳәр бир массивте санаат жойбарлары, хызмет көрсетиў объектлери ҳәм социаллық инфраструктура бир ўақытта қурылады. Ол жерде адамлар ҳәм жайлы, ҳәм жумыслы болады. Келеси жылы Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда 40 сондай заманагөй массив қурыў мөлшерленген.

– Бағдад районындағы жаңа массивти көрдиңиз. Жойбар таяр, енди тәжирийбе де бар. Тек ғана бул жойбарды ҳәр бир аймаққа бейимлестириў керек. Ашық таңлаў өткериў жүдә әҳмийетли. Ашық-айдынлық болса, сапа болады, халық алдында жүзиңиз жарқын болады,-деди Президент жуўапкерлерге.

Қурылыс министрлигине ўәлаят ҳәкимлери менен бирге ҳәр бир аймақта жер майданларын анықлап, олардың бас режесин ислеп шығыў бойынша тапсырмалар берилди.

«Жаңа Өзбекстан» массивлерин қурыў ушын келеси жылы 15 триллион сум ажыратылатуғыны белгиленди. Бул қаржы ипотека кредитин бериў ушын банклерге қаратылады. Қурылыс инвесторлар есабынан әмелге асырылады.

Мәмлекетимиз басшысы жәрдемге мүтәж шаңарақларға жәрдемлесиў, басланғыш төлем ҳәм процентлер бойынша субсидия бериў зәрүр екенлигин атап өтти.

Келеси жылы жаңа массивлерде қурылатуғын турақ жайлардың мыңы жәрдемге мүтәж шаңарақлар ҳәм жалғыз ҳаяллар ушын мәмлекет тәрепинен сатып алынады. Оның ушын қурылыс шөлкемлерине 220 миллиард сум алдыннан өткерип бериледи.

Ҳәзирги күнде турақ жайлардың квадрат метриниң баҳасы орташа 4 миллион 500 мың сумды қурамақта. Мәжилисте жаңа массивлердеги баҳаны усы муғдарда сақлап қалыў ўазыйпасы қойылды. Усы мақсетте жаңа массивлерди ишки ҳәм сыртқы инфраструктура менен тәмийинлеўге бюджеттен ҳәр жылы  1 триллион сум ажыратылатуғыны белгиленди.

Келеси жылдан цемент ислеп шығарыўшылардан пайда салығы 20 проценттен 15 процентке шекем, жер астынан пайдаланғаны ушын салық 2 есеге азайтылмақта. Сондай-ақ, цемент импорты ушын жеңилликлер мүддети және бир жылға создырылады. Олар да турақ жайлар баҳасының сезилерли түсиўине себеп болады.

Мәжилисте «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарын әмелге асырыў илажлары да көрип шығылды. Бул жойбар шеңберинде жылына 200 миллион түп терек ҳәм пута нәллерин егиў, сол арқалы қалалардағы жасыл майданларды ҳәзирги 8 проценттен 30 процентке арттырыў режелестирилген.

– Сонша жылларда «қағазда» егилген тереклерди есапласа, Өзбекстанда бос орын қалмаўы керек еди. Система, қаралмағаны ушын егилгениниң де көбиси қуўрап кетти. Ҳәзирги ҳәм келешектеги экологиялық жағдайды есапқа алып, терек егиўди мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерип атырмыз. Соның ушын бул улыўма миллий жойбарды пуқта таярлық пенен, ақшасы, ийеси, суўғарыў системасы менен әмелге асырыў керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Соның ушын, биринши гезекте, бар ҳәм жаңадан қурылатуғын жасыл майданларға район ямаса қала ҳәкиминиң қарары менен жуўапкер белгиленетуғын болды. Олар тереклерди тәрбиялаў менен бирге, бул аймақты абат сақлаўға да жуўап береди.

Абаданластырыў бөлимлери арнаўлы техника менен тәмийинленеди, зәрүр орынларда суўғарыў тармақлары қурылады. Экология, терек егиў ҳәм тәрбиялаў мәселелерине ҳәкимлердиң қурылыс бойынша орынбасарлары жуўапкер болады.

Мәмлекетимиз басшысы бул саўаплы жумыста ҳәр бир шөлкем, ҳәр бир пуқара өз орнын табыўы керек екенлигин атап өтти.

Көп қабатлы турақ жайларға тутас аймақлар турақ жай мүлк ийелерине жасыл майданлар қурыў ушын бириктириледи ҳәм ол жерде қурылыс ислеўге руқсат берилмейди. Мәкемелер ҳәўлиси, мәҳәллелер, жол ҳәм атыз шетлерине тереклер егиледи.

Мәжилисте 10-декабрьге шекем терек егиў бойынша «әҳмийетли 40 күнлик» жәрияланды.

Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитетине ҳәкимлер менен бирге ҳәр бир аймақтың климат шараятына сай нәллерди көбейтиў ҳәм жеткерип бериў ўазыйпасы қойылды. Оның ушын комитет жанында «Жасыл аймақ» унитар кәрханасы ҳәм ҳәр бир ўәлаятта оның филиаллары шөлкемлестирилетуғын болды.

Тараўдағы жумысларда экология комитетиниң орны атап өтилип, оның структурасы, ўәкиллик ҳәм ўазыйпаларын қайта көрип шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте суўғарыў системасын жаңалаў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Ҳәкимлерге ирригация тармақларын қурыў, қудықлар қаздырыў ҳәм тамшылатып суўғарыў системасын енгизиў бойынша тапсырмалар берилди.

Нәлшиликти раўажландырыў, аз суў талап ететуғын терек сортларын көбейтиў илажлары да белгиленди.

 

ӨзА