Президент пәрманына муўапық Өзбекстан Республикасының Тәжикстандағы Айрықша ҳәм Толық ҳуқықлы елшиси Эргаш Раҳматуллаевич Шаисматов «Дўстлик» ордени менен сыйлықланды.

Бул ҳаққында президенттиң баспасөз хаткери Шерзод Асадов хабар берди.

Дипломатқа «сыйлық мәмлекетлик басқарыў уйымларындағы көп жыллық жемисли мийнети, Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасындағы стратегиялық шерикликти ҳәр тәреплеме тереңлестириў, көп қырлы ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиў байланысларын жаңа басқышқа көтериў жолындағы нәтийжели жумысы, өзбек ҳәм тәжик халықлары арасындағы дослық ҳәм аўызбиршилик байланысларын буннан былай да беккемлеўге қосып атырған салмақлы үлеси ушын» берилгени мәлим етилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги