Бул ҳаққында Венгрияның бас министри Виктор Орбан жоллаған қутлықлаў хатында мәлим етилди, деп хабар береди xs.uz.

«Келеси жылы Будапештте рәсмий сапар шеңберинде Президент Мырза менен жеке ушырасыўдан үмит етемен ҳәм бул сапар етиў қатнасықларымызды беккемлеў ушын және бир имканият болатуғынына исенемен», – делинеди оның Шавкат Мирзиёевқа Президент сайлаўында жеңиске ерискени мүнәсибети менен жоллаған қутлықлаўында.

Быйылғы жылдың март айының ақырында Виктор Орбан Өзбекстанға рәсмий сапар менен келген еди.

Сөйлесиўлердиң жуўмағында Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм бас министр  Виктор Орбан еки мәмлекет арасында стратегиялық шериклик ҳаққындағы биргеликтеги декларацияға қол қойды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги